2-tema: Elektron-tesik ótiw túsinigi. P- N ótiwdi tuwrı hám keri jalǵaw.
Р-n өтиўдиң туўры жалғаныўы (Na’zeriy)
Егер р-n өтиўге сыртқы кернеўлик дереги U жалғанса, ол жағдайда тең салмақлық шәрти бузылады ҳәм ток ағып өте баслайды. Егер кернеўлик деректиң оң полюси р-түрдеги тараўға, терис полюс болса n-түрдеги тараўға жалғанса, бундай жалғаныў туўры жалғаныў деп аталады (2.2 - сүўрет).
2.2 – сүўрет.
Кернеўлик дерегиниң электр майданы контакт майдан тәрепке бағытланған болады, сол себепли р-n өтиўдеги нәтийжели майдан кернеўлилиги азаяды. Майдан кернеўлилигиниң азайыўы потенциал тосық бийиклигин кернеўлик дереги мәнисиниң азайыўына алып келеди: UK = U0. Бул ўақытда р-n өтиў кеңлиги ҳәм азайыўын көриў қыйын емес.
Потенциал тосық бийиклигиниң азайыўы усыған алып келеди, р-n өтиў орқали ҳәрекетленип атырған тийкарғы заряд тасыўшылардың саны ҳәм артады, яғный диффузия токи артады. Ҳәр бир тараўда артықша тийкар болмаған заряд тасы.шылар концентрациясы жүзеге шығады – n-тараўда коваклар, р-тараўда электронлар. Қандайда бир ярым өткизгиш тараўына тийкар болмаған заряд тасыўшыларды қысып киритиў процесси инжекция деп аталады.
Кернеўлик өзгериўи менен диффузия токының өзгериўи экспоненциал нызам тийкарында жүз береди:
(2.1)
бул жерде I0 – дрейф токи болып, оны р-n өтиўдиң кери токи деп ҳәм айтады.
Туўры кернеўлик берилгенде потенциал тосық бийиклигине кери ток тәсир көрсетпейди, соның ушын бул ток тек ғана р-n өтиў арқалы бирлик ўақыт ишинде тәртипсиз ыссылық ҳәрекети арақалы алып өтилип атырған тийкары болмаған заряд тасыўшылардың саны менен белгиленеди. Диффузия ҳәм дрейф токлары бир-бирине салыстырмалы қарама-қарсы бағытланған болады, сол себепли р-n өтиў арқалы ағып өтип атырған нәтийжели (тўғри) ток (2.1) ден келип шыққан ҳалда
. (2.2)
I0 токи германийли р-n өтиўлерде онлап мкА ямаса кремнийли р-n өтиўлерде наноамперлерди қурайды ҳәм температура артыўы менен күшли түрде ток ҳәм артады. Лекин I0 мәнисиндеги үлкен айырмашылық қадаған етилген зона кеңлиги менен анықланады.
Do'stlaringiz bilan baham: |