Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- ЕКИ ҚУЎАНЫШ
- ДУ ФУ 25
- БУРМАЛАЎШЫҒА
БАЙЫЎЛЫҒА
Телеантеннаға қонып иңирде, Тамбасында бай-байлаған байыўлы! Көптен жоқ едиң ғой сен бул өңирде, Қайдан келдиң сен оңбаған байыўлы? Түриң убыжықтай, үкили көзиң, Дым бир зыянатсыз қуссаң-аў өзиң, Бирақ журт аўзында көп жаман сөзиң, Неден жаманатлы болдың, байыўлы? Ырастан сен байдың улы болдың ба? Ата-аңаңнан жаслай қарғыс алдың ба? Өгей шешең саған дөҳмет салды ма? Неден жаманатлы, болдың, байыўлы? Мəканың гөне там, уяң жарықта, Бəледей көринер түриң халыққа. Мениң демим шамаласып қалыппа, Сен не деп қышқырып турсаң, байыўлы? 212 Теңиз толқып турған ўақта иргеде, Ел қандай мəс еди кеше Үргеде... Жүрегим даўамас енди көрмеге, Мəканлап алыпсаң өзиң, байыўлы. Арқадан жағымсыз самаллар есер, Самал ескен сайын еңсемиз түсер, Узамай бул аўыл көшеди десер, Сол ма айтажағың, байғус байыўлы? Нақыл бар: жер қатты, аспаны узақ, Көшпеймиз бе деген үмит бар бирақ. Тамбасынға шығып бақыр қаттырақ, Бəлким. сениң даўысың, жетер, байыўлы. Апрель, 1988-жыл. ЕКИ ҚУЎАНЫШ Мен атымды түсип басқаға бердим. Ер-турман, дорбасы, қамшысы менен. Сен дəрҳал қуўанып жуўырып келдиң, Көзиңде шадлы жас тамшысы менен. Сен байғус қуўандың ҳəз етип күлип, «Пияда қалдырып жазалады-аў деп. Мен байғус қуўандым: жаяўлап жүрип, Көп жақсы қосықлар жазаман-аў деп ... Март, 1988. ДУ ФУ 25 «Басы артық я өзиңе керексиз, Китапларды өз баҳасын төлеп биз, Аламыз, я қандай китап қəлесеқ, Сол китапқа алмастырып аласаң». Деп еситтим бир дүканда мен бүгин. Дəрҳал өзим жазған китаптың бəрин, Апардым да, алмастырдым бағана, Ду Фудың шаппаттай бир топламына 1988-жыл, май. БУРМАЛАЎШЫҒА Базы бир жигитлер ойнап аңғалақ, «Қызай» аңлыў менен жатқан деседи. Аўзына келгенин сырттан сандалап, Көзимше «қосығың қатқан» деседи. 25 Ду Фу – VIII əсирде өткен уллы қытай шайыры. 213 Қосықты бурмалаў ушын ҳəр қашан, Ҳасла кереги жоқ ақыл ҳəм ҳүждан. Пыстырмада ат үркитип тасадан, Мəплениўге олар шаққан деседи. Жыйыстырып мийрим, инсап, арды да, Сəл сүринсең, атлап өтер алдыға. Сейфулғабит пенен Избасарды да, Усындайлар иске шатқан деседи. Май, 1988-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling