Ikki elning tanti
МЕТАФОРА – КӨРКЕМ ШЫҒАРМАДАҒЫ ПОЭТИКАЛЫҚ
Download 1.16 Mb. Pdf ko'rish
|
И Юсупов ижоди фаолияти, шеърлар
МЕТАФОРА – КӨРКЕМ ШЫҒАРМАДАҒЫ ПОЭТИКАЛЫҚ
ҚУРАЛ (И.Юсупов шығармалары мысалында) Гөззал ӨТЕПБЕРГЕНОВА Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы оқытыўшысы РЕЗЮМЕ Мақола метафораларнинг назарий асослари ва И.Юсупов поэзисида метафораларининг қулланиши хусусиятлари ва бадиий-эстетик вазифалари сўз этилади. РЕЗЮМЕ В статье рассматриваются теоретические основы метафора, особенности и художественно-эстетические функции использования метафор в поэзии И. Юсупова. SUMMARY The article deals with the theoretical foundations of metaphors and the features and artistic and aesthetic functions of the use of metaphors in I. Yusupov's poetry. 104 Таянч сўзлар: тема, образ, жанр, шакл, бадиий услуб синтези. Ключевые слова: тема, образ, жанр, форма, синтез художественных методов. Key words: theme, character, genre, form, synthesis of artistic methods. Поэзияда мазмунды образлы сәўлелендириўде көркем тил әҳмийетли поэтикалық қубылыс болып табылады. Көркем образды жаратыў процессинде көркем тил шешиўши әҳмийетке ийе. Көркем тил, көркем сүўретлеў қуралларының ишинде аўыспалы, көркем образлы сүўретлеў қуралларының бири - метафора болып табылады. Әдебий жанрларда, әсиресе поэзиялық шығармаларда метафоралар шығарманың көркемлигин тәмийинлейтуғын поэтикалық қурал. Ол тек ғана көркем шығармада қолланылыўы менен шекленип қалмастан, күнделикли сөйлеў процессинде туўра мәнисинде ямаса аўыспалы мәниде қолланылыўы мүмкин. Поэзияда сөздиң аўысқан мәнилери образлы, эмоционаллық экспрессивлик жақтан пикирди анық, қысқа, ықшам жыйнақлы, толық жеткерип бериўде қолланылады. Бундай көркем поэтикалық қубылыс метофораларда ушырайды. «Метафора (гр.-metaphora -аўысыў) – көркем шығармада сүўретленип атырған образға сыртқы көриниси яки белгили бир қәсийети жағынан уқсаслығына қарай образларды алмастырып сүўретлейтуғын поэтикалық қурал»[6:152] - деп көрсетеди. Қазақ алымы З. Қабдолов:-«Әдебий тилдеги ең баслы қубылтыўлардың бири – аўыстырыў яки метафора – сөздиң мағанасын түрлендирип, өзгертип айтыў, сүўретленип атырған заттың ямаса қубылыстың мағанасын жоқарылатыў, мазмунын тереңлестирип, тәсирин күшейтиў»[7:368] - деп жазады. Демек, поэзияда мазмунның тереңлесиўине, оқыўшының сезим-туйғыларының артыўына, көркем-эстетикалық тәсир етиўине метафоралардың әҳмийети айрықша болып табылады. Көркем әдебиятта көркем тил, көркем поэтика ҳәм көркемлеў қуралларының теориялық тийкарлары Г. Абрамович, Б. Томашевский, В.Поляков, И. Султан, Т. Бабаев, Ҳ.Умаров, С.Ахметов, Қ.Камалов, Қ.Жәримбетов, Қ.Оразымбетов, Ж.Есенов, Б. Генжемуратов ҳәм т.б алымлар тәрепинен үйренилди. [2,3,4,5,6,7] Усы алымлардың мийнетлериндеги илимий теориялық принциплерин басшылыққа алып И.Юсупов поэзиясында метофоралардың қолланылыў өзгешелиги, көркем эстетикалық тәсиршеңлиги, көркем образлылықты, пикирдиң ықшам-жыйнақлылығын тәмийинлеўдеги хызметин үйрениў әҳмийетли мәселелердиң бири болып табылады. 105 И.Юсупов поэзияда инсанның руўхый қубылысларын көркем сүўретлеў барысында көркемлик изленислер алып барды. Шайыр халық турмысын, инсанның ишки сезимлерин, кейпиятларын, қурамаласып баратырған дәўир келбетин поэтикалық қураллар арқалы көркем пикирлеўде образлылыққа ийе болды. И.Юсупов поэзиясында үйрениў барасында метафоризациялық усыл менен жасалған сөз мәнилерин ямаса метафоралардың бир неше топарларын байқаўға болады. Шайыр поэзиясындағы метафоралардың басым көпшилиги затлардың, қубылыслардың олардың белгилериниң түр-түси, хызмети т.б. белгилерине қарай пайда болған екинши мәнилери болса да, сол мәнилердиң жийи қолланылыўы арқалы қосымша мәнилери дерлик жойылып, нәтийжеде сөздиң туўра мәнисиндей болып кеткен семантикалық бирликлерден ибарат. Бундай метафоралар образлылық жақтан бийтәртип болғанлықтан көркем шығармаларда әдеттеги сөзлердей қолланыла береди. И.Юсупов пикирди, туйғы-сезимлерди аўыспалы мәниде қурыўда, лирикалық мазмунды тереңлестириўде аўызеки ҳәм жазба поэзияда дәстүрге айланған метафоралардан шебер пайдаланған. Шайырдың поэтикалық дүньясында «гүл», «бүлбил», «булақ», «таў», «дәрья», «бүркит», «суңқар», «арғымақ» ҳәм т.б. метафоралардың поэтикалық хызмети көркем образлылықты тәмийинлейди. Шайда бүлбил қонып таза гүллерге, Хош қылықлы шийрин зибан тиллерде… [8:80] Дүньяға даңқ жайған өзбек еллери, Ғумшалап ашылған ығбал гүллери…[8:330] Бул еки қосық қатарларындағы метафоралар жәмийетлик- публицистикалық мазмун, туўылған жердеги жаңаланыўлар, жаңа қубылыслар гүл образында бериледи. Бунда гүл ҳәм бүлбил метафоралары өмир гөззаллықларын, сулыў жаңа қубылыслардың, дәўир ҳәм заман ағымының жаңаланыўы, жәмийеттеги унамлы қубылыслардың көркем образлылығын атқарып тур. Қызлардың сулыўлығын, нәзиклигин гүл образы арқалы сәўлелендириў поэзияда жаңалық емес. Шайыр бул қубылысты жаңаша поэтикалық түс берип, лириканың көркем эстетикалық тәсиршеңлигиниң артыўына ериседи. Аўпәрин! Бул кимниң гүли? Әжинияз, Мақтумқулы, Күншығыстың көп бүлбили Сайрай-сайрай тәрип еткен, Енди нәўбет бизге жеткен… [8:106] 106 Қосық қатарларында гүл метафорасы арқалы гөззал қыздың сулыў келбети көркем образы сәўлеленген. Ал бүлбил метафорасы гөззаллық жыршысы болған ашықлардың көркем образы болып табылады. И.Юсупов лирикаларында метафоралық сүўретлеў барлық қосықларында ушырасады. Шайыр дөретпелеринде муҳаббатты әдиўлеў ҳәм қәстерлеў, жоқары шайырлық мәденият ҳәм адамгершилик көзқараслар арқалы сәўлелендирилген. Шайырдың поэтикалық изленислери турмысымыздағы бәсекиликтиң күшейгенлиги, қарама- қарсылықлы дүнья, заманның тез пәт пенен раўажланыўы, адамзат жәмийетиниң, барлық инсанияттың руўхый кеширмелерин шайыр сезе билди. Мине, усы ой-толғанысларын символикалық-метофоралық усыллар менен көркем эстетикалық талапларға толық жуўап беретуғын шығармалар дөретти. Download 1.16 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling