Ибрайым юсупов өмир, саған ашықпан…
Download 1.41 Mb. Pdf ko'rish
|
Омир саган ашыкпан
- Bu sahifa navigatsiya:
- ПЕРИ МИНГЕН АТ
ƏСКЕРБАЙҒА
Бетиң быдым-быдым, жүрегиң таза, Алшағырдай минезиң бар биймаза, Үш - төрт милийсадан келмесе қаза, Əжелиңнен өлмейсең сен, Əскербай, «Ешек дəптерден» Шақаманнан шайбас буға табылып, Услай алмай жүрдик ҳəмме жабылып, Өгизлер түйектен шықты сабылып, Сениң жаның тас екен дым, Əскербай. Ысмамытың шаршап ҳалдан кеткенше, Тусыңнан не раўшанлар өткенше, Гүректей тислериң қаўсап питкенше, Жигитлик дəўранды иштиң Əскербай. Əўпилдеп жуўырдың жараған нардай, Қобыздай қуўсыйды турпатың дардай, 216 Арақта əкеңниң қарызы бардай, Изине қунжыйып түстиң, Əскербай. Сени қапқан ийтлер қутырып өлди, Сона шақса мəс боп тутылып өлди, Еске алар гəптиң енди утыры келди, Талантқа суў қоспай иштиң, Əскербай. Есиктиң аўзында аңқырды ешек, Қақаман суўықта ким келди десек... Отсыз өжиреде подшипка төсеп, Уйқылап жатқаныңды көрдим, Əскербай. Тоңыртқасы толды жап ҳəм салманың, Өңешиң өзгеше, тас екен жаның, Сол жүристен өлмей аман қалғаның, Жүримиң бар екен еле, Əскербай. Журт айтысар енди сени қойды деп, Қарар оған қатты тəсир қылды деп, Жойтылған қəлемин таўып алды деп, Ес барда етегин жапқан Əскербай. Ишинде бар гүмбирлеген шайырлық, Ендиликте қалсаң оннан айрылып, Илҳəм периштеси бақпас қайырылып, Hашарға нəзериң түспес, Əскербай... ПЕРИ МИНГЕН АТ Сондай бир күш ҳүкими ҳөктем ... А. Блок Сейисханаға азанда келип, Сейис күнде ҳайран қалады: Аты қара терге шомылып, Оқыранып зорға турады. Аўырғанды бəлким жаныўар, Деп суўлыққа байлады андыз. Ертең де сол аўҳал тəкирар ... Əжепленип сейис уйқысыз, Таң асырып аңлыды кеште. Түн жарпында қулыплы дəрўаза Өз-өзинен ашылды əсте. Ат тыпыршып болды биймаза. Ҳəм изинше аппақ денели, Қара шашы бөксесин жаўған Жалаңаш қыз кирип келеди, Салдыр-гүлдир ат аяғынан Кисен түсти. (Көрди ҳəммесин, Еси кетти сейис сорлының). Жалын сыйпап қыз ақ мəммесин 217 Омыраўына басты торының. Ат жуўасып, бир тепсинди де, Қыйпақлап қыз ҳəмирине көнди. Жалын қармап бир секирди де, Қустай ушып қыз атқа минди, Пəрсиз оқтай қаңрып сайгүлик, Кетти жүйиткип қула далаға. Түс көргеңдей сейис ҳəўлирип, Қала берди сейисханада ... Сол дегендей ҳəр күни кеште Ел уйқыға жатты-аў дегенде, Келер илҳам периси əсте. Кисенлеўли ат қусап мен де, Тыпыршыйман оны сағынып Ашық болып қозар дəртлери Ҳəмирине үнсиз бағынып, Көтеремен еркеликлерин. Пери минген аттай азаплап, Ол жанымды қыйнар бəрҳама Дəртлеримди төгип қағазға, Таң атқанша қəлем тартаман. Март, 1988-жыл. Download 1.41 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling