Сабырлылық-жақсылықтың нышаны.
Ашыў-душпан ақмақлықтың пышағы. (Т.Ж)
Атлықлар көпшилик жағдайда толықлаўыш хызметин де атқарады. Мысалы:
Үшинленши күн толғанда, Алпамыстай баланы тарта берди өзине.
Атлықлар келбетлик, санлық, алмасық ҳәм келбетлик фейиллерден болған
анықлаўышлар менен анықланып қолланылады. Мысалы: Кең пейилли азаматларың,
қонаққа жан бериўге таяр. Ҳәр қайсысының жылаўында онлаған гедей жүр. т.б.
Атлықлар мәнилик жақтан төмендегидей түрлерге бөлинеди: 1) ғалабалық ҳәм
меншиклик атлықлар, 2) конкрет ҳәм абстракт атлықлар, 3) дара, жәмлеўши ҳәм затлық
атлықлар, 4) бетлик ҳәм бетлик емес атлықлар, 5) анық ҳәм анық емес атлықлар.
Ғалабалық ҳәм меншикли атлықлар. Биргеликли предмет ҳәрекет, сапа,
қубылыс ҳәм ҳал жағдайлардың ўлыўма атамасын билдиретуғын атлықлар ғалабалық
атлықлар деп аталады: бала, стол, китап, қой, жаўын, самал,таў, дәръя жыйналыс
ҳ.т.б.
Меншикли атлықлар. Адамларға, айырым ҳайўанларға ҳәм жансыз
предметлерге, предметлердиң гейпара түрлерине ҳәм сортларына, оларды өзлерине
уқсас биргеликли предметлерден ажратыў ушын арнаўлы қойылған шәртли
атамаларды билдиреди. Мәселен: 1) Адамлардың аты фамилиялары: Бердақ, Айдос,
Алияр Досназаров; 2) Ҳайўанларға арнап қойылған атлар: Байшубар, Ақтырнақ,
Гулсары; 3) Географиялық объектлердиң атлары: Әмиўдәръя, Қаратерең, Хожели;
4
) Аспан денелериниң атлары: Ай, Қуяш, Шолпан: 5) Сиясий жәмийетлик, тарийхый
ўақыялардың, баспаханалардың, газета ҳәм журналлардың әдебий шығармалардың
китаплардың атлары: Бозатаў көтерилиси, «Билим» баспасы, Айқулаш, «Посқан
ел» т.б; 6) Ҳәр қыйлы маркадағы затлар ҳәм сортлардың атамалары; Нексия, Матиз,
Қарақум (конфета) т.б.
Конкрет ҳәм абстракт атлықлар. Ғалабалық атлықлар конкрет ҳәм абстракт
болыўы мүмкин. Конкрет атлықлар объектив дүньядағы конкрет предметлердиң, тири
жәнликлердиң сондай-ақ санаўға болатуғын ҳәр қыйлы қублыслардың атын билдиреди:
жай, терек, журнал.
Ҳәр қыйлы абстракт түсиниклердиң (сапа, қәсийет, ҳәрекет, ҳал-жағыдай) атамаларын
билдиретуғын атлықлар абстракт атлықлар деп аталды. Гөззалық, кек, ар,
Do'stlaringiz bilan baham: |