Iii бап. Халық аралық кредит базары. Корпоратив структураларға шет ел банк кредитлерин қосыў


Ең ири кредит агентликлериниң кредит рейтинг көрсеткишлери


Download 379.58 Kb.
bet5/7
Sana07.03.2023
Hajmi379.58 Kb.
#1244385
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Finans hám saliq Raxim Dosmuratov

Ең ири кредит агентликлериниң кредит рейтинг көрсеткишлери.

Қарыз мәжбурияты емитентин исенимлилик дәрежеси

Moody's

S&P

Fitch IBC

Рейтинг дәрежесиниң сандағы көриниси

Eң жоқары исенимлилик дәреже

Aaa

AAA

AAA

100

Жоқары дәреже

Aa1

AA+

AA+

95

Aa2

AA

AA

90

Aa3

AA-

AA-

85

Жоқары орта дәреже

A1

A+

A+

80

A2

A

A

75

A3

A-

A-

70

Төмен орта дәреже

Baa1

BBB+

BBB+

65

Baa2

BBB

BBB

60

Baa3

BBB-

BBB-

55

Спекулятивли дәреже

Ba1

BB+

BB+

50

Ba2

BB

BB

45

Ba3

BB-

BB-

40

Жоқары спекулятивли дәреже

B1

B+

B+

35

B2

B

B

30

B3

B-

B-

25

Улкен рискке ийе

Caa1

CCC+

CCC

20

Жуда жоқары спекулятивли дәреже

Caa2

CCC




15

Дефолт жағдай: бираз жақсылаў итималы бар

Caa3

CCC-




10

Ca

CC







C

C




5

Дефолт жағдай

/

D

DDD

0

Мәмлекет суверенли кредит рейтингин анықлаўда рейтинг агентликлери тәрепинен төмендеги тийкарғы көрсеткишлерге итибар қаратылады :


- жалпы ишки өним және оның өсиў дәрежеси;
- инфлятсия дәрежеси ҳәм бул бойынша прогнозлар ;
- халықтың жумыс менен бәнтлиги;
- мәмлекет бойынша жалпы сыртқы қарыз дәрежеси (суверенли ҳәм корпоратив сыртқы қарыз );
- шет ел инвестицияларға хызмет көрсетиў;
- мәмлекет бюджети атқарыўы жағдайы ;
- мәмлекет саўда балансы ;
- мәмлекет төлем балансы қурамы ҳәм нәтийжелери.
Халық аралық кредит рейтингин баҳалаўдың бир неше түрлери әмел қилсада, инвесторлар ушын суверенли евро облигациялар емитент кредит рейтингин баҳалаўда зәрүрли есапланады. Себеби евро облигация инвесторға қарыздардың узақ мүддетли қарыз миннетлемелерин өз ўақтында атқара алыў қәбилетин баҳалаў имканиятын береди.
Халық аралық рейтинг баҳалаў әмелиятында перспективалы прогнозларға да итибар қаратылады. Ол жағдайда кредит рейтинги өзгерислери баҳаланады ҳәм де прогноз турақлы, унамлы, унамсыз ҳәм раўажланып атырған тәризинде баҳаланады.
Әдетте суверенли кредит рейтинги алыныўы, суверенли евро облигациялар жайластырылыўы корпоратив емитентлер ушын да халық аралық финанс базарларына шығыўына жол ашады. Соның менен бирге корпоратив кредит рейтинги алыўда да әҳмиетке ийе болады. Соны айрықша атап өтиў керек, корпоратив кредит рейтинги искерлик жүргизип атырған мәмлекет суверенли кредит рейтингинен жоқары болмайди.
Егер қандайда бир мәмлекетте сыртқы қарыз бойынша хызмет көрсетиўде мәселелер, қыйыншылықлар бақланса, бул мәмлекет сыртқы қарыз дағдарысын басынан өткеріп атырған есапланады. Суверенли қарыз алыўшыға салыстырғанда өз сыртқы қарызларына хызмет көрсеткиш пенен байланыслы режели төлем бойынша бир ретлик кешиктириў қолланылса бундай жағдай техникалық дефолт есапланады.
Егерде белгиленген мүддет (мысалы, бир ай ) даўамында қарыздар мәмлекет өз миннетлемелерин атқара алмаса суверенли дефолт жүз бериўи мүмкин, яғный қарыздар мәмлекет халық аралық кредиторлар алдындағы өз сыртқы қарыз миннетлемелерин орынлаў жағдайында емес деп дағаза етиледи. Суверенли дефолт ҳүкиметлердиң өз финанслық миннетлемелери тийкарғы суммалары ямаса процентлери бойынша төлемлерди белгиленген мүддетлерде әмелге асыра алмаўы тийкарында енгизиледи.
Суверенли қарыз бойынша дефолт сыртқы қарыз ҳәм ишки қарыз бойынша дефолтқа бөлинеди. Сыртқы қарыз бойынша дефолт шет ел кредиторлар алдындағы шет ел валютадағы миннетлемелердиң орынланбаўы нәтийжесиндеги дефолт болып табылады.
Ишки дефолт болса резидент кредиторлар алдындағы миллий валютадағы миннетлемелери орынланбаўы нәтийжесинде жүзеге келеди.
Дүня бойынша улыўма сыртқы қарыздарлық 250 триллион АҚШ долларына жақынласқан бир ўақытта қарызлардың тийкарғы бөлеги (178, 3 трлн. доллар ) раўажланған економикалар есабына түўры келсе, қалғаны (68, 9 трлн. доллар) раўажланып атырған мәмлекетлерге тийисли болып табылады.
Халық аралық қарыз базарында ең көп қарыз АҚШ долларында ажыратылған. Бул тәреп мәлим дәрежеде риск дәрежеси жоқарылығын да аңлатады. Раўажланған мәмлекетлерде халық аралық облигацияларнинг 30 проценттен жоқары бөлеги АҚШ долларында жайластырылған болып, 2019 жылдың биринши шерегиниң өзинде улыўма баҳасы 900 млрд. АҚШ долларлық қарыз қапланған.
Раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша болса 2019-жыл ақырында 2, 7 трлн. долларлық облигациялар ҳәм синдикат кредитлери бойынша миннетлемелер атқарылыўы керек. Олардың үштен бир бөлеги әйне АҚШ долларында төлениўи белгиленген. АҚШ долларында алынған қарыз миннетлемелерин орынлаў бойынша Аргентина, Колумбия, Египет, Нигерия (ҳәр биреўиниң алған сыртқы қарызының 75 проценти АҚШ долларында ), Мексика (62 процент), ЖАР (57 процент), Бразилия (50 процент) ҳәм Туркия (47 процент) ең үлкен қәўипке дус келиўи мүмкин. Россияның буған байланыслық көрсеткиши 20 проценттен зыят болса, ең кем муғдар Индонезия, Саудия Арабиясы, Тайланд, Индия ҳәм Китайға тийисли болып табылады.


Download 379.58 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling