Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


қарай, қарағанда, қарамастан


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet44/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

қарай, қарағанда, қарамастан. Қарақалпақ тилинде тиркеўиш сөзлер сепликлер 
менен дизбеклесип келиўине қарай төмендеги түрлерге бөлинеди. 
1
. Атаў сеплигиндеги сөзлерди басқарып келетуғын тиркеўишлер. Булар 
төмендеги сөзлер киреди: менен, бенен, ҳаққында, жөнинде, туўралы, арқалы, 
ушын, сайын, бойынша, киби, яңлы, сыяқлы, тәризли, тақылетте, қурлы, 
қурлым, шелли, себепли, себептен, ишинде, қәлпинде, рәўиште, ретинде, 
сыпатында. Мысалы: Ертеңине азан менен мешитке бардым, ҳеш бир бала келмепти. 
(Ә.Шамуратов) 
2
. Барыс сеплигиндеги сөзлерди басқарып келетуғын тиркеўишлер. Барыс 
сеплигиндеги сөзлерди талап етип оның менен бир мәнилик қатнаста жумсалатуғын 
тиркеўишлердиң баслылары төмендегилер: таман, жақын, жуўық, салым, бейим, 
дейин, шейин, шекем, қарсы, бола, қарағанда, қарамастан, қарап, қарай, сай, 
сәйкес. Мысалы: Усыншама ири геўдесине қарамастан, пырқылдап жылап жеңетуғын 
еди. (А.Садықов) Түске таман изимизден олар да жетип келди. (Ә.Атажанов) Дәрҳал 
молланың үйине қарай жуўырдым. (Ә.Шамуратов) 
3. Табыс сеплигиндеги сөзлерди басқарып келетуғын тиркеўишлер
Тиркеўиш сөзлердиң айырымлары табыс сеплигиндеги сөзлерди басқарып, олар менен 
бир мәниде қолланылады. Ондай тиркеўишлер тилимизде онша көп емес. Олар 
мыналар: жағалап, бойлап. 1. Аздан кейин соқпақ үстин бойлап терек тасасындағы 
емески жайға нәзерлеп ушып кетти. 2. Анамның силтеўи менен салманы жағалап кете 
бердим. (Ә.Атажанов) 
 4
. Шығыс сеплигиндеги сөзлерди басқарып келетуғын тиркеўишлер
Қарақалпақ тилинде шығыс сеплигиндеги сөзлерди талап етип оның менен бир 
мәнилик қатнаста жумсалатуғын тиркеўишлер мыналар: бери, берли, бермаған, бетер, 
баслап, бурын, илгери, алдын, кейин, соң, гөри, басқа, өзге, бөтен, тыс, тысқары, 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling