Ikki elning tanti


И.ЮСУПОВ ЛИРИКАСЫНДА КОМПОЗИЦИЯЛЫҚ


Download 1.16 Mb.
Pdf ko'rish
bet37/54
Sana25.03.2023
Hajmi1.16 Mb.
#1295289
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   54
Bog'liq
И Юсупов ижоди фаолияти, шеърлар

И.ЮСУПОВ ЛИРИКАСЫНДА КОМПОЗИЦИЯЛЫҚ 
ПҮТИНЛИК 
Тлеуниязова Г.Б. – Филология илимлери бойынша философия 
докторы (PhD), Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан 
бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты 
 
Аннотация 
Мазкур мақолада қорақалпоқ шоири И.Юсуповнинг индивидуал 
изланишлари ҳақида сўз боради. Автор композицион усуллар лирик 
асарни шакллантирувчи етакчи поэтик воситадир, деган хулосага 
келади.
Калит сўзлар: индивидуал услуб, маҳорат, композицион усул. 
Аннотация 
Данная статья посвящена изучению индивидуальных исканий 
каракалпакского поэта И.Юсупова. Автор приходит к выводу о том, что 
композиционные 
приемы 
являются 
ведущими 
поэтическими 
средствами, организующими лирическое произведение.
Ключевые слова: индивидуальный стиль, мастерство, 
композиционные приемы. 
Summary 
This article is devoted to the study of the individual searches of the 
karakalpak poet I.Yusupov. The author comes to the conclusion that 


111 
compositional techniques are the leading poetic means organizing a lyric 
work.
Keywords: individual still, skill, compositional techniques. 
Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында «миллий мәденияттың 
қүдиретин ҳәм раўажланыў жағдайын» өзиниң индивидуаль стилинде 
жәмлеген И.Юсупов лирикасы өзиниң ҳәммеге түсиниклилиги менен 
ажыралып турады. Ҳәр бир сөзге зергердей ислеў берип ой-пикирди 
жеткерип бериўде Ибрайымша усылды қәлиплестирген шайыр Батыс 
ҳәм Шығыс әдебиятының жанрларын қаракалпақ әдебиятына 
«өгейлигин» билдирмей шеберлик пенен еңдирди.
И.Юсуповтың «Амира азаплары» қосығы ең дәслеп 1988-жылы 
жәрияланған «Дузлы самаллар» топламында жарық көрген еди. Буннан 
1992-жылы шыққан «Таңламалы шығармалары»ның 2-томында ҳәм 
1997-жылы жәрияланған «Бүлбил уясы» топламында қайта басылып 
шықты. Қосықта сәўлелендирилген тема лирикалық қаҳарманның 
айралықтағы сезимлери.
Қосықтың көркемлигиниң биринши табысы сыпатында лирикалық 
қаҳарман ҳалаты менен шайырдың өзиниң руўҳый ҳалатының 
сәйкеслиги деп қараўымызға болады. Себеби, лирикалық шығармаларда 
автор тиккелей ондағы қаҳарманның өзи болмаса да, турмыслық 
фактлер де шайыр қосығының дөрелиўинде белгили дәрежеде түртки 
болатуғыны айқын. Қосықтың дөрелген ўақты менен есапласқанда 
шайырдың автобиографиясы менен таныс болған оқыўшы дәрҳал оннан 
шайырдың жеке басының қайғысын аңлайды. Ал, шайырдың өмири 
менен таныс емес оқыўшы қосық дәртин өзиниң дәрти сыпатында 
қабыл етеди. Себеби, лирикада лирикалық каҳарман образы улыўмалық 
сыпатқа ийе. Шайыр турмыслық фактти жүрегинде қайта сезинип, оған 
өзиниң қатнасын сиңдирип жаңа образ пайда етеди. Демек, қосықта 
шайырдың өмириндегиге уқсас ўақыя сөз етилсе, оны автордың дәл өзи 
деп емес, ал сол арқалы жеткерилген сезимлердиң сүўретлениўин 
жетекшиликке алыў талап етиледи. 
Екиншиден, шығарма текстин оқып қарағанымызда шығарманың 
көркемлигин тәмийинлейтуғын көркем сүўретлеў қураллары жүдә көп 
қолланылмайды. Ал, қосықтың тартымлылығы, көркемлиги тиккелей 
оның композициясына байланыслы екенлиги байқалады. Ол әпиўайы 
сөзлерди белгили бир тәртиплерде шеберлик пенен жайластырыў 
нәтийжесинде оның көркемлигине ерискен. Қөркем шығарма 
композициясында дөретиўшиниң көз-қарасы (позициясы) биринши 
орынға қойылады. Себеби, шығармадағы идеяның тәсиршең етип 
жеткерип берилиўи ҳәм тартымлылығы оның композициялық 


112 
пүтинлигине байланыслы. Қосықта азы-кем сюжет бар болғаны менен, 
сюжет ўақыялары эпикалық шығармалардағы сыяқлы ўақыяның 
басланыўы, раўажланыўы, шыңы, шешими сыяқлы бөлеклер негизине 
қурылмаған, ал керисинше, ўақыя лирикалық каҳаранның ишки 
кеширмелерин сүўретлеў ушын хызмет екен. Қосық автор тәрепинен 
бес композициялық бөлимге бөлип жайластырылған. Ең ақырғы 
бөлимнен тысқары ҳәр бир композициялық бөлим өз алдына лирикалық 
шегинислер менен бериледи. Тек ең ақырғы композициялық бөлим 
лирикалық қаҳарманның сүўретленип турған ўақыттағы руўҳый 
кеширмелерин сәўлелендирген. 
Қосықта баслы тема лирикалық қаҳарманның қәлбиниң 
жалғызлығы, орнын толтырып болмайтуғын айралыққа дуўшар болыўы. 
Мине, усындай кеширмениң инсан өмириндеги, руўҳыятындағы 
тәсирин сәўлелендириў ушын шайыр әжайып композициялық усылдан 
пайдаланады. Ол қосықтағы ой-пикирди ҳәр қайталанғанда өзгерислер 
(вариация) менен тәкирарланатуғын «қорқаман» қайталаўшы сөзи бар 
қатарлардан басланатуғын («Кеште ойын көриўге де қорқаман», «Суў 

Download 1.16 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling