Iii бап. Халық аралық кредит базары. Корпоратив структураларға шет ел банк кредитлерин қосыў


Download 379.58 Kb.
bet7/7
Sana07.03.2023
Hajmi379.58 Kb.
#1244385
1   2   3   4   5   6   7
Bog'liq
Finans hám saliq Raxim Dosmuratov

2018 y.

01.01.
2019 y.

Жәми

14 623,6

15 785,9

17 295,0

100%

1 509,1

Мәмлекет сыртқы қарызы

6 474,9

7 600,0

10 086,4

58%

2 486,4

Жеке сыртқы қарыз

8 148,7

8 185,9

7 208,6

42%

-977,3

Бос компаниялардан



1 377,1



1 304,9



687,77



10%



-617,1

Жеке сыртқы қарыздағы секторлардың үлеси

Нефт, газ ҳәм енергетика секторы

6 097,0

6 149,7

5 386,5

75%

-763,2

Tелекоммуникация секторы

1 152,8

965,6

248,2

3%

-717,4

Банк секторы

450,2

584,0

978,2

14%

394,2

Tоқымашылық секторы

112,4

126,0

132,2

2%

6,2

Баска секторлар

336,4

360,6

463,4

6%

102,8

4.4- кестеде қамтып алыў бойынша сыртқы қарыз классификацияланыўы көрсетилмекте.

Қамтып алыў муддетлери бойынша сыртқы қарыздың классификацияланыўы ( 2019-жылдың 1-январь жағдайына көре )

Қарызды қамтыў муддети

Қарыздарлық суммасы
(млн. долл.)

Салмағы
(%)

1 жылға шекем

143,7

0,8%

1 жылдан 5 жылға шекем

902,8

5,2%

5 жылдан 10 жылға шекем

923,1

5,3%

10 жылдан артық

15 325,4

88,6%

ЖӘМИ:

17 295,0

100 %


2018-жылда қарыздарлықтың өсиўи мәмлекет секторына туўры келип (2, 5 млрд. доллар ), жеке сектор қарыздарлығы 997, 3 млн. долларға кемейди. Солай етип, жаңа қарыздарлықлардың қамтып алыныўы орнына мәмлекет сыртқы қарызы өсиў пәтин сақлап қалды.
Соны атап көрсетиў керек, 2018-жылы жеке сектор тәрепинен улыўма муғдарда 866,1 млн. доллар қарыздарлық қамтып алынды. Қарыздарлықты қамтып алыў тийкарынан банклер тәрепинен - 588, 0 млн. доллар, нефтегаз ҳәм енергетика секторы кәрханалары тәрепинен - 76, 0 млн. доллар, текстил саласындағы кәрханалар тәрепинен - 57, 0 млн. доллар ҳәм економиканың басқа секторы кәрханалары тәрепинен - 145,1 млн. доллар әмелге асырылды.

Сондай-ақ, көрилип атырған дәўир ушын жеке сыртқы қарыз бойынша 1,3 млрд.доллар муғдарында тийкарғы қарыз ҳәм 366,6 млн.доллар муғдарында процент төлемлери әмелге асырылды, мәмлекет сыртқы қарызлары бойынша мас рәўиште 397,7 млн.доллар ҳәм 151,3 млн.доллар төленди.

Соның менен бирге, тийкарғы қарыз сөндирилиўиниң тийкарғы бөлеги нефтегаз ҳәм енергетика секторларына (862, 2 млн. доллар ), соның менен бирге банк секторына (192, 8 млн. доллар ) ҳәм телекомуникация секторына туўры келеди. Нефтегаз ҳәм енергетика секторы кәрханалары тәрепинен 296,7 млн. доллар муғдарында процент төлеўлери әмелге асырылған болса, банк секторы тәрепинен әмелге асырылған процент төлеўлери 42, 6 млн. долларды қурады.



Kредитордың тури

Шет ел банклери ҳәм басқа финанслық институтлар
Шет ел бас компаниялары ҳәм филиаллар

Експортшылар ҳәм басқа жеке дереклер
Рәсмий дереклер ( ҳукиметлер ҳәм халық аралық шөлкемлер

Жәми



Rasmiy manbalar (Hukumatla r va xalqaro
tashkilotlar)


JAMI


2019

Тийкарғы қарыз

80,4

-

119,1

5,5

205

%

15,5

-

5,3

4,5

25,3


2020

Тийқарғы қарыз

33,1

-

55,6

2

90,7

%

8,1

-

4,8

0,7

13,6


2021

Тийқарғы қарыз

34,5

-

39,7

2

76,3

%

6,5

-

4,6

0,5

11,7


2022

Тийқарғы қарыз

36,5

-

34,5

2

73,1

%

5,1

-

5,2

0,4

10,7


2023

Тийкарғы қарыз

36,9

-

20,8

2

59,7

%

3,8

-

2,5

0,2

6,6


2024

Тийкарғы қарыз

22

-

0,1

2

24,1

%

2,9

-

0

0,1

3


2025

Тийкарғы қарыз

16,3

-

0

-

16,3

%

2,5

-

0

-

2,5


2026

Тийкарғы қарыз

17,2

-

-

-

17,2

%

1,4

-

0

-


1,4


Жоқарыдағы кесте мағлыўматларынан көриўимиз мумкин, 2019-жыл Өзбекстан сыртқы қарызы бойынша қарежетлер салыстырғанда жоқары есапланады.
Қадағалаў ушын сораўлар.
1. Сыртқы қарыздың жүзеге келиў себеплери
2. Мәмлекет сыртқы қарызы структуралық дүзилиси
3. Суверенли қарыз ҳәм корпоратив қарыздың айрықша қәсиетлери
4. Суверенли қарыз турақлылығын баҳалаў көрсеткишлери
5. Сыртқы қарыз бойынша риск дәрежесин баҳалаў
6. Дүня бойынша сыртқы қарыз динамикасы көрсеткишлери.
7. Суверенли кредит рейтингин анықлаў және оның қарыз тартыўға тәсири
8. Өзбекстанда сыртқы қарыз мунасәбетлери.

V БАП. ШЕТ ЕЛ МӘМЛЕКЕТЛЕРИНДЕГИ ФОНД БИРЖАЛАРИ
ИСКЕРЛИГИ МЕХАНИЗМИ.
Лондон фонд биржасы.
Европаның ең әййемги ҳәм ең үлкен фонд базарларынан бири London Stock Exchange - Лондон фонд биржасы есапланады. Саўда майданшасы Уллы Британияның пайтахты Лондонда жайласқан болып,ҳәзирги ўақытта дизимге киритилген 4 мыңға жақын аксияларды өз ишине алады, бул капиталызация мəниси 6 трлн.доллардан артық болыўын тәмийинлейди. Буннан тысқары, дүняның 46 раўажланған ҳәм раўажланып атырған мәмлекетлеринде жайласқан 1000 ға жақын компания аксиялары Лондон фонд биржасында қатнасып келмекте. Сол себепли Лондон фонд биржасы дүня бойлап трейдерлер ҳәм инвесторлар арасында жүдә атақлы.
Лондон фонд биржасы :

  • капиталласыў дәрежеси жоқары болып, бул критеря бойынша дүня көлеминде үшинши орында турады ( NYSE ҳәм НАСДАҚ тан кейин);

  • шет ел компаниялар аксияларына жол ашқан ҳалда байналминал есапланады ;

  • листингда кең компаниялар дизимин өз ишине алады ;

  • Америка ҳәм Европа фонд базарларынан ғәрезсиз.


London Stock Exchange тарийхы.
Егер Лондон фонд биржасы 1801-жыл рәсмий исленген деп есапланса да, оның тарийхы 1571-жылдан басланады.1571-жыл Британия короллиги финансшысы Томас Грешем ханзададан оның пикирине көре, саўда жумыслары ҳәм мунасәбетлерин раўажландырыўда әлбетте қатнасыўы шәрт болған биржа саўда майданшасы қурылысы ушын рухсат алыўға еристи. Даслеп финанслық мәслаҳәтши исбилерменлер ҳәм қой жуни менен саўда етиўшилерди бирлестириўди режелестирген еди, бирақ кейинирек биржа майданшасында түрме-түр товарлар сатыўшылары пайда болды. Сол итибарға ылайық, ғайраткер Британия патшасынан бир тийин да сорамаған ҳәм фонд биржасын өз қаржысынан қурдырған. Әлбетте, Грешам Англия биринши фонд биржасының тийкаршысы ямаса жаңалық ашыўшысы емес, себеби сол ўақытта Антверпенда Хофстрат көшесинде, теңизшилер ҳәм алмаз қазып алыўшылар ҳәм басқалар топланатуғын еди.
Узақ ўақыт даўамында биржа майданшасында тек товар позицияси брокерлери жайласқан ҳәм тек 1695-жылдан баслап мәмлекет ҳәм корпоратив қымбатлы қағазлар айланыста пайда болған.
Грешемниң фонд биржасына тек сарай хызметкерлери ҳәм ақ суйеклер ўәкиллери кириў рухсатына ийе болған, әпиўайы саўдагерлер ҳәм алып сатарлар, дилерлар бул фонд биржасында саўда ете алмаған. Кейин төменги қатлам саўдагерлер дуз, дәри, лала ҳәм басқа өнимлер сатыў ушын шәртнама дүзиў мақсетинде биржадан сыртта жайласқан кофе дуканына жыйнала баслады. Ню-Йоркда NYSE биржасын шөлкемлестириўде де тап сондай жағдай гүзетилген. Британиялық исбилерменлер Jonatanse Coffee House кофеханасында топланады.

1697-жыл Уллы Британия ҳүкимети биржадағы саўдагерлер санын жүз кисиге шекем кемейтиў ҳәм лицензиясыз ислеп атирған трейдерлар ушын үлкен жәрийма салыўға қарар етди. Бул болса рәсмий биржада саўдалардың төменлеўине алып келди, себеби маклерлардың үлкен бөлеги Exchange Alley саўда аллеясына көшип өткен еди. Аз-аздан бул кафе ҳәм саябан сыяқлы орынлар көбейип кетти ҳәм барған сайын көплеп саўдагерлер, санаат ҳәм ислеп шығарыў ўәкиллери рәсмий фонд майданшасына қарағанда ашық, тәртипке асырылмаған фонд биржалары майданшаларында топлана баслайды. 1773-жыл Свитинг қыябанында тағы бир фонд биржасы дузилди ҳәм ханзаданың қадаған етиўине қарамай, трейдерлер 1801-жыл биржа ушын орын қурды. Мине
сол сәне, анықрағы, 1801-жыл 3-март күни Лондон фонд биржасы искерлик көрсете баслаған сәне есапланады, атап айтқанда сол орын биржа үйине айланды. Буннан тысқары, 1801-жылда барлық брокерлердиң рәсмий дизиминен өтиўи дағаза етилди ҳәм бул Лондон фонд биржасын Европадағы биринши жергиликлестирилген тәртипке салынған базарлардан бирине айлантырылды. Енди биржада қадағалаў жолға қойылған болып, алдынғы сыяқлы, ағзалығы болмаған ҳәр бир шахс емес, бәлким тек дизимге алынған қатнасыўшылар келисим дүзиўи мүмкин болды. 1812-жылға биржаның рәсмий регламенты тайарланып, ол жағдайда биржа келисими урыс қатнасыўшыларының миннетлемелери ҳәм кепилликлери, илгери орнатылған барлық қағыйдалар толық суўретленген. Жеке ўәкиллер келисимлерди тек ғана брокерлик агентликлери арқалы әмелге асырыўы мүмкин еди.
ХIХ әсирдиң кейинги жыллары Лондон фонд биржасы ушын дәслепки көтерилис дәўири болды, себеби бул дәўирде полат еритиў, темир жол, таў-кән санааты ҳәм қайта ислеў компаниялары, қурылыс, финанс ҳәм қамсызландырыў секторы конгломератлари жедел раўажланып барғаны болды. Соған көре, бул компаниялар аксияларды сатыў ҳәм қосымша дәрамат алыў ушын фонд биржасына мурәжат етти. Бул болса техникалық тәрептен биржаның тийисли раўажланыўларын талап етти, бул болса көп қарежетлерге алып келди. Бирақ менеджмент бул ўазыйпаны табыслы атқарып, заманагөй телеграфлар орнатылды, АҚШ ҳәм Европа фонд биржалары менен байланыс орнатылды ҳәм саўда майданшаларының саны артты. 1900-жыллар басларында Лондон Фонд биржасы Европада ең ғалабалық ҳәм қатал биржалардан бирине айланды, оның майданшалары листингине 3 мыңнан аслам компания кирген.

Бирақ, өсиў дәўири тез арада Европада биринши жәҳән урысы басланғанлығы себепли тускунлик дәўири менен алмасты. 1914-жыл жазынан берли Лондон фонд биржасы дерлик ярым жылға жабылды ҳәм 1915 жыл басында мүмкин болған жоғалтыўларды шеклеў мақсетинде Лондон фонд биржасы шөлкемлестириўшилери валюта операцияларының барлық қатнасыўшылары ушын жүдә көп шеклеў илажларын киргизди. Урыс әқыбетинде Европада улыўма жағдайға түсип қалған жағдай менен биргеликте бундай илажлар қатнасыўшылардың ҳәм соған көре, биржа бойынша капиталдың күшли шығып кетиўине алып келди. Аналитик есап -китапларға көре, мине усы ўақытта Лондон фонд биржасы жәҳән фонд базарындағы ең абырайлы позициясин жоғалтқан.
Европада Екинши Жәҳән урысының басланыўы, Лондон фонд биржасы искерлигине де тәсир етти - саўда 1939-жыл 1-сентябрден 7- сентябрге шекем тоқтатылды. Урыстан кейинги жылларда биржа шөлкемлестириўшилери 60 -жыллардың орталарында әмелге асырылған саўда майданшасы көлемин ҳәм раўажланыўын активлестириў программасын баслады. Сол дәуирден баслап биржа тағы актив реклама раўажланыўды баслады ҳәм 1972-жылға келип 2,1 мың квадрат метр майданға ийе болған тағы бир имарат қурылды.
Соның менен бирге, быйылғы жылы олар биржа процесслерин автоматластырыўды әмелге асыра алды ҳәм 1973 жылда Лондон фонд биржасына Шотландия ҳәм Ирландиядағы 11 биржа қосылды.
1986-жыл 27-октябр ЛФБ тарийхында Уллы жарылыў ямаса Партлаўшы дүйшемби ретинде белгиленди. Сол күни Лондон фонд биржасында брокерлер, дилерлар ҳәм маклерлар ушын аукцион өткериў шәртлери сезилерли дәрежеде өзгерди, комиссия төлемлери тәртиби қайта көрип шығылды ҳәм електрон саўдаларға өтилди.
Англия биржа майданшасының және де актив раўажланыўы қәлиплесиўдиң екинши басқышы болды ҳәм бул жағдай океан арты бәсекишилери тәрепинен де жазып қойылды. Тез пәтлер менен өсип барған Америка фонд майданшасы НАСДАҚ өз холдинги қурамына ЛФБ қосып алыў қәлеўин билдирди ҳәм оны 2. 4 миллиард фунт стерлингге баҳалады. ЛФБ бул пулды жүдә кем есаплап, бул усынысты бийкарлады. Америкалықлар буған жуўап ретинде Лондон биржасы аксияларын шеттен актив сатып ала баслады.
2007-жылға шекем НАСДАҚ ЛФБ аксияларының 28, 7% ин топлади, бирақ жуўмақта биржа аксиялары пакетин БАА биржасы Борсе Дубайға сатты. ЛФБ өз гезегинде, базардағы позициясын күшейтиў ушын қатар ҳәрекетлерди әмелге асырды, мысалы, басқа биржалар менен бир неше М&А келисимлерин дузип, Италия фонд биржасы менен бирлести. Бундай ҳәрекетлер нәтийжесинде Лондон биржасы рәсмий London Stock Exchange Group атлы компанияға айланды.
ЛСЕ заманагөй биржасы.
Ҳәзирги ўақытта Лондон фонд биржасы дизиминде 4000 нан артық компания бар. Олардан айырымлары 46 мәмлекеттен келген шет ел компаниялары болып табылады. Бул Лондон фонд биржасын Европаның ең ири фонд базары ҳәм капиталласыў, айланба қаржылар ҳәм дизимге алыў бойынша дүнядағы 3-орынды ийелеўине алып келди. Ол дүнядағы ең ири конгломератлар аўқамы менен шерикликте исленген халық аралық майданша болып табылады. Буннан тысқары, Лондон фонд биржасы Европада дерривативлар ҳәм облигациялар ушын ең ири базар есапланады.
ЛСЕ биржасы аксиядарлық корпорациясы есапланады ҳәм оның аксиялары өз листингинде сатып алыў ушын ашық. Биржа жәмийетшилиги ағзалары 400 ден артық бирлескен компаниялар болып, олардың арасында клиринг компаниялары, брокерлер, дилерлер, маркет-мейкерлер, инвестиция банклер ҳәм басқалар бар.
Биржа майданшасынан пайдаланыў ушын емитент компания биржа тәрепинен орнатылған бир қатар критерияларға жуўап бериўи керек - ҳәр бири кеминде 700 мың фунт стерлингге ийе болыўы, барлық басланғыш бухгалтерия, финанслық ҳәм коммерция есабатларын толық жарыялаўы, аксиядарлардың максимал аўырлығы 30 проценттен аспаўы ҳәм аксиялардың кеминде 25 проценти сыртқы инвесторлар қолында топланған.
Лондон фонд биржасында саўда ҳәм айланыс ушын 4 базар секцияси бар:

  1. премиум - Premium Listed Main Market - листингдағы ең ири компаниялар аксиялары ашық болған тийкарғы базар.

  2. алтернатив - Alternative Investment Market - капиталласыў киши болған компаниялар базары.

  3. депозитар тилхатлар ҳәм қарыз қымбатлы қағазлары базары - Professional Securities Market.

  4. институционал қәнигелер базары - Specialist Fund Market.

Қағыйдаға көре, анализшилер, инвесторлар ҳәм трейдерлар базарлар ҳаққында сөйлегенде тек ПЛММ ҳәм АИМ еки секцияны ажыратып көрсетеди, себеби қалғанлар әпиўайы клиентлер ушын ашық емес.
ЛСЕ фонд базары жумыс күнлери гринвич бойынша саат 8 ден 16 -30 ге шекем ислейди. Буннан тысқары, саўда сессиясында бир қатар өзине тән ҳәм қосымша айырмашылықлар бар. Мысалы, 07-15 тен 07-30 ға шекем компаниялар есабаты информинги жуз береди, 07-50 ден 08-00 ге шекем аукцион ашылады ҳәм ордерлар саўда терминалларында атқарылады, 8 ден 16 -30 ге шекем тийкарғы саўда сессияси болып өтеди, 16 -30 дан 16 -35 ке шекем индекслер қайта есаплап шығылады ҳәм келисимлер 16 -35 тен 17-00 ге шекем белгиленген баҳаларда әмелге асырылады, қаржыларды депозит қылыў ҳәм алыў ушын арзалар алынады ҳәм 17-00 ден 17-15 ке шекем болған ўақытта компания есабатлары реклама етиледи.
Алдын ҳәмме саўда операциялары TradElect саўда майданшасы арқалы әмелге асырылған, бирақ жақында биржа урыс қатнасыўшылары пайдаланыўшылар ушын интуитив түсиникли ҳәм оператив саналган жаңаланған Millenium Exchange жаңаланған платформасына өтилди.
Лондон фонд биржасы Financial Times баспа финанслық түсиндириўшилар менен бирге бир неше биржа индекслерин есаплап шықты. Олардың ең атақлылары 100 дана ең ири британ компаниялар копировкасын бирлестирген ҳәм Англия економикасының жағдайы көрсеткиши есапланған ФТСЕ-100 есапланади. Соның менен бирге, биринши жузликтен кейинги 250 дана ири компания индекслери ФТСЕ-250 ҳәм ФТСЕ Small Cap Index киши капиталласыў компаниялар индекслери ғалабалық болып табылады.
Лондон фонд биржасында 1 млрд.доллар муғдарында Өзбекистон евробондларын жайластырды.
Лондон фонд биржасында Өзбекстан улыўма муғдары 5 ҳәм 10 жыл болған дәслепки мәмлекет халық аралық облигацияларын жайластырды. Талап 150 инвестордан 3,8 млрд.долларды қурады, хабар береди Финанс министрлиги баспасөз хызмети биржа есабатына силтеме еткен ҳалда.
5 жыллық қымбатлы қағазлар табыслылығы жыллық 4,75% ти, 10 жыллық қымбатлы қағазлар табыслылығы жыллық 5,375% ти қурады.
Географиялық бөлистириў көз-қарасынан, Уллы Британия инвесторлары 5 ҳәм 10 жыллық траншларда уйқас түрде 39% ҳәм 32% үлести алды. АҚШ инвесторлары үлеси 23% ҳәм 31%, континентал Европа үлеси 32% ҳәм 27%; Азия, Жақын Шығыс ҳәм Арқа Африка инвесторлары мас түрде 6% ҳәм 10% ға ийе болды.
Инвесторлар кесиминде, қаржылардың 75% ти ҳәм 78% ти басқарыўшы аксиялар ҳәм фондлар, 20% и ҳәм 16% и камсызландырыўшылар, пенсия фондлари ҳәм суверенли фондлар тәрепинен алынды. Банклер үлеси 5% ҳәм 6% ти қурады.
«Еврооблигацияларды дәслепки шығарыў табысы инвесторларнинг Өзбекстанда күшли економикалық реформаларына болған, соның менен бирге, қарызларды басқарыў бойынша стратегиясына болған исенимди сәулелендиреди» -деп айтылады биржа хабарында.
Биржа төмендеги тийкарғы тезислерди келтирип өтеди:
- еврооблигациялар базарына жайластырыў жүдә табыслы
болды;
- Өзбекстанның мәмлекет кәрханалары ҳәм басқа корпорациялар ҳәм финанслық институтлар тәрепинен келесинде евробондларды жайластырыў ушын беккем тийкар жаратылды ;
- 2019 жылда суверенли облигацияларды жайластырыў МДҲ мәмлекетлери арасында биринши болды.
Download 379.58 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling