Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet20/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

1
Семантикалық принцип. Сөздиң семантикалық мәниси бул ҳәр бир сөздиң 
билдиретуғын жеке лексикалық мәниси емес, ал сол категориядағы сөзлер ушын ортақ 
болған улыўма абстракт мәниси. Демек, семантикалық мәни бул - категориялық мәни. 
2
. Морфологиялық принцип. Бунда сөздиң сөзлер менен сыртқы 
морфологиялық формасы, оның сөз жасаў форма жасаў моделлери сөз өзгериў 
системасы есапқа алынады. 
3
. Синтаксислик принцип. Бунда сөз шақабының басқа сөзлер менен 
дизбеклесиў уқыплылығы, гәп ағзасы хызметин атқарыўы есапқа алынады. 
Келбетлик ҳәм санлықлар предметтиң белгисин билдиретуғын болғанлықтан көбинесе 
атлықтың алдында, рәўишлер фейилдиң алдында келеди. Атлық баслаўыш ҳәм 
толықлаўыш, фейил баянлаўыш, рәўиш-пысқылаўыш, санлық ҳәм келбетлик 
анықлаўыш гәп ағзаларының хызметин атқарады. 
Үш принцип барлық сөз шақапларының классификациялаўда бирдей емес. Бир 
сөз шақабы ушын семантикалық принцип тийкарғы болса, екиншиси ушын бул 
қосымша хызмет атқарады. 
Усы бағдарда қарақалпақ тилиндеги сөзлер төмендегише бөлинеди. 
1
. Мәнили сөз шақаплары: атлық, келбетлик, санлық, алмасық, фейил, рәўиш. 
2
. Көмекши сөзлер: дәнекер, тиркеўиш, жанапай.
3
. Модал сөзлер. 
4
. Таңлақлар. 
5
. Еликлеўишлер. 
Атлық сөз шақабы. Лексика-семантикалық белгиси бойынша, предметлик мәни 
аңлатыўшы сөзлер атлық деп аталады. Предметлик мәни кең түсиник. Ол логикалық 
түсиник емес, ол грамматикалық түсиник болып есапланады. Бунан конкрет 
предметлердиң (дәптер, терек, көше) тири мақлуқлардың, адамлардың (студент, қус, 
ҳайўан), өсимликлердиң (жантақ, боян, гүл); затлардың (көмир, газ), географиялық 
орынлардың (Қоңырат, Нөкис) ҳәр қыйлы қәсийет ҳәм сапаның (ерлик, жақсылық), 
тәбият қублысларының (даўыл,жаўын, қар) ҳәм т.б.атамалар киреди. 
Предмет мәнисиндеги сөзлер бирлик ҳөм көплик санда қолланылады, олар 
тартымланыў ҳәм сеплениў уқыплығына ийе. Атлықтың сан, сеплик, тартым 
категориялары оның басқа сөз шақапларынан ажыратып туратуғын тийкарғы белгиси 
болып есапланады.


Атлықлар сөз жасаўда да өзине тән өзгешеликлерге ийе. Қарақалпақ тилинде 
шы/ши, шылық/шилик аффикслери арқалы тек атлықлар жасалады. 
Атлықлардың синтаксислик хызметлери де ҳәр қыйлы, бирақ оның гәптеги 
тийкарғы функциясы - баслаўыш.
Мысалы:

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling