Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet12/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

селтең, гүрбең ҳәм т.б.
Қарақалпақ тилиндеги -ша//-ше, -шақ//-шек, -шық//-шик, -алақ,-лақ, -жан, -
тай, аффикслери атлықтың субъектив баҳа бериўши формалары деп аталады, яғный 
олар атлықларға жалғанып киширейтиў ҳәм еркелетиў мәнислериндеги атлықларды 
жасайды. Мысалы: китапша ,ойыншық, тайыншақ.
Атлықлар қарақалпақ тилинде сөз қосылыў усылы менен де жасалады. 
Составлы атлықлар. Еки ҳәм оннан да көп сөзлердиң дизбегинен жасалып, 
улыўма бир түсиникти аңлатады. Гәпте бир ағзаның хызметин атқарады. Мысалы: 
сүйир шыбын, ботакөз, ҒАқмақ патшаҒ.
Жуп атлықлар. Олардың компонентлери өз ара тең қатнаста болып, 
улыўмаластырыў, жыйнақлаў мәнислерине ийе болады. Көбинше бир сөз шақабынан 
жасалып келеди. Мысалы: көрпе-төсек, қой-ешки. 
Тәкирар атлықлар. Жыйнақлаў гейде айрыў мәнислерин билдирип, көбинесе 
нумеративлик (өлшемлик) мәнидеги атлықлардың тәкирарланыўынан жасалады: 
топар-топар, түрли-түрли. 
Бириккен атлықлар. Ҳәр қыйлы мәниге ийе болған еки түбир ямаса тийкардың 
тығыз биригиўинен жасалады: шашбаў, өмирбаян, атқулақ. Бириккен атлықлар ҳәр 
қыйлы сөз шақабларының биригиўинен жасалып келеди: бесбармақ, қарақалпақ, 
палкер, гүлдирмама 
Қысқарған қоспа атлықлар. Қарақалпақ тилинде қысқарған қоспа атлықлар 
орыс тилинен өзлескен сөзлерде көплеп ушрасады. Мысалы: района. Айрым атлық 
сөзлер бас ҳәриплерин алыў жолы менен қысқарады. ҚМУ , БМШ, АҚШ. 


Аббревиация. Усылы менен сөздиң морфемалары қоспа сөз ҳәм сөз дизбегиниң 
компонентлери қысқарып атлық жасалады. Мысалы рация (радиостанция). Сондай-ақ 
БәйекеСәке сөзлери аббревиация-усылындағы атлық сөзлерге киреди.
Лексика-семантикалық усыл (субстантивация). Яғный басқа сөз шақабларының 
атлыққа өтиўи. Қарақалпақ тилинде атлыққа биротала өткен сөзлер турақлы 
субстантивация деп аталады: бай, жас. Бирде, басқа сөз шақабы бирде, атлық 
болатуғын сөз турақсыз субстантивация деп аталады. Мысалы: жақсы, жаман, 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   8   9   10   11   12   13   14   15   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling