Заряд тасыўшылар ҳәрекетшеңлиги. Заряд тасыўшылардың ҳәрекетшеңлиги - бул электр майдон кернеўлиги =1 В/см болғандағы ярым өткизгишдеги заряд тасыўшылардың орташа бағдарланған тезлиги. Электронлар ҳәрекетшеңлиги барлық коваклар ҳәрекетшеңлиги ден жоқары болады. Буннан тысқары зарядлар ҳәрекетшеңлиги ярым өткизгиш түрине ҳәм байланыслы болады. Солай етип, кремнийдеги электронлар ҳәрекетшеңлиги =1500 см2/(Вс), германийде = см2/(Вс), галлий арсенидинде = см2/(Вс).
Егер ярым өткизгиште электр майданы пайда етилсе, ол жағдайда еркин заряд тасыўшылар жылжыўы жүзеге келеди. Бундай жылжыў дрейф ҳәрекети деп аталады. Дрейф тезлиги электр майдан кернеўлиги ге пропорционал болады
(1.2)
Электрон ҳәм коваклар дрейф тоғының нәтийжели тығызлығы
(1.3)
Диффузия коэффициенти. Ярым өткизгиште электр тоғы пайда болыўына тек ғана электр майдоны емес, балки ҳәрекетшең заряд тасы.шылар градиенти ҳәм себеп болады. Ярым өткизгиш көлеминде тең бөлистирилген еркин заряд тасыўылар ҳәрекетиниң бағдары диффузия ҳәрекети деп аталады.
Электрон ҳәм ковак диффузия токларының тығызлығы төмендегиге тең
(1.4)
бул жерде q – электрон (ковак) заряды, Dn и Dp – мос рәўиште электрон ҳәм ковак диффузия коэффициентлери, dn/dx и dp/dx – мос рәўиште электрон ҳәм ковак концентрация грандиентлери.
Дрейф ҳәм диффузия ҳәрекети параметрлери өз-ара Эйнштейн нисбати мене байланысқан
(1.5)
(1.4) аңлатпадағы-пропорционаллық коэффициентлери потенциал өлшем бирлигине тең (вольт) ҳәм ыссылық потенциалы деп аталады. Хана температурасында (Т=300 К) = 0,026 В = 26мВ.
Жасаў ўақты . Заряд тасыўшылардың жасаў ўақты дегенде оның генерациясынан рекомбинациясына шекем болған ўақыт түсиниледи. Ярым өткизгиштиң бул параметри ярым өткизгиштиң әсбапларын (биполяр транзисторлардағи база кеңлиги, майданы транзисторларда канал узынлыгы) конструкциялаўда үлкен әҳмийетке ийе. Жасаў ўақтында заряд тасыўшының диффузия ҳәрекети нәтийжесинде диффузия узынлығы деп аталыўшы, орташа аралығы белгили Lге тең болған аралықты басып өтеди.
Do'stlaringiz bilan baham: |