Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


көплеп. Орын сеплигиндеги ўақытлық мәнидеги атлықлар рәўишлик мәниге ийе  болады: гүзде, сәҳәрде, пиядалап


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet18/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

көплеп. Орын сеплигиндеги ўақытлық мәнидеги атлықлар рәўишлик мәниге ийе 
болады: гүзде, сәҳәрде, пиядалап т.б. Тартымланған атлықлар орын, шығыс сеплиги 
формаларында рәўишке өтеди: жаслайымда, жасымнан. Алд, арт, үст, сырт ҳ.т.б. 
атаўышлардан ис-ҳәрекет орнын билдиретуғын рәўишлер жасалады: алдында, 
артында, артта, үстинде ҳәм т.б. 
Бас сөзи де кеңислик сеплик формасында турып рәўишке өтеди: баста, бастан. 
Ол, бул, сол, усы алмасықлары да кеңислик сеплик формаларында рәўишке өтеди
онда, бунда, сонда, усында. 
Қадағалаў ушын сораўлар. 
1. Түбир сөз дегенимиз не? Дөренди сөз дегенимиз не? 
2. Сөз жасалыў дегенимиз не ? 
3. Сөз жасалыўдың қандай усылларын билесиз? 
4. Морфемалық усыл дегенимиз не? Морфемалық емес усыл дегенимиз не? 
5. Аффиксиация усылы деген не? 
6. Сөз қосылыў усылы дегенимиз не? 
7. Сөз қослыў ҳәм аффиксация дегенимиз не? 
8. Аббревиация усылы деген не? 


9. Субъстантивация дегенимиз не? 
10. Адъективация дегенимиз? 
11. Прономинализация дегенимиз не? 
12. Адбербиализация дегенимиз не? 
Әдебиятлар 
1. Баскаков Н.А. Каракалпакский язык Москва. 1952. 
2. Бекбергенов А. Қарақалпақ тилинде сөзлердиң жасалыўы
Нөкис, 1979ж 
3. Нажимов А. Жуп сөзлер Нөкис, 1979ж 
4. Нажимов А. Сөз жасаўдың лексика-семантикалық усылы. Қарақалпақ тил 
билиминиң гейпара мәселелери. Нөкис, 1994ж, 6-14 бетлер.
5. Нажимов А., Сейтназарова И. Сөз вариантлары ҳәм оның сөз жасаўға қатнасы. 
Қарақалпақ тил билиминиң гейпара мәселелери Нөкис, 1994, 27-34 бетлер
6. Аймурзаева А. Карақалпақ тилинде келбетлик ҳәм келбетлик фейиллердиң 
субстантивлесиўи Нөкис, 1992 
7. Қыдырбаев А. Ҳәзирги қарақалпақ тилинде атлық сөзлер. Нөкис, 1961 
8. Ҳәзирги қарақалпақ тили морфологиясы. Нөкис, 1974 
9. Ешбаев Ж. Қарақалпақ тилинде рәўиш. Нөкис, 1976 
10. Шаниязов П. Қорақалпоқ тилида равишларнинг тузилишига кўра турлари. 
Автореферат, Нөкис, 2002. 
11. Ҳәзирги қарақалпақ тили морфология. Нөкис, 1981. 
12. Ҳәзирги қарақалпақ әдебий тилиниң грамматикасы. Нөкис, 1994. 
13. Ҳозирги узбек адабий тили. Тошкент, 1992. 
14. Ўзбек тили грамматикаси II том. Тошкент, 1979 
Үшинши тема. Морфология тараўы. Сөз шақапларының бөлиниў принциплери. 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling