Август 2020 8-қисм


Download 1.81 Mb.
Pdf ko'rish
bet8/87
Sana13.04.2023
Hajmi1.81 Mb.
#1352207
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   87
Bog'liq
8.Adabiyot 1 qism

Август 2020 8-қисм
Тошкент
ЛИРИКАЛЫҚ ШЫҒАРМАДА ТҮСТИҢ КОМПОЗИЦИЯЛЫҚ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ
Тлеуниязова Г.
Өз РИА Қарақалпақстан бөлими 
Қарақалпақ гуманитар илимлер 
илим-изертлеў институты киши илимий хызметкери
+99893 360 83 29
Аннотация: Мақалада лирикалық шығарманың композициясында түстиң атқаратуғын 
көркем ўазыйпалары сөз етилген.
Таяныш сөзлер: лирикалық композиция, түс, ишки композиция, мотив, ўақыт, кеңислик.
Шығарма композициясында түс үлкен әҳмийетке ийе. Эпикалық, драмалық шығармаларда 
түс арқалы шығарма композициясында ўақыяның басланыўы, раўажланыўы, шыңы 
яки шешими берилиўи мүмкин. Ал, лирикалық шығармаларда түс мотиви көбинесе 
лирикалық қаҳарманның кеширмелери, руўҳый ҳалатын күшейтип бериўде қолланылады. 
Түс лирикалық қаҳарманның психологиялық минезлемеси ҳәм шығарманың идеялық маз-
мунын жеткерип бериўде қоланылады. Ю.М. Лотман түсти таза түрде белги, себеби адам 
түстиң көринис екенлигин биледи, оның бир мәниси бар екенлигин биледи, бирақ қандай 
екенлигин билмейтуғынын, усы мәнини табыў кереклигин айтады [1, 121]. Бир қарағанда 
лирикалық шығарма қурылысына байланыспай турғандай ҳәм логикалылыққа ийе еме-
стей сезилип туратуғын түсти қолланыў арқалы тийкарғы пикирге дыққатты бағдарлайды. 
Б.Генжемуратовтың “Еле көп отларға түсерсең, улым” дүркиминдеги биринши қосық 
“Түсимде жолбарыс шапты маған” деп басланады. Бары-жоғы төрт шуўмақтан ибарат 
қосықта кишигирим сюжет арқалы түс мазмуны жарытылады. Лирикалық қаҳарманның 
түсинде жолбарыс шапқанын, ал оны атпақшы болып турып, ойланып, аспандағы айды 
атқанын, бирақ оқтың айға да, жолбарысқа тийгенлигине ҳайранлығын сүўретлейди. 
Қосық мазмунында аңласылған ой-пикир реал өмирдеги шынлыққа туўры келмейди. 
Қ.Оразымбетов шайырдың усы қосығын анализлей отырып: “көркем шынлық барлық 
ўақытта мантықлы шынлық пенен сәйкес келе бериўи шәрт емес. Буның менен оның реал 
турмысқа жақынлығы кемип қалмайды...” деп айта келип, шығармадагы логикасызлықты 
“бизиң санамыздан, өмирди бар ҳалында қабыллаўымыздан тысқары ҳақыйқатлық” [3, 33] 
сыпатында түсиндиреди. 
“Әдебий түстиң ўазыйпаларының бири қаҳарманның өзин сырттан көре алыўшылығы: 
түсте қаҳарманның ишки дүньясы, руўхый тәжирийбеси материалласады, жүзеге шығады 
ҳәм қаҳарман бир ўақыттың өзинде түс көриўдиң ҳәм объекти ҳәм субъекти болып еса-
планады” [2, 224]. Түсте инсанның сана асты дүньясы жүзеге шығады. Ол реал өмир 
сәйкес емес. Сонлықтан, ата-бабаларымыз ҳәр түрли символ ҳәм олардан жыйналған 
тәжирийбелерге, билимлерге тийкарланып түс жорыўларға мүрәжәт еткен. Мысалдағы 
қосықта түс арқалы берилген сананың, сана астының ҳақыйқатқа туўры келмейтуғын 
“ҳақыйқатлығын” аңлаўға ҳәрекет еткенимизде, лирикалық қаҳарманның өзин жолбары-
стан өлим табыўға сазлаўы, бирақ ол нышанға алған айдың да қоса оғына илиниўиниң 
жорылыўы – өмирде аўыр сынақларды басып өтип, оннан жеңимпаз сыпатында өз орнын 
табыў менен түсиндириўге болады. 
Шайыр қосықта жолбарыс топылыўы менен бирге айды да образлы бериў ушын 
қарақалпақ дәстаны “Қоблан”дағы Қыдырбай ғаррының жолбарысты өлтириў ушын оны 
марапатлағанда айтқан “Айға шап, шерим” деген белгили ибарасын қосық текстине ен-
дирип жибереди ҳәм бул киритпе бөлек арқалы қосықта лирикалық қаҳарманның ҳалаты 
толық түрде ашылады. Қосықта шайырдың түс мотивин қоллаўы бириншиден, лирикалық 
қаҳарманның өмириндеги қайсыдур табысын образлы сүўретлесе, екиншиден, ҳәзирги 
заманда жолбарыслардың адамлар арасына биймәлел келе алмаўы, сийрек ушырасыўы, 
айға да атқан оқтың жетип бармаўы сыяқлы логикаға туўры келмейтуғын сүўретлеўлерди 
паналаў ушын композициялық хызмет атқарған.
Әдебиятымызда реаллықтан алыс нәрселерди түс арқалы түсиндириў, жеткерип 
бериўдиң тамыры жүдә тереңде. V-VIII әсирлердеги түркий жазба естеликлериниң бири 
Орхон-Енисей жазба естеликлериниң “Ырқ битиг” жазыўы тиккелей поэзиялық тилде 


11

Download 1.81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   87




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling