Маҳбуба Хамидова


Download 1.19 Mb.
bet56/63
Sana12.03.2023
Hajmi1.19 Mb.
#1263267
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   63
Bog'liq
Хамидова М Илимий доретиушилик методологиясы 2009

Жетекши шөлкем


Қәнигелескен Кеңес диссертация бойынша илим ҳәм халық хожалығының тийисли бағдары бойынша табысларға ерискен шөлкем (кәрхана)ны жетекши шөлкем етип тайынлайды.
Жетекши шөлкемге рецензия ушын жиберилген диссертация шөлкем басшысы тәрепинен додалаў ушын лаборатория ямаса бөлимге (кафедраға) жибериледи. Жетекши шөлкем рецензиясында диссертация нәтийжелери бойынша автордың илим ҳәм өндирис ушын қолға киргизген нәтийжелериниң әҳмийети сәўлелендириледи.
Рецензияда диссертация бойынша жуўмақлар ҳәм анық усыныслардың мазмуны келтириледи.
Жетекши шөлкемниң рецензиясында төмендегилер анықланады:
-орынланған жумыстың әҳмийетлилиги;
-диссертация авторы тәрепинен алынған нәтийжелердиң илим ҳәм өндирис ушын әҳмийети;
-диссертация нәтийжелери ҳәм жуўмақларынан пайдаланыў бойынша усыныслар;
-диссертацияның мазмуны ҳәм рәсмийлестирилиўи бойынша улыўма кемшиликлер;
-автореферат ҳәм диссертацияның усылын және тилин баҳалаў.
Рецензия жуўмағында Өзбекстан Республикасы ЖАК талаплары тийкарында диссертацияға баҳа бериў менен бирге, Қәнигелескен Кеңес жуўмағында диссертацияның биринши маманлық белгилери нәтийжелери бойынша характери баҳаланады.


Жетекши шөлкемниң рецензиясы


Жетекши шөлкемниң рецензиясы шөлкемниң арнаўлы баланкинде жазылады ҳәм еки нусқада шөлкемниң басшысы ямаса оның орынбасарының қолы ҳәм гербли мөр менен тастыйықланып Қәнигелескен кеңеске усынылады. Рецензияның дурыслығы ушын шөлкемниң басшысы жуўапкер есапланады ҳәм жақлаўға дейин 10 күннен кешиктирместен Кеңеске усынылыўы керек болады.


Рәсмий оппоненттиң рецензиясы


Диссертация бойынша оппонент болыў Қәнигелескен Кеңестиң тапсырмасына бола илимниң усы саласы қәнигелиги бойынша илимий табысларға ерискен ҳәм диссертация бойынша терең маманлық билимине ийе, қалыс баҳа бере алатуғын, жоқары илимий принципиал ҳәм талапшаң алымға бериледи. Қәнигелескен Кеңестиң тапсырмасын орынлаў ҳәр бир алымның миннети. Алымлар ҳәм халық хожалығы қәнигелериниң илимий және илимий педагогикалық кадрлар аттестациясында қатнасыўы, диссертацияларға оппонентлик етиў олардың жәмийетлик илимий жумысының ең әҳмийетли тәрепи сыпатында қаралады.
Рәсмий оппоненттиң диссертация бойынша рецензиясы, Қәнигелескен Кеңестеги оның шығып сөйлеўи, аттестацияда белгиленген тәртипте мазмунлы дәретиўшилик пикир тартыслары, анық ҳәм толық талаплардың орынланыўы диссертацияны жақлаўда зәрүрли элементлер есапланады.
Оппоненттиң кең экспертизасы, рецензияның толықлығы ҳәм тийкарланғанлығы Қәнигелескен Кеңес экспертизасының сапасы, илимий дәреже бериў ушын әдалатлы ҳәм дурыс қарар қабыл етиў ушын тийкар болып есапланады.
Рәсмий оппонент изертлеўшиниң диссертация ҳәм тема бойынша жарияланған жумысларын үйренип шығып Кеңеске резенция усынады. Резенцияда:
-таңланған теманың әҳмийетлилиги;
-жуўмақ ҳәм усыныслардың илимий тийкарланғанлығы дәрежеси;
-исенимлилиги;
-жаңалығы ҳәм басқаларға баҳа бериледи.
-Рәсмий оппоненттиң рецензиясында диссертацияның Өзбекстан республикасы ЖАК илимий дәрежелер бериў Режесиниң талапларына муўапықлығы көрсетиледи.
-Жумыстың обьектив баҳаланыўы оның унамлы ҳәм унамсыз тәреплерин көрсетип бериўден ибарат.
-Оппонент жақлаў ўақтында пикир-тартыслары ушын тийкар болыўы мүмкин болған таяныш (гилт) машқалалар, исенимли болмаған тартыслы жуўмақларға итибар берўи керек.
-Оппонент изертлеўшиниң диссертациясы нәтийжелериниң илим ҳәм әмелият ушын әҳмийетин сын баҳалайды ҳәм олардан пайдаланыўдың анық жолларын көрсетеди.
-Диссертацияның мазмунын баҳалаўда оппонент тамамланғанлық дәрежеси ҳәм рәсмийлестирилиў сапасы, диссертацияның тийкарғы нәтийжелериниң илимий басылымларда басылғаны, авторефераттың мазмуны диссертацияның тийкарғы идеялары ҳәм жуўмақларына муўапық келиўин көрсетип өтеди.
Егер оппонентте диссертация ҳақында унамсыз пикир пайда болса, илимий дәрежеге ылайық емеслигиниң себеплери анық көрсетиледи. Рәсмий оппонент Қәнигелескен Кеңестен диссертация ҳаққында жуўмақ таярлаў менен байланыслы тийисли мағлыўматларды талап етиўге ҳақылы болады.
Диссертация ҳаққында рецензия оппонент тәрепинен изертлеўшиге жақлаў күнине дейин 10 күн алдынан тапсырылыўы ушын 2 нусқада Қәнигелескен Кеңеске тапсырылады. Ҳәр бир рецензия нусқасына оппонент тәрепинен қол қойылады ҳәм ол ислейтуғын шөлкем ямаса Қәнигелескен Кеңес етилген шөлкемниң мөри менен тастыйықланады.
Диссертация жақланып атырғанда оппонент рецензияның сын пикирлери бөлегин оқып еситтиреди, қалған бөлегин болса еркин түрде сыпатлайды.



Download 1.19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling