Ikki elning tanti


Download 1.16 Mb.
Pdf ko'rish
bet29/54
Sana25.03.2023
Hajmi1.16 Mb.
#1295289
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   54
Bog'liq
И Юсупов ижоди фаолияти, шеърлар

 
 
ИБРОЙИМ ЮСУПОВТЫҢ ДӨРЕТИЎШИЛИГИНДЕ 
ХАЛЫҚЛАР ДОСЛЫҒЫ ТЕМАСЫНЫҢ СӘЎЛЕЛЕНИЎИ 
(«Ҳәр кимниң өз заманы бар» қосықлар топламы мысалында) 
Ешниязова Э.Н.- ф.и.к.,
Әжинияз атындағы НМПИ рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы 
окытыўшысы 
Аннотация. Мазкур мақолада таниқли қорақалпоқ шоири 
И.Юсупов ижодида халқлар дўстлиги мавзусидаги шеърлари таҳлил 
қилинган ва специфик ҳусусиятлари аниқланган.
Таянч иборалар: шоир, ғоя, мавзу, халқлар дўстлиги, жанр. 
Аннотация. В данной статье анализируются стихи известного 
каракалпакского поэта И.Юсупова на тему дружбы народов и 
выявляются их специфические особенности. 
Ключевые слова: поэт, идея, тема, дружба народов, жанр. 
Annotation. This article analyzes the poems of the famous Karakalpak 
poet I. Yusupov on the topic of friendship between peoples and reveals their 
specific features. 


89 
Key words: poet, idea, theme, friendship of peoples, genre. 
 
И.Юсупов-қарақалпак поэзиясының ең талантлы ўәкиллериниң 
бири, онын шығармалары тек ғана қарақалпақ әдебиятында ғана емес, 
пүткил түркий тиллес халықлар поэзиясында салмақлы орын ийеледи.
Әлбетте, шайыр дөретиўшилигинде түрли мәселерге бағышланған, 
түрли проблемаларға қаратылған, түрли темаларға арналған қосықлар 
бар. Соның ишинде халықлар арасындағы дослықты жырлаў мәселеси 
де шайыр поэзиясында айрықша дыққатқа ылайық, усы мәселе 
шайырдың «Ҳәр кимниң өз заманы бар» қосықлар топламы мысалында 
үйрениледи. Топлам 2004-жылы жарык көрген. Шайыр И.Юсуповтың 
бул топламға «Шайыр», «Сопрано», «Расул Гамзатовтың естелигине», 
«Шараф Рашидовтың естелигине» қосықлары түрли халык ўәкиллерине 
бағышланған. Бундай дәстүр, яғный, ҳәр түрли миллет ўәкиллериниң 
түрли тараўларда хызмет көрсетип атырған заманласларға қосықлар 
арнаў, олардың ел-халық алдындағы хызметин жырлаў мәселесине 
бағышланған қосықлар шайыр поэзиясында бурыннан белгили 
дәстүрлерден болып табылады.
И.Юсуповтың өзбек шайыры А.Ариповқа бағышланған қосығында 
поэзияда ерте дәўирлерден берли жырланып, оқыўшылар қәўимине 
таныс болған тема даўамланады. Егер шығарманын басында 
А.Ариповтың келбети қарақалпақларға уқсас, ҳаслы маңғыт, аўылы 
Нөкис деп таныстырылса, қосықтың даўамы «шайыр ҳәм онын 
ўазыйпасы» деген темаға жалғанып кетеди. Ол мына катарларда 
көринеди: 
Хошамет қосығынан тойған халайық,
Сүйип оқыр ойшыл қосықларыңды.
Бийик хүрмет-мәртлигиңе ылайық,
Пәк туттың шайырлық намыс-арыңды [1.28]. 
Шайыр қосығында түрли шайырлар хақкында пикирлерин 
билдиреди, «кызыл идеологияға» хызмет етип, үлкен атақларға ҳәм 
абыройға ерискен шайырларда болғанлығын, лекин, А.Арипов тек 
ҳақыйқатлықты жырлап «Ал сен шынлық сөзди ҳәр жазғаныңда, Сени 
шарға қылды төбеңнен урып...», ғәрезсизлик дәўирине келип: 
Халыққа сөз унатып, ышқында жанып,
Оны руўҳландырған шайыр бахтияр.
Жырла шайыр, заманыңда йошланып,
Сөзиң ел кеўлинде тапсын итибар [1;29]-деп жырлайды. 
Қосыктың сонында шайыр И.Юсупов усындай талантлы шайыр 
менен заманлас, ўатанлас болғанына мактаныш сезимин билдиреди.
Бул катарларды биз таланттың талантты тән алыўы деп түсинемиз. 


90 
Шайыр И.Юсуповтың усы топламға кирген «Сопрано» деген 
атамадағы қосығы өзбек халқының және бир ўәкили, мәденият 
тараўында коп жыллар даўамында хызмет еткен Саодат Кабуловаға 
арналған. Бул косықта шайыр көркем өнердин бир түри болған 
операның күши, оның аткарыўшысы Саодат Кабулова сопрано ҳаўазы 
менен тыңлаўшының жүрек төрине жетип барып, онын жеке өзиниң 
ишки толғанысларын пайда етеди, шайырдың жаслык ўақты көз алдына 
елеслейди. Солай етип, шебер аткарылған опера да тынлаўшы қәлбинде 
өшпес из қалдырады. 
Халықлар арасындағы дослык темасы авар халқынын талантлы 
шайыры «Расул Гамзатовтын естелигине» деген қосык пенен даўам 
етеди. Қосык мазмуны бойынша еслеў, автор дүньядан өткен шайырдың 
талантын тән алады, онын поэзиясының күши ҳаққында пикирлерин 
билдиреди. Бул пикир мына қатарларда көринеди: 
Сениң қосықларың ҳәммеге жаққан,
Заманласлар кеўлин сен бийлеп алдың [1;36]. 
Қойсуў дәрьясының бойын жайлаған
Аз санлы авардан туўған ул болып,
Адамзаттың ар-намысын жырлаған
Даңқ жайдың Ғамзатов Расул болып. 
Шайырлық шыңына сен шыға билдиң,
Заманыңда асқар таўлардан асып.
"Үлкенбиз" деп, кисимсиген еллердиң
Шайырлары шығалмады тырмасып. [1;36]. 
Бул қосық аркалы авар аўылында туўылып, өз үстинде тынбай 
мийнет етип, талантының күши менен заманласларының кеўлинен жай 
алған Расул Гамзатовтың өмири шайырлар ушын үлги болады. Таланты 
қаракалпак шайыры И.Юсуповта Р.Гамзатовты устаз сыпатында тән 
алады: 
Сен туўылған үйде - Цада аўылында
Еске алдық бирге устаз Ғамзатты.
"Даңқлы шайырларды бердик дүньяға",
Деп Хунзак сайлары гүркиреп атты. [1;37].-деп жазады. 
Шайыр И.Юсуповтын халыклар дослығын сәўлелендириўши 
шығармаларын көбирек көркем өнер хызметкерлерине арнайды. 
Әлбетте, 
бул 
түсиникли, 
себеби, 
таллаў 
жасап 
өткен 
шығармаларымызда лирикалык қаҳарман көркем өнердиң күши 
ҳаққында, талант ийелери өз халкынын дәрти менен жасағанлығы 


91 
ушын, ҳакыйкатлықты жырлағаны ушын халық тәрепинен тән алынған, 
усы идея шығармалардын барлығында байкалады. 
Топламның бир бөлими «Қулпытастағы жазыўлар» деп аталып,
бул бөлимде тийкарынан эпитафиялар жәрияланған. Эпитафиялар - 
киши көлемли, мархумларға арналған шығармалар болып табылады 
[2;512].
Қарақалпак 
халкының 
белгили 
азаматларынын 
қулпытасларындағы жазыўлар менен бир қатарда мәмлекетлик 
ғайраткер, өзбек халқынын азаматы Ш.Рашидовтың естелигине 
бағышланған эпитафияны да ушыратамыз. Бул жанр жүдә ықшам 
болыўына карамастан, автор айтпақшы болған идеяны жеткерип бериў 
ушын жеткиликли, яғный Ш.Рашидовтың толық искерлиги – алым, 
данышпан, дийхан, оның жеке инсаныйлық пазыйлетлери – кишипейил, 
гөззал инсан, беглигин бузбаған султан сыпатында тәрийп берилген. 
Демек, автор бул инсанға да өз ҳүрметин қосық қатарлары аркалы 
жеткерип бере алады.
Жуўмақластырып айтканда, шайыр И.Юсуповтың «Ҳәр кимниң өз 
заманы бар» атлы топламында халықлар дослығы темасы шайырдың 
өзиниң бурыннан киятырған дәстүрий жолы менен даўам етиледи, 
яғный халыққа белгили инсанлардын образын жаратыў аркалы оларға 
болған ҳүрмет-иззетти жеткерип бере алады.

Download 1.16 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling