Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet14/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

-
Ғақ//-гек-қақ//-кек аффикси предметтиң қәсийетине тән белгилерди билдери: 
урысқақ, сергек, қорқақ, тайғақ. 
Қарақалпақ тилинде келбетликлер сөз қосылыў усылы менен де жасалады. 
Буның нәтийжесинде 1) составлы келбетликлер 2) жуп келбетлик 3) тәкирар келбетлик 
4) бириккен келбетликлер пайда болады.
1) Составлы келбетликлер сөз қосылыў, сөз қосылыў ҳәм аффиксация ҳәм 
лексикализация усылы менен жасалады: а) сөз қосылыў менен жасалыўы: қара торы, 
узын бойлы в) лексикализация усылы менен жасалыўы: пир қаққан, көрсе қызар.
2) Жуп келбетликлер предметтиң белгилерин ҳәр тәреплеме жуўмақластырып 
сыпатлап көрсетеди. Олардың компонентлери көпшилик жағдайда бир-бирине антоним 
болып келеди. Мысалы артық-кем, уллы-киши.  
3) Тәкирар келбетликлер бир келбетлик сөздиң жуп сөз түринде 
тәкрарланыўынан жасалады, белгиниң бир неше предметге тийислилигин билдиреди: 
қызық-қызық, үлкен-үлкен.  
4) Бириккен келбетликлер еки сөздиң бир-бири менен тығыз биригиўнен 
жасалып келеди. Олар ҳәр қыйлы сөз шақабларынан болыўы мүмкин мысалы 
(келбетлик+атлық) ашкөз, (атлық + келбетлик фейил) гүдибузар. Интенсив формадағы 
келбетликлер: нәмнаған, аппақ.


Лексика-семантикалық усыл. Қарақалпақ тилинде келбетликтиң бул усыл 
менен жасалыўы адъективация деп аталады. Бул қубылыс өнимли емес. Келбетликке 
ған-ген, қан-кен формалы келбетлик фейиллери өте алады. Себеби, олар бир-бирине 
мәниси ҳәм синтаксислик хызмети жағынан жақын. Мысалы: Айнымаған бүлбил болар 
еди, ол. (И.Юсупов) Қайнаған ыссы.
Фейилдиң жасалыўы. Фейил оғада үлкен сөз шақабы. Ол қарақалпақ тилинде 
тийкарынан еки усыл менен жасалыў мүмкиншлигине ийе. 1)Аффиксация усылы, 2) 
Сөз қосылыў усылы. Фейил жасаўшы ең тийкарғы аффикс ла//-ле. Бул аффикс дерлик 
барлық сөз шақабларынан фейил жасаў мүмкиншилигине ийе. Мысалы: ҳүрметле, 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling