балтала, базарла, жылаўла, бирле, жоқарыла.
-
Лас//лес аффикси. Шериклик мәнидеги ис-ҳәрекетлерди билдиреди: дослас,
сәлемлес, тиллес. -Ай//-ей: күшей, мүңай, көркей; ар//-ер//-р: түнер, қайғыр; ық//-ик:
дәмик, қүнық, жолық; ғар//-гер-кер//-қар: ескер, басқар, суўғар; ан//-ен: күшен, сескен;
сы//-си сын//-син сыра//-сире: арсын, суўсыра, адамсы; лат//-лет афикслери ўақыт,
сын рәўишлеринен: түнлет; лас//-лес, аффикси ўақыт рәўишлеринен: (ақшамлас,
тезлес) фейил жасайды.
Еликлеўишлерден фейиллер -ла//-ле, ылда//-илде ыра//-ире бый//-бий, пый//-
пий, на қосымталары арқалы жасалады. Мысалы: пытырла, қыбырла, жарқылда,
дирилде, жылтыра қомпый, тисте ҳ.т.б.
Фейиллерден фейил жасаўшы аффикслер: -ла//-ле, та//-те а//-е, на//-не, қа//-ке,
ға//-ге, са//-се, сан//-сен, сы//-си, сын//-син, шы//-ши қы//-ки, ғы//-ги,-ыра//-ире, -
ай//-ей, -ырай//-ирей, -бый//-бий, -пый//пий, ғала: бүкле, сабала, қымта, қыста,
сыла, билмегенси, көрмегенси, шашыра, жырбый, сорғала ҳәм т.б.
Фейилдиң сөз қосылыўы усылы арқалы жасалыўы. Бул тийкарынан еки
фейилдиң қосылыўынан, ямаса фейилден басқа сөзлерге фейил сөз қосылып, бир
пүтин лексикалық мәниге ийе болыўы арқалы иске асады. Атаўыш сөз фейилдиң, ямаса
мәнили еки фейилдиң қосылысыўы қоспа фейиллерди жасайды. Қоспа фейил деп еки
сөздиң, атап айтқанда еки фейилдиң бир пүтин лексикалық мәни аңлатыўын түсинемиз.
Мысалы: сәлем бериў, хабар етиў, жақсы көриў. Қарақалпақ тилинде қоспа
фейиллердиң үш түри бар: 1) атаўыш тийкарлы қоспа фейиллер, 2) фейил тийкарлы
қоспа фейиллер, 3) аналитикалық формалы фейиллер.
Атаўыш тийкарлы қоспа фейиллер фейилден басқа сөз шақапларына ет, ал,
бер, сал, бол, қой, (қор), қал, басла, жет, көмекши фейиллериниң қосылыўы арқалы
жасалады. Бүл көмекши фейиллер атлық, келбетлик еликлеўиши т.б. сөзлерге қосылып
келеди. Мәселен ҳүрмет етиў, қапа болыў, ҳайт қойыў, дүрс етиў.
Do'stlaringiz bilan baham: |