Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери
Download 337.05 Kb. Pdf ko'rish
|
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)
- Bu sahifa navigatsiya:
- : Қарақалпақ тилинде сөз жасаў усыллары. Сөз шақабларының
Морфемалық синонимия. Ҳәзирги қарақалпақ тилинде гейпара морфемалар
өзлериниң сеслик составының ҳәр қыйлы болыўына қарамастан мәнилери бойынша бирдей ямаса жақын болып келеди. Морфемалық синонимия тек бирдей морфемалар арасында болады. а) Түбир морфемалар арасындағы синонимия, бул лексикологияда үйрениледи; б) Сөз жасаўшы морфемаларда синонимия көбирек ушырасады: ғыш//гир (билгир-билгиш), ши//кер (себепши-себепкер); в) Гейпара форма жасаўшы морфемаларда бир-бирине синоним болып келеди: - мақшы // -мекши, -бақшы // -бекши ҳәм жақ, кел - мекши, кел- е-жақ, оқы- мақшы, оқы- й-жақ. Морфемалық антонимия. Ҳәр қыйлы морфемалар тек бир-бирине жақын мәнини емес сондай-ақ қарама-қарсы мәнилерди де билдириў мүмкин. Бундай морфемалар антоним морфемалар деп аталады. Морфемалық антонимия түбир морфемаларда көбирек ушырасады: үлкен-киши, аз-көп. Ал көмекши морфемалар арасындағы антонимлик қатнас тилимизде онша өнимли емес. Сөз жасаўшы морфемалардың лы-ли ҳәм сыз-сиз морфемалары антоним болады. Мысалы, қарлы- қарсыз, ақыллы-ақылсыз. Қадағалаў ушын сораўлар. 1. Морфемика нени үйретеди? Морфема дегенимиз не? 2. Қандай морфемаларды билесиз? 3. Түбир морфема дегенимиз не? 4. Көмекши морфемалардың түбир морфемалардан қандай өзгешелиги бар? 5. Көмекши морфемалардың қандай түрлерин билесиз? 6. Сөз жасаўшы морфема дегенимиз не? 7. Форма жасаўшы морфема дегенимиз не? 8. Сөз өзгертиўши морфема дегенимиз не? 9. Суффикс, постфикс, жалғаў дегенимиз не? 10. Омоним аффикслер қандай аффикслер? 11. Синоним аффикслер қандай аффикслер? 12. Антоним аффикслердиң өзгешеликлери неден ибарат? Әдебиятлар 1. Баскаков Н.А. Каракалпакский язык Москва. 1952. 2. Қудайбергенов М. Қарақалпақ тилиниң морфемикасы. Нөкис, 2001. 3. Тожиев Е. Узбек тили морфемикасы. Тошкент, 1993 4. Лопатин. В Русская словообразовательная морфемика. Москва, 1997. 5 . Мирзакулов. Т. Грмматика уқитишнинг лингивистик асослари. Тошкент, 1994. 6. Ҳәзирги қарақалпақ тили. Морфология. Нөкис, 1981 7. Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң грамматикасы. Нөкис, 1994. 8. Ҳозирги узбек адабий тили. Тошкент, 1992. Екинши тема: Қарақалпақ тилинде сөз жасаў усыллары. Сөз шақабларының Download 337.05 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling