Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери
(фейил), ақша-лай (рәўиш)
Download 337.05 Kb. Pdf ko'rish
|
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Аффиксоидлар.
(фейил), ақша-лай (рәўиш). ҳтб.
Постфикс -қарақалпақ тилинде жағаўдан кейин жалағанатуғын сөз жасаўшы аффикслер олар (латынша p9s5 кейин, кейнинен) деп аталады. Постфикслердиң қатарына ҳәзирги қарақалпақ тилинде орын сеплиги жалғаўынан кейин жалғанып келбетлик жасаўшы ғы//ги суффикслерин (қалада-ғы, үйде-ги) ҳәм көплик жалғаўынан кейин жалғанып рәўиш жасаўшы ша//ше суффикслерин (қаҳарманлар-ша, мәртлер-ше) жатқарыўға болады. Суффикс ҳәм постфикс улыўма аффикс деп аталады. Флекция (жалғаў),-Флекция сөздеги ең ақырғы морфема. (олардан кейин тек постфикс турыўы мүмкин). Қәлеген сөзде флекцияның болыўы шәрт емес. Ол тек грамматикалық жақтан өзгеретуғын сөзлерге жалғанып, олардың грамматикалық мәнилерин анықлайды ҳәм басқа сөзлер менен байланыстырады, яғный олардың қайсы санда сепликте ямаса бетте екенлигин көрсетеди. Аффиксоидлар. Тилдеги қоспа сөзлер ең кеминде еки түбирден турады. Олардағы түбирлердиң биреўи (көбинесе кейинги түбир) ўақытлар өтиўи менен өзиниң дәслепки мәнисин жойтып көмекши морфема хызметине өтеди, бирақ ол өзиниң дәслепки мәнисин биротала жойтпайды. Бундай аўыспалы мәнидеги морфемалар аффиксоидлар деп аталады. Мысалы, асхана, китапхана сөзлериндеги хана (өзбек тилинде ол ҳәзир ҒөжиреҒ деген мәнини аңлатады) хызметкер сөзиндеги кер (кәр- жумыс, ис) морфемаларын аффиксоидлар деп қараўға болады. Сондай-ақ әдебияттаныў, Бердақтаныў сөзлериндеги таныў морфемасы да аффиксоидлар қатарына киреди. Сөзлер сыяқлы көмекши морфемалар арасында да синонимия, антонимия ҳәм омонимия қубылысларын көриўге болады. Сеслик элементлери бирдей, мәниси ҳәм хызмети бойынша ҳәр қыйлы болған көмекши морфемалар морфемалық омонимлер, ямаса оммоморфемалар деп аталады. а) Сөз жасаўшы ҳәм форма жасаўшы морфемалар арасындағы омонимиялық қубылыс. Айтыс-қарақалпақ фольклорының бир жанры. Сен оның менен айтыс; б) Сөз жасаўшы ҳәм сөз өзгертиўши морфемалар арасындағы омонимиялық қубылыс. Берерменге бесеў көп. Азап бергенлерге ғазап берермен; в) сөз өзгертиўши морфемалар өз-ара омоним болады: Бизиң баламыз (тартым) Бизлер еле баламыз (бетлик); Download 337.05 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling