Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet7/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

жасалыўы 
Жобасы:
1. Сөз жасаў усыллары ҳаққында улыўма түсиник. 
2. Морфемалық усыл: 
а) Аффиксация усылы. 
в) Сөз қосылыў усылы 
с) Сөз қосылыў ҳәм аффиксация усылы 
д) Аббревиация усылы. 
3. Морфемалық емес усыл. 
а) Лексика-семантикалық усыл 
в) лексика-синтаксислик усыл 
4. Атлықтың жасалыўы 
5. Келбетликтиң жасалыўы 
6. Фейилдиң жасалыўы 
7. Рәўиштиң жасалыўы
Таяныш түсиниклер. 


Түбир ҳәм дөренди сөзлер, сөз жасаўдың морфемалық усылы, сөз жасаўдың 
морфемалық емес усылы: лексика-семантикалық ҳәм лексика-синтаксислик усыллары, 
атлық, келбетлик, фейил ҳәм рәўиштиң жасалыўы, қоспа сөзлер, составлы, бириккен, 
жуп ҳәм тәкирар сөзлер. 
Тилдеги дөренди сөзлердиң жасалыўында белгили бир нызамлылықлар бар. 
Олар белгили бир сөз жасаў усылларының жәрдеминде жасалады. Бул усыллар өзиниң 
формасы, мазмуны ҳәм өнимлилиги жағынан бирдей емес, ҳәр бир сөз жасаў 
усылының өзине тән өзгешеликлери бар. Сөз жасаў усылын белгилейтуғын баслы 
белги- сөз жасаў форманты (қуралы) болып есапланды. 
Қарақалпақ тилинде сөз жасаў усылларын анықлаў бойынша түрли пикирлер 
бар. Демек, бул сөз жасаў мәселесиниң, сөз жасаў усылларының еле де терең 
изертлеўди талап ететуғын мәселе екенлигин көрсетеди. Соңғы дәўирде шыққан 
илимий грамматикада (Нөкис, 1994) бул мәселе ҳаққында айтыла келип, қарақалпақ 
тилинде төмендегидей сөз жасаў усылларының бар екенлиги көрсетилген.
1. Морфемалық усыл 
2. Морфемалық емес усыл. 
Морфемалық усыл. Бул усылда морфемалар баслы хызмет атқарады. Оның үш түри 
бар:
1) Аффиксация. Бунда сөз жасаўшы аффикслер түбир ҳәм тийкарларға 
қосылып дөренди сөзлерди жасайды. Мысалы: хызмет-кер, өн-им, балық-шы-лық.
Аффиксация усылының суффиксация ҳәм постфиксация сыяқлы еки түри бар. 
Аффиксация усылы арқалы атлық, келбетлиқ, рәўиш ҳәм фейиллер, ал постфиксация 
усылы арқалы келбетлик ҳәм рәўишлер жасалыў мүмкиншилигине ийе. Демек, улыўма 
аффиксация усылы деп алсақ қарақалпақ тилинде бул усыл жәрдеминде атлық

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling