Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet45/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

аслам, артық. Мысалы: Мине соннан берли ырыл-тырыл тиришилик етип киятыр 
(К.Алламбергенов). Сол күннен баслап ол өзин беккем услаўға ҳәрекет етти 
(А.Садықов) 
Дәнекерлер. Сөз бенен сөздиң, сөз топарларының сондай-ақ гәптиң биргеликли 
ағзалары менен қоспа гәптиң қурамындағы жай гәплердиң араларын байланыстырыў 
ушын қолланылатуғын сөз шақапларының бир түри болып есапланады. Дәнекерлер 
морфологиялық қурылысы жағынан үшке бөлинеди: 1) дара дәнекерлер. 2) бириккен 
дәнекерлер. 3) қурамлы (составлы) дәнекерлер. 
1
. Дара дәнекерлер. Тийкарынан, тек бир ғана сөзден ямаса бир сыңардан 
ибарат болады. Дәнекерлердиң бул түри қурамалы бөлеклерге бөлинбейтуғынлығы 
менен өзгешеленип турады: я, ямаса, болмаса, және, да,де, та, те, егер, ал, лекин, 
себеби.  
2
. Бириккен дәнекерлерге бирақ (бир+ақ) өйткени (олай+еткени) биресе 
(бир+есе) синтетикалық жол менен жасалған дәнекерлер киреди. Олар бир сөздей 
болып қолланылса да морфологиялық қурамы жағынан еки сөздиң өз-ара биригиўинен 
пайда болған.
3
. Қурамалы дәнекерлерге аналитикалық жол менен жасалған дәнекерлер 
киреди. Олар қурлысы жағынан ең киши еки сөзден ямаса еки сыңардан ибарат болған 
сөзлердиң қурамынан дүзиледи. Дәнекерлердиң бул түрине төмендегилер 
жатқызылады: неге десең, сол себепли, сол ушын, соның ушын, соның арасында, 
соның нәтийжесинде, соның салдарынан. Дәнекерлер гәптеги синтаксислик 
хызметине қарай дизбеклеўши дәнекерлер ҳәм бағындырыўшы дәнекерлер болып екиге 
бөлинеди. 
Дизбеклеўши дәнекерлер гәптиң биргеликли ағзалары менен дизбекли қоспа 
гәптеги сыңарлардың араларын бир-бири менен тең түрде байланыстырады ҳәм 
олардағы ҳәр түрли мәнилик қатнасларды билдиреди. Дизбеклеўши дәнекерлер 
контексттеги аңлатқан мәнилик өзгешеликлерине қарай төрт топарға бөлинеди: 1) 


бириктириўши дәнекерлер, 2) қарсылас дәнекерлер, 3) аўыспалы дәнекерлер, 4) 
гезеклес дәнекерлер. 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling