Iii бап. Халық аралық кредит базары. Корпоратив структураларға шет ел банк кредитлерин қосыў


IV БОБ. ХАЛЫҚ АРАЛЫҚ ФИНАНС БАЗАРЫНДА СУВЕРЕН ҚАРЫЗЛАР


Download 379.58 Kb.
bet3/7
Sana07.03.2023
Hajmi379.58 Kb.
#1244385
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Finans hám saliq Raxim Dosmuratov

IV БОБ. ХАЛЫҚ АРАЛЫҚ ФИНАНС БАЗАРЫНДА СУВЕРЕН ҚАРЫЗЛАР.
4. 1. Сыртқы қарыз бойынша улыўма тәреплер.
Жәҳән економикасындағы глобалласыў халық аралық финанс базарында қарыз муғдарының өсиўине де алып келип атыр. Дүня бойынша улыўма сыртқы қарыздарлық 2018-жылдың биринши шерегинде 8 триллион АҚШ долларға
өсип, 247. 2 триллион доллар ямаса глобал ЖИӨниң 318 процентине жетти. Соннан келип шыққан ҳалда суверенли қарызлар, сыртқы қарызлар жөниндетохталып өтемиз.
Халық аралық валюта фонды методологиясына муўапық "сыртқы қарыз" түсиниги норезидентлер алдындағы жәми қарыз миннетлемелерин аңлатады. Мәмлекеттиң жәми қарыз миннетлемелери түрли базар субъектлериниң қарыз
миннетлемелерин өз ишине алады. Олар төмендегилер:
- орайлық ҳүкимет, яғный суверенли қарыз ;
- жергиликли ҳүкиметлер, яғный мунитсипал қарыз ;
- финанслық ҳәм финанслық емес шөлкемлер, яғный корпоратив қарыз.
Әмелдеги "суверен қарыз" түсиниги ҳәм "мәмлекет қарызы" түсиниги өз ара синоним сөзлер ретинде қолланылады ҳәм де бирдей мәнисти аңлатады. Әдетте мәмлекет қарызы ямаса суверенли қарыз орайлық ҳүкимет ҳәм жергиликли ҳүкиметлер қарызларын өз ишине алады. Өз гезегинде сыртқы қарыз суверенли сыртқы қарыз ҳәм корпоратив сыртқы қарызға бөлинеди.
Мәмлекеттиң сыртқы қарыз бойынша турақлылығын баҳалаў ушын төмендеги коеффициентлерди анықлаўға итибар қаратылады :
- сыртқы қарыз / товар ҳәм хызметлер экспорты;
- сыртқы қарыз бойынша төлемлер / жалпы ишки өним;
- сыртқы қарыз бойынша төлемлер / товар ҳәм хызметлер экспорты;
- халық аралық резервлер / сыртқы қарыз ;
- сыртқы қарыз / халық саны ;
- халық аралық резервлер / сыртқы қарыз бойынша төлемлер ҳәм басқалар.
Мәмлекеттиң сыртқы қарыз бойынша турақлылығын баҳалаўда кең қолланылатуғын көрсеткиш жәми сыртқы қарыздың жалпы ишки өнимге қатнасы көрсеткиши болып табылады. Халық аралық валюта фонды усынысларына муўапық жәми сыртқы қарыз ҳәм жалпы ишки өним қатнасының процентте сәулелендирилген көрсаткичи дүняның түрли мәмлекетлеринде сыртқы қарыздарлық рискын баҳалаў имканиятын береди. Егер бул көрсеткиш 30 проценттен аспаса риск дәрежеси төмен есапланады. 30 проценттен 50 процентке шекем жағдайда болса сыртқы қарыздарлық рискы орташа баҳаланады. 50 проценттен жоқары жағдайда болса сыртқы қарыз бойынша жоқары рисклы жағдай жүзеге келгенлиги бақланады. Бирақ айырым мәмлекетлерде сыртқы қарыз дәрежеси келтирилген көрсеткишлерден жоқарылығын да бақлаў мүмкин. Бундай жағдайда тартылған қарыз капиталынан пайдаланыў натийжелилиги жоқары болсада сыртқы қарызға хызмет көрсетиў дурыс жолға қойылған болса өз-өзинен рисклы жағдай дәрежеси пәсейеди.


Download 379.58 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling