16-multidisciplinary online distance conference on "scientific and practical research in uzbekistan" part-14
Download 1.1 Mb. Pdf ko'rish
|
2.Falsafa va xayot soxasidagi karashlar
- Bu sahifa navigatsiya:
- Таяныш созлер
2
Июнь 17 АТА-АНАЛАРДЫҢ БАЛАЛАРЫНА МУҲАББАТЫН БИЛДИРИУ УСЫЛЛАРЫ Жолдасбаев Аралбай Дәўлетбаевич Қарақалпақстан республикасы Шымбай районы 33-санлы мектеп әмелиятшы психологи Телефон: +998 ( 94) 141 43 49 Аннотация: Мақалада ҳәзирги ўақыттағы глобал машқалалардың бири ата-ана ҳәм бала ортасындағы қарым қатнастың кескин өзгерип кеткени ҳаққында сөз барады. Ата- аналарымыз балаларына болған мунасибетте абайлық пенен қатнас жасауы тийис. Себеби балалар бизиң ертеңги келешегимиз. Таяныш созлер : Ата-ана, бала, перзент, меҳр, итибар, сезим, муҳаббат, жаксы көриу, марапат. Барлық ата-ана балаларын жақсы көреди, әлбетте. «Ғарға баласын әппағым десе, кир- питикен баласын мамығым дейди.» Қулласы, ҳәркимниң зүряды өзине – айдай көринер көзине. Кимдур баласын қатты жақсы көреди ҳәм барлық еркеликлерин көтериўге таяр ту- рады, кимдур керисинше өз сезимлерине оғада беккем болады – жақсы көрип атырғанын билдиргиси келмейди. Ҳақыйқатында ата-аналық муҳаббатын дәлиллеў ушын балаға түрли-түрли ойыншықлар әпере бериў шәрт емес. Тийкарғысы – балаға шын жүректен қатнас жасаў. Балаңызға муҳаббатыңызды ҳәм жағымлы сезимиңизди билдирип турсаңыз – сол жеткиликли. Демек төменде келтирилген әпиўайы кеңеслеримиз айырым журнал оқыўшыларына аз да болса көмегин тийгизип қалар, деп ойлаймыз. 1. Балаңызға көбирек ўақыт ажыратың. Билип қойың, ол сизди дыққатыңыз ҳәм ғамхорлығыңыз ушын жақсы көреди. 2. Мүмкиншилиги барынша дәстүрхан басында биргеликте аўқатланың: азанда, түсте, кеште. 3. Ҳәтте егер сизге балаңыз әҳмийетсиз бирдеңе айтып атырғандай туйылса да, бәрибир оны дыққат пенен тыңла (саған әҳмийетсиз көрингени менен балаға оғада әҳмийетли). 4. Балаңа бәрқулла оған исенетуғыныңды ҳәм оның менен мақтанатуғыныңды қайталап айта бер. 5. Балаңа доқ көрсетпестен алдын, оның айтып атырғанларына жақсылап қулақ түрип ал. Бәлким, сиз наҳақ шығарсыз, сонлықтан ол өзин ақлап атырғандур. 6. Мудамы балаңның марапатын бер. Себебин айтып мақта. 7. Бир-бириңиз бенен ашық ҳәм ҳадал болың. 8. Көп ўақытыңызды бирге өткериң. Паркке барың, дүкән аралаң, музқаймақ сататуғын орынларға қыдырың. 9. Балаң бирдеңе айтпақшы болса, аўзын қақпайлама, өзиңди басқа жаққа алып қашпа. 10. Балаңның тек нәтийжелери менен емес, ал умтылыслары менен де мақтаның. 11. Өткен күнди талқылаң: «бүгин бақшада не иследиң, не үйрендиң?» дегендей. 12. Тез-тезден қушақлап, бетлеринен сүй. Азанда уйқыдан турғанда аймалап, еркелетиң – балаңыздың кейпияты күни бойы көтериңки болады. 13. Бәрҳа балаңызға «өтиниш», «рахмет» деп айтып үйрениң – бул оның жақсы минез- қулықлы болыўында пайдасы зор. 14. Үлкен шешимлерди қабыл етерде, балаңыздан қандай пикирде екенлигин сораң. Мәселен, «Қандай машын алайық?», «Қайерге қыдырамыз?», «Сениң бөлмеңди қандай реңге бояйық?» ҳәм т.б. 15. Балаңызға өзиңиздиң балалық ўақытыңыздағы ўақыяларды ҳәм бала ўақтыңызда қандай болғаныңызды айтып бериң – бул оның ушын қызық. 16. Балаңыз бенен көбирек ойнаң. 17. Гейде балалығыңызға қайтың. Балаңыз бенен көпшик атысып ойнаң, бир-бириңизге |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling