1-tema: Kirisiw. Yarımótkizgishli material haqqında túsinik hám olardıń dúzilisi. Ótkeriw túrleri (Na’zeriy) Энергетик зоналар
Download 465.74 Kb.
|
elektronika lek
- Bu sahifa navigatsiya:
- Туннель диодлары Туннель диоды
- Генератор диодлар Генератор диодларынан бири болып кўчкили–учма диодлар (КУД)
Варикаплар
Варикап электр жәрдеминде басқарылатуғын сыйымлық сыпатында қолланыўға арналған. Варикаптың ислеў принципи электр өтиў тосық сыйымлығының тескери кернеўлигине байланыслығына тийкарланған. Варикаплар тийкарынан тербелмели контурлардың частотасын электрон қайта дүзетиўде қолланылады. Варикаплардың бир неше түри бар. Мысалы, параметрик диодлар жүдә жоқары частота сигналларын күшейтиргиш ҳәм генерациялаўда, көбейтириўши диодлар болса кең частота диапазонына ийе болған көбетиргишлерде қолланылады. Туннель диодлары Туннель диоды деп қозғатылған ярым өткизгиш тийкарында проектленген ярым өткизгишли әсбапқа айтилады. Онда тескери ҳәм онша үлкен болмаған туўры кернеўликте туннель эффекти жүзеге келеди ҳәм вольт–ампер характеристикада терис дифференциал қарсылыққа ийе болған тараў пайда болады. Туннель диодлар басқа түрдеги диодлардан сезилерли айырмашылық қылмайды, лекин оларды жасаў ушын 1020 см-3 киритпеге ийе болған ярым өткизгишли материаллар қолланылады. ВАХ сызықлы емес болса, оның ҳәр бир кишкене тараўы туўры сызық деп қаралады ҳәм характеристиканың бул точкасында дифференциал қарсылық киритиледи. Егер характеристика кемейиўши болса, бул тараўда қарсылық Ri терис мәниске ийе болады. Туннель диоды ВАХ 3.2–сүўретте келтирилген. АВ тараў терис дифференциал қарсылық пенен характерленеди. Егер туннель диоды тербелмели контур электр шынжырына жалғанса, ол жағдайда контур ҳәм сол шынжырдағы терис қарсылық үлкенлиги ортасындағы белгили салсытырыўларда тербелислер күшейиўи ямаса генерацияланыўы мүмкин. Туннель диодлары тийкарынан 3-30 ГГц диапазонда ЖЖЧ (ЎЮЧ) генераторлар қурыўда, ҳәмде арнаўлы есап қурылмалары ҳәм логик жүдә жоқары тезликте ислейтуғын схемаларда қолланылады. 3.2 - сүўрет Генератор диодлар Генератор диодларынан бири болып кўчкили–учма диодлар (КУД) есапланады. Оның ВАХсында р-n өтиўдеги көшки сыяқлы тесилиўдеги жоқары частоталарда терис қарсылыққа ийе болған тараў жүзеге келеди. Егер КУД резонаторға жайластырылса, онда частотасы 100 ГГцге ке дейин болған сөнбейтуғын тербелислер жүзеге келеди. Тербелислердиң шығыў қуўаты (f=1 ГГц болғанда) 10 Вт қа дейин жетиўи мүмкин. КУДтың ФИК 30-50 % ке жетеди. Генератор диодының және бир түри болып Ганн диоды есапланады, ол узынлығы 10-2-10-3 смден иборат (р-n өтиўсиз) болған бир жыныслы ярым өткизгиш пластинка көринисинде болады. Пластинканың қаптал тәреплерине катод ҳәм анод деп аталыўшы металл контактлер сүртиледи. Ганн диодларын жасаў ушын n-түрдеги өткизиўшеңликке ийе болған интерметалл бирлеспелер - GaAs, InSb, InAs ҳәм InPлар қолланылады. Диод тербелмели контурға жайластырылады. Контактлерге өзгермес кернеўлик берилгенде Ганн диодында кернеўлилиги 3∙103 В/см болған электр майдан пайда ететуғын частотасы 60 ГГц болған электр тербелислер жүзеге шығады. Тербелислер қуўаты 10–15 Вт қа жетиўи мүмкин, ФИК болса 10-12 % ке жетеди. Download 465.74 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling