Морфемика. Морфема ҳәм оның түрлери


Фейил тийкарлы қоспа фейиллер


Download 337.05 Kb.
Pdf ko'rish
bet16/54
Sana29.07.2023
Hajmi337.05 Kb.
#1663692
TuriЛекция
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   54
Bog'liq
I.Seytnazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Morfologiya (2006)

Фейил тийкарлы қоспа фейиллер. Булар мәнили еки фейилдиң қосылыўынан 
жасалады. Еки фейил қосылып қоспа фейил жасағанда сол қосылысқан фейиллердиң 
екеўи де қоспа ис-ҳәрекеттиң билдирилиўине теңдей қатнасады. Мысалы: сатып алыў, 
алып келиў. Фейил тийкарлы қоспа фейиллердиң екинши компоненти: ал, бер, бар, 
кел, кет, шык, жат, тур, отыр сөзлеринен болып келеди: жетип бар, кайтып кел, 
көрип тур.
Фейилдиң аналитикалык формасы. Аналитикалық усыл менен жасалған қоспа 
фейилдиң биринши сыңары атаўыш сөзлерден де, фейил сөзден де болады. 
Фейилдиң аналитикалық формасы таза сөз жасаў емес. Ал екинши компонент
ҳәммесинде де тек фейилден болады. Бирақ екинши компонентке қатнасатуғын
фейиллердиң мәниси ҳәммесинде бирдей емес. Екинши компонент болып келген
фейиллер толық мәнили фейил болып та, көмекши фейил мәнисинде де келеди. 
Аналитикалық усыл менен жасалған фейиллердиң биринши компоненти атаўыш 
сөзлерден екинши компоненти көмекши фейилден болады, ал биринши компонент
фейилден болса, екинши компонентке толық мәнили фейил қатнасады.
Мәнили фейил менен көмекши фейилдиң қосылысыўы қоспа фейил жасай 
алмайды. Көмекши фейил тийкарғы фейилге грамматикалық мәни бериў менен


шекленеди. Сонлықтан тийкарғы фейил көмекши фейилдиң қосылысыў модели
фейилдиң аналитикалық формасы деп аталады.
Рәўиштиң жасалыўы. Рәўиш басқа сөз шақапларынан сөз жасалыў усыллары 
бойынша да бир қатар өзгешеликлерге ийе. Рәўиштиң қарақалпақ тилинде өзине тән 
сөз жасаўшы аффикслери бар. Бирақ, олардың саны өнимлилиги басқа сөз 
шақапларына қарағанда аз. Рәўиш жасаўшы ең өнимли қосымта -ша//-ше. Бул аффикс 
арқалы жасалған рәўишлер ис ҳәрекеттиң, ўақытлық, сынлық, күшейтиўшилик 
белгисин салыстырмалы түрде билдиреди. Тийкарынан атлықлардан (аўызша, 

Download 337.05 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   54




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling