Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


оҳ, оҳо, ой, па, пай, паҳ, ҳаў, ўаҳ, уўҳ, яша, ҳим, пыш, шуў, тур, төт


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet53/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

оҳ, оҳо, ой, па, пай, паҳ, ҳаў, ўаҳ, уўҳ, яша, ҳим, пыш, шуў, тур, төт ҳ.т.б. 2) Дөренди 
таңлақлардың топарын басқа сөз шақапларынан таңлақ мәнисине өткен сөзлер гейпара 
өзлестирме сөзлер фразеологиялық (идиомалық) мәнидеги таңлақ сөзлер дүзеди: 
япырмай бала, алла бәрекелла, қудретли қудайымай, жол болсын, алла билсин
ширкин-ай, қарығым-аў, диге-диге, ҳәўким-ҳәўким т.б. 
Таңлақлардың семантикалық түрлери. Қарақалпақ тилиндеги таңлақларда 
басқа түркий тиллердеги таңлақлар сыяқлы үш семантикалық топарға бөлинеди: 1) 
эмоциональ (туйғы сезим) таңлақлар, 2) императив (буйрық) таңлақлар, 3) этикетлик 
(турмыс-салт) таңлақлар.
Эмоциональ таңлақлар шығысы жағынан адамлардың объектив дүньядағы 
ҳақыйқатлыққа қатнасы кеўил күй, туйғы сезимлери нәтийжесинде пайда болады. 
Адамлар қандай да бир сыртқы тәсир арқалы қуўаныў шадланыў ямаса өкиниў, 
қыйналыў ҳ.т.б сезимлердиң қатнасы арқалы өз пикирлерин билдиреди. Эмоциональ 
таңлақлардың бул сыяқлы семантикалық түрлери өз ишинде унамлы ҳәм унамсыз 
сезим мәнилеринде қолланылады. Мысалы: бийшар-ай, бай-буў, әттең, астапыралла, 
аҳа, о-о, оҳо, өйбей, көз айдын, қутлы болсын т.б. 
Императив таңлақлар. Таңлақлардың бул түри адамларға, үй ҳайўанлары ҳәм 
басқа да жәниўарларға қатнаслы айтылады. Олар қолланылыўына қарай буйырыў 
қаратыў, шақырыў, айдаў, тоқтатыў ҳ.т.б мәнилерди билдиреди. Императив таңлақлар 
қолланылыўы бойынша екиге бөлинеди:
1) адамға қатнаслы таңлақлар: ҳа, ҳә-ә, ҳәй, ҳәәй, қарағым, шырағым, марш, 
алло ҳ.т.б. 
2) 
Үй ҳайўанлары ҳәм басқада жанлы жәниўарға қатнаслы таңлақлар: төте-
төте, жит, пыш, ҳ.т.б. 
Этикетлик таңлақларға сәлемлесиў, хошласыў, хошаметлеў, қутлықлаў, тилек 
айтыў, жуўап қайтарыў, кеўил айтыў ҳ.т.б мәнилердеги әдеплиликке байланыслы 
сөзлер киреди: ассалаўма әлейкум, ўәлейкум ассалам, хош, сәлем, қутлықлайман, 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   46   47   48   49   50   51   52   53   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling