Бириктириўши дәнекерлер тийкарынан гәптиң биргеликли ағзаларын, сондай-
ақ дизбекли қоспа гәптиң сыңарларын өз-ара байланыстырыў ушын қолланылады ҳәм
олардың арасындағы мәнилик байланыстың бир-бири менен тең екенлигин билдиреди.
Бириктириўши дәнекерлерге ҳәм, ҳәм де, және, және де, тағы, тағы да, менен (бенен,
пенен) да, де, та, те көмекши сөзлери киреди. Жумабай менен Калан оңға қарай
жүрип кетти. (А.Садықов)
Қарсылас дәнекерлер тийкарынан биргеликли ағзаларды ҳәм дизбекли қоспа
гәптиң қурамындағы жай гәплерди бир-бирине қарама-қарсы мәнилик қатнаста
байланыстырыў ушын қолланылады. Қарсылас дәнекерлер қатарына бирақ, лекин, ал,
сонда да, солай да, солай болса да, сөйтсе де, деген менен т.б дәнекерлер киреди.
Мысалы: Тентеги отырған жеринен өрре түргелди, бирақ кейин шегинбеди
(Ә.Атажанов)
Аўыспалы дәнекерлер. Қарақалпақ тилинде аўыспалы дәнекерлер еки түрли
категорияны - биргелкили ағзалардың ҳәм дизбекли қоспа гәптиң сыңарларын бир
бирине аўыспалы мәниде байланыстырып келеди. Аўыспалы дәнекерлердиң қатарына
я, ямаса, яки, я болмаса, яки болмаса, не, әлле, мейли т.б. дәнекерлер жатады.
Мысалы: Ата-анасының абыройын көкке көтерип жүрген, я болмаса әкесинен алық
шығып ел басқарып отырған перзенлер аз ба? (Ә.Атажанов)
Гезеклес дәнекерлер. Ҳәр түрли биргелки ағзаларды ҳәм дизбекли қоспа гәптиң
сыңарларын бир-бирине гезеклеслик мәни де байланыстырыў ушын қолланылады.
Гезеклес дәнекерлердиң қатарына гә, гәҳи, гейде, базда, биресе, бирде, бир, әри т.б.
дәнекерлери киреди. Қарақалпақ тилинде гезеклес дәнекерлер көбинесе биргелкили
ағзалардың ҳәр қайсысы менен қайталанып қолланылыў мүмкиншилигине ийе.
Мысалы: Олар таңның атыўы, күнниң батыўы шыжғырған күнниң астында гә отырып
гә еңкейип отақ отады. (А.Садықов)
Бағындырыўшы дәнекерлер. Булар тийкарынан қоспа гәптиң қурамындағы
жай гәплерди бир бирине бағындырыў жолы менен байланыстырып, бағыныңқылы
қоспа гәпти дүзеди. Бағындырыўшы дәнекерлер арқалы байланысқан бағыныңқылы
қоспа гәптиң қурамындағы жай гәплердиң биреўи бағыныңқы гәп болады да, ал
екиншиси бас гәп болады. Қоспа гәптеги жай гәплердң арасындағы ҳәр түрли мәнилик
қатнасларды билдирип келиўине қарай бағындырыўшы дәнекерлер үш топарға
бөлинип қаралады: 1) себеп дәнекерлери, 2) нәтийже дәнекерлери, 3) шәрт
дәнекерлери.
Do'stlaringiz bilan baham: |