Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Жеке мәнили модаль сөзлер


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet51/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

Жеке мәнили модаль сөзлер гәпте айрымланып қолланылып, лексикалық 
мәниси бойынша сөйлеўшиниң айтылған пикирге қатнасын билдиреди ҳәм кирис ағза 
хызметин атқарады. Мысалы: Ҳақыйқатында да, инсан өмири қарама-қарсылықларға 
толы болады. Бәлким, бираз сөзлерин умытқан шығарман. (Ә.Атажанов) 
Компонентлик модаль сөзлер жеке турып қолланылмайды, олар тек ғана 
қоспа баянлаўыштың составында келип, сол баянлаўышқа ҳәр қыйлы модальлик 
мәнилер жүклейди: керек, зәрүр, тийс, дәркар, шәрт шығар ҳ.т.б. Мысалы: Мен неге 
күтип алыўым керек. Қорқып кеткен болыўы да итимал
Қарақалпақ тилиндеги модаль сөзлер қурылысы бойынша тийкарғы модаль 
сөзлер ҳәм функциональ модаль сөзлер болып екиге бөлинеди. 
Тийкарғы модаль сөзлерге өзлериниң дәслепки лексикалық мәнисин 
өзгертип, ҳәзирги ўақытта тек модальлық мәнисинде қолланылатуғын сөзлер киреди. 
Олар морфемаларға ажыратылмайды. Әлбетте, бәлким, мүмкин, итимал ҳ.т.б. 
Олардың айрымлары араб-парсы тиллеринен өзлестирилген сөзлер болып есапланды. 
Функционал модаль сөзлер деп контекстке қарай бирде өзиниң тийкарғы 
лексикалық мәнисинде бирде модальлик мәниде қолланылатуғын сөзлерге айтылады. 
Мысалы: Ғарры гәпиниң соңын айтыўға шамасы жетпеди. Шамасы, бир жерлерге 
тайып кетип қулаған болыўы керек. 
Еликлеўишлер. Адамлардың сондай-ақ ҳайўанлар, қуслар ҳәм жансыз 
предметлердиң ерикли ҳәм ериксиз шыққан ҳәр қыйлы сеслерин ямаса қозғалыс 
көринислери ҳәрекет ҳәм ҳәр қйлы жүрис-турысларын сес пенен шәртли түрде 
көрсететуғын яғный ҳәр қыйла сеслик ҳәм ҳәрекетлик образлардың шәртли копиясы 
болып хызмет ететуғын сөзлер еликлеўишлер деп аталады. Семантикалық 
өзгешеликлерине қарай еликлеўишлер: 1) сеске еликлеўишлер 2) көриниске 
еликлеўишлер болып екиге бөлинеди.
Сеске еликлеўишлер адамлардың ҳайўан ҳәм қуслардың предметлердиң 
ҳәрекетлери нәтийжесинде шыққан шәртли түрде еликлеўди аңлатады: тарс-тарс, паң-

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling