ленген күн ҳəм саатларда, қабыллаў кестелерине муўапық
өткериледи.
1
Қараң: «Мəлимлеме алыў еркинлиги принциплери ҳəм кепилликлери ҳаққында»ғы
Нызам. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 2003, №1,
7-ст.
49
Қабыллаў кестелери ҳəм оны өткериў ўақты, орны ҳəм
қабыллаўға алдын-ала жазылыў ҳаққындағы мəлимлеме,
сондай-ақ, қабыллаў тəртиби мəмлекетлик органлардың
рəсмий веб-сайтларында жəриялаў, сондай-ақ, олардың
ҳəкимшилик имаратында ҳəмме кириўи мүмкин болған
орынлардағы стендлерге яки басқа техникалық қуралларға
жайластырыў арқалы мəпдар шахслардың итибарына жет-
кериледи.
Физикалық шахс аўызша мүрəжат етип атырғанда өз шах-
сын тастыйыққлаўшы ҳүжжетти, юридикалық шахстың
ўəкили болса өз ўəкилликлерин тастыйықлайтуғын
ҳүжжетти, сондай-ақ, өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти
көрсетиўи керек.
Физикалық шахсларды ҳəм юридикалық шахслардың
ўəкиллерин қабыллаўдан, егер олардың усындай харак-
тердеги бурынғы мүрəжаты бойынша қарар қабыл етилген
болса ҳəм бул туўралы оларға усы Нызамда белгиленген
тəртипте хабар берилген болса, бас тартылыўы мүмкин.
Мəмлекетлик органларда физикалық шахсларды ҳəм
юридикалық шахслардың ўəкиллерин қабыллаў тəртиби
усы органлардың басшылары тəрепинен белгиленеди.
Мəмлекетлик органлардың жеке қабыллаў өткериўши
басшылары яки басқа ўəкилликли шахслары ҳəр қандай
мəселелер, соның ишинде өз ўəкилликлерине кирмейтуғын
мəселелер бойынша мүрəжат етилгенде қабыллаўдан бас
тартыўға ҳақылы емес, усы статьяның бесинши бөлиминде
нəзерде тутылған жағдайлардан басқа.
Do'stlaringiz bilan baham: |