Маҳбуба Хамидова


Илимий басшының рецензиясы


Download 1.19 Mb.
bet57/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Илимий басшының рецензиясы


Илимий басшы жақлаў күнине дейин он күн қалғанша Қәнигелескен Кеңеске изертлеўшиниң илим кандидаты илимий дәрежесин алыўы ушын рецензиясын 2 нусқада усынады.
Рецензияда изертлеўшиниң илимий изертлеў жумысында ерискен жетискенликлери, оның илимий пикирлеў қәбилети, қубылысларды таллай алыўы, илимий мақсетке ерисиў жолындағы беккемлиги, мийнет сүйиўшилиги, инталылығы, маманлығын арттырыўға болған умтылыўы, изертлеўшиниң жәмийетлик жумыслардағы қатнасын көрсетеди. Сондай-ақ, таярланған жумыстың сапасы, оның теориялық ҳәм әмелий әҳмийети, диссертацияның тили ҳәм усылы баҳаланады, диссертацияға қойылатуғын талапларға жуўап бериўи көрсетип өтиледи.
Илимий басшының рецензиясы илимий басшының қолы ҳәм ол ислеп атырған шөлкемниң гербли мөри менен тастыйықланады.


Авторефератқа рецензия

Авторефератқа рецензияда әдетте


-орынланған жумыстың әҳмийетлилиги;
-жаңалық дәрежеси;
-алынған нәтийжелердиң илим ҳәм әмелият ушын әҳмийети;
-усыныс ҳәм пикирлер;
-авторефераттың тили ҳәм усылын баҳалаў;
-диссертацияға қойылатуғын талапларға жумыстың муўапықлығы сәўлелендириледи.
Авторефератқа рецензия шөлкемниң бланкасында (гербли бет) (1 бети) жазылады, 1-3 адамлардың илимий дәрежеси, атағы, лаўазымы ҳәм жумыс орны көрсетилип жазылады. Олардың қолы жумыс орнының гербли мөри менен тастыйықланады. Рецензияға қол қойған адам (адамлар) орынлаўшы есапланады.


Диссертация жумысы нәтийжелериниң баянаты


Қәнигелескен Кеңес диссертация жумысының тийкарғы нәтийжелерин баян етиў ушын илим кандидаты илимий дәрежеси ушын талабанға 20 минут, илим докторы илимий дәрежесине талабанға 40 минут имканият береди. Белгиленген қағыйдаға бола диссертация жумысының нәтийжелери бойынша баянат ҳәр қашанғыдай, улыўма кирисиў, жумыстың мазмуны ҳәм жуўмақтан ибарат болады. Анық баянат дәрежеси төмендегидей дүзиледи:
-диссертацияның атамаланыўы;
-жумыстың әҳмийетлилиги ҳәм оғада зәрүрлиги тийкарлары;
-анық ҳәм анық емесликлер арасындағы қарама-қарсылықлар;
-диссертация темасы бойынша илимий машқалалар;
-диссертация жумысының мақсети;
-белгили бир қарарлардың системалылығы;
-илимий машқаланы шешиў ушын орынланыўы талап етилетуғын...;
-мәселени шешиў имканиятлары;
-белгили болғанлардан айырылып туратуғын ҳәм мақсетке ерисиўге имканият беретуғын жаңа қарарлар...;
-биринши рер шешилген теориялық мәселелер...;
-теориялық жағдайларды тастыйықлаўшы эксперименталлық изертлеўлер...;
-алынған нәтийжелер... эффективликти арттырыўға мүмкиншилик береди;
-жумыс нәтийжелери... шөлкемлерде қолланылған;
-усыныслардан... пайдаланыў мүмкин;
-диссертация темасының келешектеги перспективасы;
-жумыс бойынша улыўма жуўмақ.

Теманың жуўмақлаў бөлимин оқып бериў мүмкин, бирақ илажы барынша “қағазсыз”, диссертация нәтийжелери бойынша, яғный жумыстың унамлы таяныш тәреплери: әҳмийетлилиги, жаңалығы, исенимлилиги ҳәм әмелий пайдасын баян етиў керек.


Диссертацияның табыслы жақланыўы диссертанттың шығып сөйлеўине, баянатына байланыслы, бундай болмағанда жақлаўы табыссыз болған диссертант бир жылдан кейин жақлаўы мүмкин.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   53   54   55   56   57   58   59   60   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling