Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың
Жеке қабыллаў ўақтында арнаўлы техникалық
Download 2.82 Kb. Pdf ko'rish
|
Каракалпакский (2)
- Bu sahifa navigatsiya:
- 10. Мəмлекетлик органлар басшылары ямаса басқа ўəкилликли шахслары тəрепинен көшпели жеке қабыллаўлар шөлкемлестирилиўи.
9. Жеке қабыллаў ўақтында арнаўлы техникалық
қураллардан пайдаланыў (аудио- ҳəм видеожазыў, сондай- ақ, фотосүўретке түсириў). Түсиник берилип атырған статьяның тоғызыншы бөлими ме- нен жеке қабыллаў даўамында мəмлекетлик орган басшысының қарарына көре ҳəм мүрəжат етиўшиниң жазба ыразылығы ме- нен арнаўлы техникалық қураллардан (аудио- ҳəм видеожазыў, сондай-ақ, фотосүўретке түсириў) мүмкинлиги нəзерде тутылған. 10. Мəмлекетлик органлар басшылары ямаса басқа ўəкилликли шахслары тəрепинен көшпели жеке қабыллаўлар шөлкемлестирилиўи. Мəмлекетлик орган басшысы яки басқа ўəкилликли шахсла- ры тəрепинен көшпели жеке қабыллаўлар шөлкемлестирилиўи мүмкин. Көшпели жеке қабыллаўлар ўақтында мүрəжатлар ме- нен ислеў бойынша бөлимшениң басшысы ҳəм мəмлекетлик органның басқа жуўапкер хызметкерлери қатнасыўы мүмкин. Көшпели жеке қабыллаўлар мəмлекетлик орган басшысы тəрепинен тастыйықланатуғын кестеге муўапық өткериледи. Зəрүр жағдайларда кестеде нəзерде тутылмаған көшпели жеке қабыллаўлар өткерилиўи мүмкин. Көшпели жеке қабыллаўларды өткериў ўақты, орны ҳəм қабыллаўға алдын- ала жазылыў тəртиби ҳаққындағы мəлимлеме «Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм 60 юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги Режениң 47-бəнтинде 1 белгиленген тəртипте мəмлекетлик органлар рəсмий веб-сайтларында жəриялаў, сондай-ақ, олардың ҳəкимшилик имаратындағы ҳəмме кириўи мүмкин болған орынлардағы стендлерге яки басқа техникалық қуралларға жайластырыў жолы менен мəпдар шахслардың итибарына жеткериледи, сондай-ақ, жергиликли ғалаба хабар қуралларында жəрияланады. Физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллериниң көшпели жеке қабыллаўлар ўақтында бе- рилген аўызша мүрəжатлары «Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги Режениң 16-бəнтине муўапық рəсмийлестирилип, есапқа алынады ҳəм белгиленген тəртипте көрип шығылады. Яғный, түсиник берилип атырған статьяның төртинши бөлиминде көрсетилгениндей, физикалық шахс аўызша мүрəжат етип атырғанда өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, ал юридикалық шахс ўəкили болса – өз ўəкилликлерин тастыйықлаўшы ҳүжжетти, сондай-ақ, өз шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжетти көрсетиўи керек. Аўызша мүрəжатлар менен келген физикалық шахслар ҳəм юридикалық шахслардың ўəкиллери мүрəжатлар менен ислеў бойынша бөлимшениң баслығы ямаса басқа жуўапкер хыз- меткер, сондай-ақ, мəмлекетлик органның қурам дүзилмеси басшылары ямаса басқа жуўапкер хызметкерлери тəрепинен қабылланады. Мүрəжат етиўшиниң шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер тексерилгеннен кейин «Мəмлекетлик органларда ҳəм 1 «Мəмлекетлик органларда ҳəм мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги Реже. Минис- трлер Кабинетиниң 2015-жыл 31-марттағы №73 қарарына қосымша. //Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы, 2015, №13, 154-ст. 61 мəмлекетлик мəкемелерде физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары менен ислеў тəртиби ҳаққында»ғы үлги Режениң 2-қосымшасына 1 муўапық форма бойынша есапқа алыў карточкасы толтырылады. Есапқа алыў карточка- сы аўызша мүрəжат сыпатында дизимге алынады. Download 2.82 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling