Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


Физикалық шахстың өз шахсын тастыйықлаўшы


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet28/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

4. Физикалық шахстың өз шахсын тастыйықлаўшы 
ҳүжжетти, юридикалық шахс ўəкилиниң өз ўəкилликлерин
ҳəм шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетиўиниң 
мəжбүрийлиги.
Түсиник берилип атырған статьяның төртинши бөлиминде 
белгиленген қағыйдаға муўапық, физикалық шахс аўызша 
мүрəжат етип атырғанда өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, 
юридикалық шахстың ўəкили болса өз ўəкилликлерин 
тастыйықлайтуғын 
ҳүжжетти, 
сондай-ақ, 
өз 
шахсын 
тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетиўи керек.
Аўызша мүрəжат пенен келген физикалық шахслар ҳəм 
юридикалық шахслардың ўəкиллери мүрəжатлар менен ислеў 
бойынша бөлимшениң басшысы ямаса басқа жуўаплы хызмет-
кери, сондай-ақ мəмлекетлик органның қурам бөлимшелериниң 
басшылары ямаса басқа жуўаплы хызметкери тəрепинен 
қабылланады.


55
Мүрəжат етиўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер 
тексерилгеннен кейин «Мəмлекетлик органларда ҳəм 
мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы 
үлги Режениң
1
2-қосымшасына муўапық форма бойынша 
есапқа алыў карточкасы толтырылады. Есапқа алыў карточка-
сы аўызша мүрəжат сыпатында дизимге алынады.
Физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслардың 
ўəкиллери тəрепинен олар аўызша мүрəжат еткенде берилген 
жазба мүрəжатлар ҳəм басқа материаллар қабыл етилип, үлги 
Режениң 16-бəнтине
2
муўапық толтырылған есапқа алыў кар-
точкасына қоса тигилиўи тийис.
Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери арқалы 
мүрəжатлар келип түскенде мүрəжатлар менен ислеўши дүзилме 
яки қурам дүзилмеси олардың ўəкиллигин тастыйықлаўшы 
ҳүжжетлердиң бар яки жоқ екенлигин тексереди.
Егер мүрəжатта физикалық ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң 
ўəкиллигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмаса, бул туўралы 
мүрəжатлар менен ислеў бойынша дүзилмениң басшысы яки 
қурам дүзилме басшысытəрепинен тастыйықланатуғын жуўмақ 
дүзиледи.
Физикалық ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң ўəкиллигин 
тастыйықлаўшы ҳүжжетлер жоқлығы туўралы жуўмақ 
тастыйықланған ўақыттан баслап бул мүрəжат көрип 
шығылмайды, бул туўралы мүрəжат етиўшиге жазба түрде ха-
бар бериледи.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling