Ikki elning tanti
Download 1.16 Mb. Pdf ko'rish
|
И Юсупов ижоди фаолияти, шеърлар
Қуў гелле: Тыңла, қүдиретли Искендер патша
Геллесимен мен Сулайман патшаның Қанаат қылмадым, мәңги суў иштим. [2.237] Бунда синекдоха менен жанландырыў араласып келген. Себеби қуў гелле пүтин заттың, адам денесиниң бир ағзасы, оған жанландырыў арқалы тил питип гелле адам сыяқлы сөйлейди. Поэмада жанландырыўдың басқа да түрлери де бар, ол тек әпиўайы баянлаў емес, ал бай көркем сыпатларға ийе. Мысалы: Әрасту: Сәлем Қуяш! О мәңгилик шырағы! Гүрлеп айдап өтип колесницаңды Космос кеңлигинде еле жүрсеңбе! [2.238] Бунда қуяш жанлы нәрсе сыяқлы сүўретленген. Қуяштың отлы дигершиктей болып космос кеңлигин айланып жүриўи ақылға сәйкес келмейди, ал керисинше, жер планетасы, бул өз көшери бойынша қуяш дөгерегинде айланатуғынлығы бизге мәлим. Мысалда көркем сүўретлеўдиң апострофа усылы да жақсы берилген, себеби жансыз нәрсеге, қуяшқа жанлы нәрсе сыяқлы қатнас жасап сәлем берилген. Бул қосық қатарында жанландырыў ҳәм апострофа екеўи теңдей қолланылып айрықша көркемлик ҳәм тәсиршеңлик пенен келген. 103 «Әжинияздың самалға шағыныўы» қосығының темасының өзи апострофа. Қосықта Әжинияз шайыр тили арқалы самал менен сәўбетлес болыўды мүрәжәәт етеди: Кел, сен сәўбетлес бол бизге, ҳәй самал! [5.72] -деп басланады. Әжинияз шайыр қәўесетли, ғаўғалы замандағы өзиниң ҳал- аўҳалын, турмыс тиришилигин айтыў менен бирге, егер де, дәўлет қайтып, исиң насырға шабарда, дослар өсек еткенде ҳәр қандай жағдайда самалдың пәрўана болыўын сөз еткен. Жуўмақлап айтқанда, талантлы шайыр И.Юсуповтың шығармалары терең мазмунлы, тили ширели. Шайырдың қосық ҳәм поэмалары көркемлиги жағынан инсанға эстетикалық заўық бағышлайды. Әдебиятлар 1. Салаев Ф., Қурбониёзов Г. Адабиётшунослик атамаларининг изоҳли сўзлиги. - Тошкент, «Yangi asr avlodi», 2010. 2. Қуранов Д., Мамажонов З., Шералиева М. Адабиётшунослик луғати. – Тошкент, «Akademnashr», 2013. 3. Юсупов И. Пазыйлет. - Нөкис, «Билим», 2014. 4. Юсупов И. Өмир, саған ашықпан... - Нөкис, «Қарақалпақстан», 1992. 5.Юсупов И. Таңлаўлы шығармаларының еки томлығы. II том. - Нөкис, «Қарақалпақстан», 1992. Download 1.16 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling