Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet13/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

жазыўшы, тигиўши. 
Лексика-синтаксислик усыл (лексикализация). Гейде айрым сөз дизбеклери, 
ҳәттеки гәплер де өз мәнилерин өзгертип лексикаласады, бир сөзге бара-бар болып 
предметлик уғымды билдиреди. Мысалы: орамасам өлгеймен (орамалдың аты), 
Қызкеткен, Улбосын.
Келбетликтиң жасалыўы. Қарақалпақ тилидеги сөз шақабларының ишинде 
келбетлик өзине тән болған лексика семантикалық, грамматикалық өзгешеликлерге ийе 
сөзлер топары. Ол өзине тән болған сөз жасаўшы аффикслерине ийе. Оларды атаўыш 
сөзлерден келбетлик жасаўшы аффикслер, фейилден келбетлик жасаўшы аффикслер 
деп еки топарға бөлип үйрениўге болады. 
Атаўыш сөзлерден келбетлик жасайтуғын аффикслер: -лы//ли, сыз//сиз, дай//дей, 
тай//тей, ғы//ги, қы//ки шақ//шек, шыл//шил, лық//лик, паз, гөй, лас//лес, 
қар//кер//гер, -лақ, ый//-ий. Булар ишиндеги ең өнимилиси -лы//ли аффикси болып, 
бул атлықларға, келбетликлерге, модаль сөзлерге жалғанып келеди: жүрекли, 
тәртипли, керекли. -Сыз//-сиз аффикси мәниси лы-ли аффиксине қарама-қарсы мәни 
аңлатады: мазалы-мазасыз. Дай//дей, тай//тей аффикси көбинше салыстырыў 
мәнисиндеги келбетликлерди жасайды: аттай, жақсыдай. Шыл-шил аффикси тек ғана 
атлықтан келбетлик жасайды: күншил, қонақшыл, ойшыл. 
Қарақалпақ тилиндеги фейилден келбетлик жасаўшы аффикслер: ғыр//гир, 
қыр//кир, малы//мели, балы//бели, палы//пели, аўық//еўик, қыш//киш, қақ//кек, 
ғак//гек, аң//ең, ық//ик, аған//еген, асы//еси, ыңқы//иңки паң//пең, ғын//гин. 
-
Ғыр//гир, қыр//кир аффикси уқыплылық бейимлилик белгисин билдиретуғын 
келбетликлерди жасайды сезгир, илгир, өткир. Ол ғыш//гиш, қыш//киш аффиклери 
менен синоним болады. билгир-билгиш. 
-
Малы//-мели, -балы//-бели, -палы//-пели аффикси сынлық, сапалық 
мәнисиндеги келбетликлерди жасайды жуқпалы, айнымалысериппели. 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   9   10   11   12   13   14   15   16   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling