Манги булаклар doc


Download 0.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet21/39
Sana28.02.2023
Hajmi0.5 Mb.
#1237555
TuriПоэма
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   39
Bog'liq
mangibul

АДАМНЫҢ ҚОСЫҒЫ 
Бахыт нурын қушып жасайық,
Безеп басты даңқ гүлдəстеси.
Туўысқанларша қушақласайық,
Қызсын шадлы жаслар кешеси. 
Таба алмасын есигимизди
Сатқыншылық, алдаў, ғыйбатлық.
Ҳүрмет табар бул жерде бизден
Ўатан, илим, намыс, азатлық. 
Бир-биреўге дослық қол созып,


43
Көксимизди ашамыз əлбетте.
Сезим, тилек, ойларды озық
Жетелеймиз бийик мақсетке. 
Қайғы, азап женшилер бунда,
Кеўиллилик, жыр арасында. 
Кимлер бизге дос ҳəм ағайин
Мийнетте ҳəм шадлық гезинде,
Есте тутсын уставты бизиң,
Даңқ ишинде, плуг изинде. 
Усы жерде берилген анты
Өмиринше оған йош берсин:
Намыс, илим, ҳəм де ўатанды
Мəңги сүйип қорғаўы ушын. 
Жоллар қанша болса да аўыр,
Бирлессек биз жетемиз бахытқа,
Мəртлик, мийнет, дослық - татыўлық
Қуўат берер ондай ўақытта. 
УЛЛЫ ПЕТРДИҢ ЕСКЕРТКИШИНЕ 
(үзинди
Жаңбырлы кеш. Бир плащты жамылып бирге,
Ол екеўи қол усласып турды бул жерде.
Бири - жаслай өзи өшиккен зулым ҳүкиминде
Қуўдаланған күн батыслы адам еди бир.
Екиншиси - ҳүрмет тапқан қараңғы елде,
Россияның барды
2
еди - атақлы шайыр.
Қəсийетли дослық нуры бийлеп оларды,
Дос болысып, бир-бириниң қолларын қысқан.
Инталары тыңламас ҳеш тосқынлықларды,
Альпадағы еки шыңдай олар туўысқан:
Таўдан қуйған сарқырама ол екеўиниң
Араларын мəңгиликке турса да бөлип,
Қулақ аспас, жаў тасқынның тыңламас үнин,
Бир-бирине турар қарлы басларын ийип. 
 
ПАН ҲƏМ ЖАБАН ҚЫЗЫ 
 

Жүрди қыз тоғай жақта
Жабайы жемис терип.
Пан келип түсти аттан,
Сыпайы сəлем берип. 
Сорасар жатырқаўсыз
Ҳəм қызға күлип қарар.
2
Бард – шайыр. 


44
Уялып ийбалы қыз,
Кирпигин төмен салар. 
- Бир достым менен келип,
Жүр едим қус аўында,
Ол кетти адастырып,
Бир өзим қалдым бунда. 
Көп екен бунда соқпақ,
Адаспаў қыйын болды. 
-Силте, қыз, сен анықлап, 
Қалаға барар жолды. 
Дым шаршап - шалықтым ҳəм
Адасып қатты еңсем.
- Жетерсен, асықпа, пан,
Үйиңе кеш түскенше, -
Дер оған падашы қыз, -
- Қайың тур əне, шетте.
Сол жерден бурылыңыз,
Жол шығар өзек бетке; 
Үстинен суўлы өзектиң,
Оң қолға жағалап бар.
Көпир тур селкиншекли,
Аржағы қала болар. 
Бас ийип пан қуўлана,
Қыз қолын қысты əстен.
Ҳəм минип қара атына,
Ысқырды “шүў” деп бирден. 
Телмирип қарап панға
Бир алып аўыр демин,
Гүрсинди қыз бийшара,
Билмеднм неге екенин... 
II 
Жүрди қыз тоғай жақта,
Жабайы жемис терип,
“Қайтып кеп пан бир ўақта,
“Əпиў ет»” деди күлип: 
- Маған бир басқашарақ
Жол силте, ҳей, бойжеткен,
Суў бойын сонша қарап,
Таппадым ҳеш бир өткел. 
Көпир де жоқ ол бетте...
Турсаң ба мазақ етип?


45
Ямаса жас жигитти
Өлсин деп суўға кетип? 
- Онда сен бара ғой, ҳүў -
Қораның оң жағы жол!
Дəўлетиң артсын сулыў!
- Пан, сен де бахытлы бол! 
Тағы да изинен панның
Қарады ол созып бой.
Гүрсинер қыз не ушын,
Енди ол белгили ғой … 
III 
Жүрипти қыз тоғайдан
Жабайы жемис терип.
Тағы кайтып келип пан,
“Кешириң!” - деди күлип. 
- Рəҳим ет қудай ушын,
Жолыңды силте оңлап:
Оқпанлап, аттан ушып,
Тас қалдым өле жазлап. 
Жабайы аңлар көрдим
Улысып жүр гүркиреп. 
Отыншы мужиклердиң
Соқпағы болса керек. 
Күнбойы аңда жүрип,
Шөлиркеп аңқам кепти.
Атым да əбден ҳарып,
Ақ көбик болып кетти. 
Булақтан суў бер, жаным,
Суўытсын бойға тарап.
Атым да суўға қансын,
Отласын ҳəм азырақ... 
Пан усылай күлип қуўнақ,
Атынан түсти жерге.
Қызарып бети дуўлап,
Қарады қыз төменге. 
Қарады пан урланып,
Қыз алар демин ақырын. 
Пан сөйлер сыбырланып,
Ҳəм тыңлар қыз жуўабын. 
Тек те бир жаман жери,
Самал еспеди оңлап,


46
Жеткермеди олардың
Сөзлерин маған урлап... 
Бирақ, шынынан келсек,
Билдирип тур көзлери:
Жол туўралы емес тек
Олардың бул сөзлери... 

Download 0.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   39




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling