1-tema: Kirisiw. Yarımótkizgishli material haqqında túsinik hám olardıń dúzilisi. Ótkeriw túrleri (Na’zeriy) Энергетик зоналар


Download 465.74 Kb.
bet8/20
Sana07.03.2023
Hajmi465.74 Kb.
#1246649
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   20
Bog'liq
elektronika lek

4-tema: Yarımótkizgishli diodlar. Olardıń klassifikaciyası (Na’zeriy)
Диод деп тийкарғыинде бир ямаса бир неше электр өтиўлер ҳәм сыртқы шынжырға жалғаныў ушын еки шығыўға ийе болған электр өзгерткиш әсбабына айтылады. Ярым өткизгишли диодлар мағлуматнамаларда радиоэлектрон аппаратураларда қолланылыў тараўлары ямаса ўазыйпасына көре классларға бөлинеди.
Стабилитронлар
Стабилитрон - ярым өткизгишли диод болып, оның ислеў принципи р-n өтиўге тескери кернеўлик берилгенде электр тесилиў тараўында токтың кескин артыўы кернеўликтиң онша үлкен болмаған өзгериўине алып келиўине тийкарланған. Стабилитронның шәртли белгиси 3.1.б–сүўретте келтирилген. Стабилитрон схемаларда кернеўликти барқарорлаш ушын ислетиледи.
Стабилитронның тийкарғы параметри болып, токтың IСТ.min нан IСТ.max ға шекем кең өзгерис аралығында барқарорлаш кернеўлилиги UСТ есапланады (3.1 а- сүўрет).
Стабилитрон ВАХ сындағы исши тараў электр тесилиў тараўында жайласады. Барқарорлаш кернеўлиги диод базасындағы киритма концентрациясы менен анықланатуғын р-n өтиўге байланыслы. Егер жоқары концентрацияға ийе болған ярым өткизгиш қолланылса, ол жағдайда р-n өтиў тар болады ҳәм туннель тесилиў күзетиледи. UСТ исш кернеўлик 3-4 В тан аспайды.
Жоқары вольтлы стабилитронлар кең р-n өтиўге ийе болыўы керек, соның ушын олар күшсиз легирленген кремний тийкарында жасалады. Оларда көшки сыяқлы тесилиў пайда болады, барқарорлаш кернеўлиги болса 7 В тан аспайды. UСТ 3 тен 7 В ға дейин болған оралықта тесилиўдиң еки механизми ислейди. Санаатда барқарорлаш кернеўлиги 3 тен 400 В ға дейин болған стабилитронлар ислеп шығарылады.



3.1 - сүўрет


Стабилитронның электр тесилиў тараўындағы дифференциал қарсылығы rД барқарорлаш дәрежесин характерлейди. Бул қарсылық мәниси диодтағы кишкене кернеўлик өзгериўи мәнисиниң диод токи өзгериўине қатнасы менен анықланады (3.1 а- сүўрет). rД мәниси қанша кишкене болса, барқарорлаш сонша жақсы болады.

Стабилитронның тийкарғы параметри болып барқарорлаш кернеўлигиниң температура коэффициенти (КТК) есапланады. КТК–бул температура бир градусқа өзгергенде барқарорлаш кернеўлигиниң салыстырмалы өзгериўи. Көшки сыяқлы тесилиў күзетилгенде кишкене вольтлы стабилитронлар тийкарғыинде оң КТКға ийе. КТК мәниси тийкарғыинде 0,2 -0,4 % /град тан аспайды.

Download 465.74 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling