Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Нағыз яки түпкиликли жанапайлар


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet48/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

Нағыз яки түпкиликли жанапайлар сыртқы түри жағынан пүтин сөздиң 
жарым-жарты бөлекшеси түринде қолланылады ҳәм гәп ишинде тек жанапайлық 
мәниде ислетиледи. Мысалы: тек, аў, а, ә, ғана, да, дә, ше, өс, түўе, ап (анық), жап 
(жақсы), қып(қызыл), сап (сары) доп (домалақ)
Басқа сөз шақапларынан қәлиплескен жанапайлар. Жанапайлардың бул 
түри, тийкарынан мәнили сөз шақапларынан сондай-ақ айрым көмекши сөзлерден 
болып, олар гәпте бәрқулла жанапайлық хызметте қолланылыўы арқалы биротала 
жанапай болып қәлиплеседи. Мәнили сөзлерден жанапайлық хызметке өтип, жанапай 
болып қәлиплескен сөзлер өзлериниң дәслепки лексикалық мәнисинен айрылып 
абстракт грамматикалық мәнини аңлатады. Бул топарға төмендеги жанапайлар киреди: 
ең, жүдә, орасан, нағыз, саррас, әнекей, минекей ҳ.т.б. Жанапайлар дүзилиси 
жағынан дара ҳәм қурамалы жанапайлар болып екиге бөлинеди. 
Дара жанапайларға қурамы жағынан тек ғана бир сөзден болған жанапайлар 
киреди: ғой, ғана, мине, нағыз, сирә, ҳасла, наятый, гилкий, мисли ҳ.т.б. 
Қурамалы жанапайларға еки ямаса оннанда артық сөзлердиң дизбегинен 
болған жанапайлардың топары киреди: тек ғана, ең аса, жүдә ҳәм сөзлери. Жанапай 
сөзлер басқа сөз шақаплары менен солардың ишинде әсиресе модаль сөз, дәнекер, 
тиркеўишлер менен жақынлығына, олардан айырмашылығына ҳәм өзине тән мәнилик 
өзгешелигине қарай төрт топарға бөлинеди: 1) қосымша мәни бериўши жанапайлар, 2) 
модальлик мәни бериўши жанапайлар, 3) ишки сезимлик ҳәм тәсирлилик мәни 
бериўши жанапайлар, 4) форма жасаўшы жанапайлар. 
Қосымша мәни бериўши жанапайлар. Бул түрге киретуғын жанапайлар 
өзлери қатнаслы болған сөзге яки гәпке ҳәр түрли қосымша мәнилерди жүклейди. 
Бундай жанапайлардың айрымлары ой-пикирди анықлайды, исенимли етип береди
күшейтип көрсетеди, ажыратыў ҳәм шеклеў, силтеў ҳәм бағдарлаў мәнилерин береди. 
Мине усындай ҳәр түрли мәнилик түс бериўлерине байланыслы олар тийкарынан 
төмендеги түрлерге бөлинип қаралады. 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling