Iii бап. Халық аралық кредит базары. Корпоратив структураларға шет ел банк кредитлерин қосыў


Download 379.58 Kb.
bet2/7
Sana07.03.2023
Hajmi379.58 Kb.
#1244385
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Finans hám saliq Raxim Dosmuratov

3. 2. Кредит ноталары.
Жәҳән әмелиятында кредит ноталары (credit linked notes - CLN) тәмийинленбеген қарыз қаржлары ажыратыў усылы ретинде көзге тасланады.
Ҳәзирги кунге келип бул инструмент халық аралық әмелиятта ири санаат кәрханалары ортасында кең көлемде қолланылып атыр.
Қарыз алыўшы көзқарасынан CLN шет ел банктиң валюта дағы кредитин өзинде сәулелендиреди. Бирақ бул әмелияттың тийкарғы айрықша өзгешелиги банк кредит усыныс еткеннен кейин быр жола қымбатлы қағазлардағы қарыздарлықты қайта қурамлап, CLN ди базарда сатады.
Техникалық тәрепден CLN шығыў Евро облигация шығарыўға уқсас. Бунда CLN шығыў менен шуғылланатуғын лид-менеджер ретинде әдетде банклер қатнасады.
Банк тәрепинен CLN айланысқа шығыўды шөлкемлестириўдиң дәслепки басқышында инвесторлар ортасында қарыз алыўшының миннетлемелерине салыстырғанда потенсиал талапты баҳалаў әмелге асырылады. Қарыз алыўшының искерлиги ҳәм финанслық жағдайы, тармақ қәсиетлери, базар коңюктураси ҳәр тәреплеме уйрениледи, инвесторлар менен актив өзара келисиўлер алып барылады. Унамлы шешимге келинген жағдайда ғана ЦЛН емитенти есапланған банк қарыз алыўшыға шет ел банк кредитин усыныс етеди. Әдетде, емитент ретинде жоқары рейтингге, CLN программасын әмелге асырыў бойынша тәжирийбеге ийе банк сайланады. CLN айланысқа шығарыў бир неше басқышлы программа тийкарында шөлкемлестириледи. Қарыз алыўшының кредит бойынша миннетлемелерин орынлаў жағдайында CLN бойынша төлеўлерди банк-емитент
әмелге асырады. Егерде кредит алыўшы кәрхана ўақытында ҳәм толық алынған кредитти қайтара алмаса жүзеге келиўи мүмкин болған рисклер банк-емитент мойнына емес, бәлким CLN сатып алыўшылар мойнына түседи.
CLN айланысқа шығарылғаннан кейин олардың саўдасы екилемши базарда шөлкемлестириледи. Кредит ноталари биржадан тысқары базарларда айланыста болады.
Корпоратив евро облигацияларға салыстырғанда кредит ноталари бойынша рисклардың жоқарылығынан келип шыққан ҳалда бундай қымбатлы қағазлар қосымша сыйлықлар дағаза етилген ҳалда сатылады. Соның менен бирге, економикалық, юридикалық мағлыўматлар ашықлығы анық белгилеп қойылған стандартларға сәйкес келиўи талап етиледи. Евро облигацияға салыстырғанда CLN ниң тийкарғы абзаллығы ретинде оларды айланысқа шығарыўдың жоқары тезлиги ҳәм арзанлығын келтириў мүмкин.
Халық аралық әмелиятда CLN айланысқа шығыў ушын 8 ҳәптеден 12 ҳәптеге шекем ўақыт кетеди. CLN айланысқа шығыў мəниси республикамыздағы көплеген жергиликли кәрханалар ушын аўырлық етеди. Шет елде бул баҳа 30 мыңнан 50 мың АҚШ долларға шекем қәрежетти талап етеди және бул баҳа раўажланған мәмлекетлер компаниялары ушын жүдә төмен есапланады. CLN айланысқа шығыўда бөлек талаплар бар болып, емиссия қолланбасында информацияның толықлығынша ашықлығы, соның менен бирге, жоқары
рейтинг көрсеткишлери берилгенлиги ҳәм халық аралық аудиторлик компаниялары тәрепинен қарыз алыўшы ҳәм операция шөлкемлестириўшисиниң ғәрезсиз баҳаланыўы сыяқлыларға бөлек итибар қаратылады.
Кредит ноталарын айланысқа шығарыў Евро облигация айланысы алдыннан кредит тарийхын қәлиплестириўдиң нәтийжели усылы ретинде хызмет етеди. Мысалы "АФЦ Система" компаниясы тәрепинен 100 миллион АҚШ долларлық кредит ноталари шығарылғаннан кейин еки ай өтип компания Еврооблигация емиссиясын әмелге асырған. Бирақ басқа тәрептен кредит ноталари орташа процент ставкасы евро облигацияларға салыстырғанда 1 - 2 процент жоқары белгиленеди.
Бүгинги күнде халық аралық әмелиятта 250 миллион доллардан жоқары болған жыллық оборотқа ийе компаниялар кредит ноталарын 100 миллион доллардан кем болмаған муғдарда айланысқа шығарып атыр.


Download 379.58 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling