еркекше) келбетликлерден, (қысқаша, жаңаша) алмасқылардан (өзинше, мениңше),
санлықлардан (мыңларша) ўақыт рәўишлеринен (бүгинше, ҳәзирше) дөренди
рәўишлерди жасайды.
-
Лай//-лей аффикси. Бул аффикс жәрдеминде атлық, келбетлик, алмасықлардан
дөренди рәўишлер жасалады. Мысалы: ақшалай, қамырлай, усылай, солай. -Лай//-
лей аффикси ша-ше аффиксинен қоспаланып лайша лайынша түринде де
қолланылады: усылайынша, былайынша.
Ғары-гери, қары-кери аффикслери иш, сырт, алд, арт, уш атаўышларына
жалғанып рәўиш жасайды. Мысалы: ушқары, тысқары, сыртқары, алғары.
Рәўиштиң сөз қосылыў усылы менен жасалыўы қарақалпақ тилинде өнимли. Бул
усыл арқалы бириккен, жуп тәкирар, составлы рәўишлер жасалады.
Бириккен рәўишлерге бүгин, быйыл, былтыр, баспүкил, билқастан, билегөре,
сөзлери киреди.
Составлы рәўишлер силтеў алмасықлары менен атаўыш сөзлердиң дизбеклесип
келиўинен жасалады. Мысалы: ол күни, бул жылы, сол күни, ана бирде.
Тәкирар рәўишлер те, -ме элементлериниң жәрдеми менен тәкирарланып келип
жасалады: бирте-бирте, бирме-бир, рәўиш ҳәм дөренди рәўишлердиң
тәкирарланыўынан жасалады: әсте-әсте, базда-базда.
Жуп рәўишлер қарама-қарсы мәнидеги атлықлардың жупласып келиўинен:
бастан-аяқ, күни-түни; синоним келбетликлерден: аман-есен, аман-саў;
алмасықлардың жупласыўынан: оннан-мыннан; онтоним ҳәм синоним рәўишлердиң
жупласыўынан жасалып келеди: ертели-кеш, ары-бери, әсте-ақырын, ақыр-соңы.
Лексика-семантикалық усыл (адбербилизация). Қарақалпақ тилинде басқа сөз
шақапларының рәўишке өтиўи бир қанша өнимли. Рәўишлерге айрым атлықлар
кеңислик сеплик формаларындағы атаўышлар, гейпара ҳал фейил формалары өтеди. -
Ып//-ип//-п формалы ҳал фейиллер атлық, келбетлик, рәўишке өтеди. Мысалы: азлап,
Do'stlaringiz bilan baham: |