Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet10/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

адъективация қубылысы деп аталады. Мысалы қайнаған суў (келбетлик фейил), 
қайнаған ыссы (келбетлик). Айрым сөзлер гейде алмасыққа да өтеди, бул қубылыс 
прономинализация деп аталады. Мысалы, биреў (жәмлеў санлығы), биреў (Ғәлле 
кимҒ мәнисиндеги атлық). Гейпара сөзлердиң рәўишке өтиў қубылысы 
адвербиализация деп аталады. Мысалы ақшам (атлық), ақшам (рәўиш).
2. Лексика-синтаксислик усыл. Гейде айрым сөз дизбеклери бир сөз сыпатында 
белгили бир мәниске ийе болады ҳәм бир түсиникти аңлатады. Бундай дизбеклер 
мәнили сөз бенен көмекши сөз, еркин сөз дизбеклери, фразеологиялық сөз дизбеги 
ҳәтте айрым гәплерде болыўы мүмкин. Сөз дизбегиниң усылайынша бир сөз мәнисине 
ийе болыўы лексика-синтаксислик усыл ямаса лексикализация деп аталады. Мысалы 
көрсе қызар, орамасам өлгеймен. Ҳәзирги қарақалпақ тилиндеги көплеген жер-суў 
атамалары адам атлары лесика синтаксислик усыл арқалы жасалады. Мысалы 
Қызкеткен, Улбосын, Дүлдил атлаған.
Атлықтың жасалыўы. Атлық ең үлкен сөз шақабы болып басқа сөз 
шақабларынан жасалыў усылы ҳәм мүмкиншиликлерине қарай ажыралып турады. 
Атлықлар төмендеги усыллар арқалы жасалады: 
1. Аффиксация 2. Сөз қосылыў 3. Лексика-семантикалық 4. Лексика-
синтаксислик.
Атлық жасаўшы аффикслер саны оғада көп болып биз оны төмендеги түрлерге 
бөлип үйренемиз.
1. Атаўыш сөзлерден атлық жасаўшы аффикслер
2. Фейил сөзлерден атлық жасаўшы аффикслер 
3. Еликлеўишлерден атлық жасаўшы аффикслер 
1. Атаўыш сөзлерден атлық жасаўшы аффикслер: Шы//ши, лас//лес, 
шылық//шилик, лық//лик, хана, стан, кер//гер, кеш, ман, бан, зар, нама, зада. 


Булардың айрымларына тоқтап өтсек шы//ши аффикси атлыққа жалғанып 
келеди: тракторшы, китапханашы. Келбетликке жалғанғанда: қызықшы, 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling