Ikki elning tanti


Download 1.16 Mb.
Pdf ko'rish
bet38/54
Sana25.03.2023
Hajmi1.16 Mb.
#1295289
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   54
Bog'liq
И Юсупов ижоди фаолияти, шеърлар

бойына барыўға да қорқаман», «Мен таўларға шығыўға да қорқаман», 
«Ақшам жалғаз қалыўға да қорқаман», «Отырыспаға барыўға да 
қорқаман») бес композициялық бөлимге жайластырады ҳәм усы 
қатарлар композициялық орай хызметин атқарады. Қосықта 
сүўретлениў ретроспектив композицияның қәдеси бойынша әмелге 
асады. Ҳәр бир композициялық бөлимде лирикалық шегинистиң 
басланыўы (ретроспекция – лирикалық шегинис арқалы тәмийинленген 
- Т.Г.) экспозиция менен, оннан соң лирикалық қаҳарман ҳәм 
лирикалық объект қатнасқан киши эпизод, соңында лирикалық 
қаҳарманның ҳәр бир ўақыяға ой-пикир жуўмағы бериледи: 
Суў бойына барыўға да қорқаман, →композициялық орай 
Лирикалық шегинис 
Гүзги кеш. Жап тынған. Жағалық аўлақ. →лирикалық 
шегинистеги экспозиция 
Үш түйир қып-қызыл жийде машаўлап, 
Уша баста жанар. 
«Булар ғарғадан 
Қалай аман қалған?» дедиң суқланып. 
Мен алдым тикенге тырналып барып
Үш жулдыз үзгендей айдың қасынан, 
Путақшаны алып келдим жаныңа, 
Ҳәм қуўандым сениң қуўанғаныңа. 
Гүмис жапырақларын үплеп, абайлап, 
Алып жүрдиң, үзип жемедиң бирақ. 


113 
«Неге екеў емес,...үш жийде булар?» 
«Бәлким, ким билипти... үш балам болар...» 
Деп шадлы ушқынлар ойнап көзиңде, 
Көкирегиме қойдың сулыў басыңды. → Лирикалық шегинистеги 
ўақыялы эпизод 
Умыттым дүньяны ҳәм де өзимди, 
Қапалықты, жеккеликти, жасымды... [1, 177] → Жуўмақ. 
Қосықта «қорқаман» қайталаўы қатнасқан тәкирарланыўшы 
қатарлар қосық пүтинлигинде алып қаралғанда, ҳәр жерде қайталанып 
таўлама (спираль) композицияны жасаған. Және де усы композициялық 
орай хызметиндеги қатарлар өз гезегинде көп қатламлы композициялық 
параллелизм (бес композициялық бөлим параллель жайласқан - Т.Г.), 
яғный, қатара қойыў усылында шөлкемлескен. Сонлықтан, ҳәр бир 
композициялық бөлим өз алдына еркин қосық болып қолланылса да, 
мазмунға кери тәсир жасамайды. Бунда параллелизм өзиниң белгили 
бир қатар яки шуўмақта сәўлелендиретуғын ўазыйпасын кеңейтип, 
композициялық параллелизм хызметин атқарыўға қатнасады. Соның 
ушын, қосықтағы композициялық бөлимниң ҳәр биринде сүўретленген 
ой-пикир бир-бирине тең тәризде қойылып, композициялық 
параллелизмлер арқалы тийкарғы идея толық ҳәм тәсиршең түрде 
жеткерилген.
Айралық темасын жырлаған шайырлар қарақалпақ лирикасында 
баршылық. Х.Дәўлетназаров ерисе алмаған ашығына арнап намасы 
өзинен шығып турған ырғаққа бай қосықлар жазды, Ж.Избасқанов 
айралықтағы ашығын қараңғы түннен, салқын самалдан, гүзден, сарғыш 
жапырақлар менен, жасыл гиядан изледи – тәбияттың ҳәр бир 
мүйешинде көре алды. Ал, Ш.Сейтов И.Юсупов пенен айралық 
жолында уқсас тәғдирге ийе, екеўи де өмирлик ярларын топыраққа 
қойған. Бул қайғыны Ш.Сейтов «Сағыныш» қосығында лирикалық 
каҳарманның күшли эмоциональ кеширмелери менен жеткерип береди. 
Ал, И.Юсуповтың айралық темасындағы қосықларын өз алдына бир 
дүрким сыпатында қараўға болады. Айралықтың «дәмин» бир емес, бир 
неше мәрте татып көрген шайырдың бул темаға қайта-қайта мүрәжәт 
етиўи де тәбийий еди. Сонлықтан И.Юсуповтың айралық темасындағы 
қосықларында тек оның өзине тән индивидуаллығы байқалады.
Қосықтың мазмунын шөлкемлестириўде шайыр тәрепинен 
таңланған композиция өзиниң мақсетин ақлаған. Себеби, қосық улыўма 
көп қатарлы, көп бәнтли, кең көлемли болыўына қарамастан, оның 
шайыр тәрепинен бир неше композициялық бөлимлерге бөлиўи, ҳәр бир 
бөлимниң өзи жеке турғанда бир пүтин қосықлық ўазыйпаны 
атқаратуғыны, бирақ олардың барлығы «қорқаман» қайталаўына 


114 
мәнилик жақтан бағыныўы, ҳәр бир бөлим ҳәм толық қосық улыўма 
әдебияттағы лирикалық қосықтың мазмун ҳәм формасына қойылатуғын 
талапларды орынлаўы менен бирге, шайыр тәрепинен таңланған 
композицияның ишки ҳәм сыртқы қатаң қағыйдалары менен 
шөлкемлескенлиги, атама, эпиграф ҳәм сәнени қосық мазмуны менен 
байланыслы таңлаўы сыяқлылар оның табысын тәмийинлеп, көркемлик 
жақтан жоқары, әдебиятта орны бар шығармаға айландырған. 
Қысқалықты ҳәм субъективликти барынша талап ететуғын лирикалық 
қосықта бир неше эпизодлық ўақыяларды эмоционаллық тәсиршеңлик 
пенен, және де қурғақ баянлаўға емес, тартымлы сүўретлеп, қурамалы 
композициялық пүтинликти пайда етип, бирақ оны оқыўшыға жигин 
билдирмей саўға етиў – Ибрайымша индивидуаллықтың бир ғана қыры 
болып табылады. Шайыр лирикасындағы композициялық изленислер, 
оның индивидуаль стили көзқарасынан еле де тереңирек үйрениўди 
талап етеди. 

Download 1.16 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling