Силтеў жанапайлары өзлери байланысып келген сөзге көбинесе гәпке силтеў,
нусқаў, нәзерин аўдарыў, жуўмақлаў усаған қосымша мәнилерди билдиреди.
Минекей,
қарай ғой, бир түпте қанша нәл бар. (Т.Қайыпбергенов)
Модальлик мәни бериўши жанапайлар гәптеги айтылған ой
пикирге ямаса
қандай да бир қубылысларға түрлише модальлик мәнилик түс береди. Модальлық мәни
бериўши жанапайлар мәнилик айырмашылықларына қарай төмендегидей түрлерге
бөлинеди.
Сораў жанапайлары. Модальлық мәни бериўши сораў жанапайларына ма//-ме,
-
па//-пе, -ба//-бе, -ше жанапайлары киреди мысалы: Мынаў соның берип кеткен қағазы
ма? Машина еле көп тоқтай
ма? Бәҳәр айындағы бултқа исенип бола
ма?
Мақуллаў жанапайлары. Буған
аўа, мақул, жақсы, яқшы, болады, әжеп
жанапайлары киреди. Мысалы.
Аўа, Нуралы дурыс айтады. (А.Әлиев) Яқшы, үйиңе
қайта бер. (Т.Қайыпбергенов)
Әжеп, айтқаныңды булжытпай орынлаймыз.
(Ә.Атажанов)
Бийкарлаў жанапайлары. грамматикалық мәниси жағынан айтылған ой-
пикирди бийкарлайды ҳәм оған наразылық билдиреди.Бийкарлаў яки наразылық
сыяқлы модальлик мәни
жоқ, жақ (яқ) емес, емей, -ма-ме, -па-пе, -ба-бе усаған
жанапайлардың қатнасыўы арқалы билдириледи.
Жоқ олай емес.
Яқ әўере болма,-деди
Камал. (Ж.Жандосов)
Do'stlaringiz bilan baham: