1-tema: Kirisiw. Yarımótkizgishli material haqqında túsinik hám olardıń dúzilisi. Ótkeriw túrleri (Na’zeriy) Энергетик зоналар


Download 465.74 Kb.
bet11/20
Sana07.03.2023
Hajmi465.74 Kb.
#1246649
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   20
Bog'liq
elektronika lek

Жақтылық диоды – бул электр энергиясын нокогерент жақтылық нурына айлантыратуғын, бир ғана р-n өтиўге ийе болған ярым өткизгишли әсбап. Жақтылық нуры электрон – ковак жуплықларының рекомбинациясы нәтийжесинде пайда болады. Рекомбинация, р-n өтиў туўры жалғанғанда күзетиледи. Рекомбинация барлық ўақытта ҳәм нурлатыўшы болабермейди ҳәм туўры зоналы ярым өткизгишлерде, мәселен геллий арсенидинде пайда болады. Бундай ярым өткизгишлер специфик хона диаграммасына ийе болады.
Нурланып атырған жақтылық толқын узынлығы квант энергиясы менен анықланады. Ол болса нурланыўшы рекомбинацияда ярым өткизгиштиң қадаған етилген зона кеңлигине дерлик тең болады. Галлий арсенидинен таярланған жақтылық диодлари ушын = 0,9-1,4 мкм. Қызыл, сары ҳәм жасыл рең нурлатыўшы диодлар галлий фосфаты, сыярең нурлатыўшы диодлар болса– кремний карбиди тийкарында жасалады ҳәм т.б.
Жақтылық диодиның энергетик характеристикасы болып квант шығыў (эффективлиги) есапланады. ОЛ шынжыр бойлап өтип атырған ҳәр бир электронға жақтылық диоды шығыўында қанша жақтылық кванты туўры келиўин көрсетеди. Заманагөй жақтылық диодлары ушын квант шығыўы 0,01-0,04 ти, еки ҳәм үш ярым өткизгишли бирикпелерден жасалған гетероөтиўши жақтылық диодларында болса бирқанша үлкен (0,3 ге шекем) болады. Лекин барлық ўақыт бирден кишкене болады. Вольт–ампер характеристикасы әпиўайы диод сыяқлы экспоненциал байланыс пене анықланады. Жақтылық диоды 10-7-10-9 с та қайта жалғанады, яғный жоқары тезликте ислеўши жақтылық дереги есапланады.
Жақтылық диодлари оптик алоқа линиялари, индикатор қурилмалар, оптопаралар ва х.з.ларда қўлланилади.
Оптоэлектрон жуплық, ямаса оптопара, конструктив тәрептен оптик орталықта байланысқан жақтылық нурлатуўшы ҳәм фото қабыл қылғыштан қуралған. Жақтылық нурлатыўшы ҳәм фото қабыл қылғыш арасындағы туўры оптик байланыс барлық түрдеги электр байланысларын бартараф етеди.
Оптронлар
Кириў электр сигналы тәсиринде жақтылық диоды жақтылық нурлатады, фото қабыл қылғыш (фотодиод, фоторезистор ҳәм т.б.) болса жақтылық тәсиринде ток генерациялайды.

а) б) в) г)
3.4-сүўрет.
3.4- сүўретте жақтылық диоды ҳәм фотодиод (а), фототранзистор (б), фототиристор (в), фоторезистор (г) дан қуралған оптопаралар келтирилген. Оптопаралар цифрлы ҳәм импульс қурылмалар, аналог сигналларын узатыў қурылмалары, жоқары вольтлы дереклерди контактсыз басқарыў автоматик системалары ҳәм басқалардан ажыратыўшы элемент сыпатында қолланылады.

Download 465.74 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   20




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling