Өзбекистан республикасының физикалық ҲƏм юридикалық шахслардың


-статья. Мүрəжат етилгенде ҳуқықлар, еркин-


Download 2.82 Kb.
Pdf ko'rish
bet39/92
Sana17.06.2023
Hajmi2.82 Kb.
#1546130
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   92
Bog'liq
Каракалпакский (2)

12-статья. Мүрəжат етилгенде ҳуқықлар, еркин-
ликлер ҳəм нызамлы мəплер сақланыўының 
кепилликлери
Мəмлекетлик органлар мүрəжатларды көрип шығыўда 
Өзбекистан Республикасының Конституциясы менен 
нызамларының талапларын басшылыққа алыўы, олардың 
толық, қалыс ҳəм өз ўақтында көрип шығылыўы ушын 
илажлар көриўи, физикалық ҳəм юридикалық шахслардың 
бузылған ҳуқықларының, еркинликлериниң тиклениўин 
ҳəм нызамлы мəплериниң қорғалыўын тəминлеў бойынша 
өз ўəкилликлери шеңберинде илажлар көриўи шəрт.
Мəмлекетлик ҳəкимият ҳəм басқарыў органларына 
мүрəжат етиў ҳуқықын əмелге асырыўдың ҳуқықый кепил-
лиги Өзбекистан Республикасы Конституциясының 35-ста-
тьясында ҳəм Өзбекистан Республикасы нызамларын-
да
1
белгиленген мүрəжат етиў ҳуқықы болып есапланады. 
Сондай-ақ, пуқаралардың ҳуқық ҳəм еркинликлерине қол 
қатыўшы ҳуқықбузарлықлар ушын лаўазымлы шахслардың 
юридикалық жуўапкершилиги шараларының нызам жолы 
менен бекитилген системасы Өзбекистан Республикасының 
Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң V ба-
1
03.12.2014-ж. қабыл етилген «Физикалық ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатлары 
ҳаққында»ғы Нызам. //Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топла-
мы, 9-декабрь 2014-ж., № 49, 578-ст.; 05.05.2014-ж. қабыл етилген «Мəмлекетлик 
ҳəкимият ҳəм басқарыў органлары искерлигиниң ашықлығы ҳаққында»ғы Нызам. 
//Өзбекистан Республикасының нызам ҳүжжетлери топламы,12-май 2014-ж., № 19, 
209-ст.; 24.04.1997-ж. қабыл етилген «Мəлимлеме алыў кепилликлери ҳəм еркин-
лиги ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Ведо-
мостлары, 1997, № 4-5, 108-ст.; 12.12.2002-ж. қабыл етилген «Мəлимлеме еркинлиги 
принциплери ҳəм кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы. //Өзбекистан Республикасы 
Олий Мажлисиниң Ведомостлары, 2003, № 1, 2-ст.


79
бында (40-51-1-статьялар)

нəзерде тутылған, Өзбекистан Ре-
спубликасы Жынаят кодексиниң VII бабында (Конституциялық 
ҳуқық ҳəм еркинликлерге қарсы жынаятлар)

усындай жынаят-
лар ушын жынайый жуўапкершилик нəзерде тутылған.
Мəселен, Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы 
кодекстиң 43-статьясы 1-бөлимине (пуқаралардың мүрəжатлары 
ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыў) муўапық, физикалық 
ҳəм юридикалық шахслардың мүрəжатларын қабыл етиўден 
ҳəм көрип шығыўдан бас тартыў, оларды көрип шығыў 
мүддетлерин тийкарлы себеплерсиз бузыў, жуўапты жазба яма-
са электрон формада жибермеў, физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине 
қайшы келетуғын қарар қабыл етиў, физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың бузылған ҳуқықларын тиклеўди, шағым 
мүнəсибети менен қабыл етилген қарардың орынланыўын 
тəминлемеў, – лаўазымлы шахсларға ең кем ис ҳақының бир 
есесинен үш есесине шекемги муғдарда жəрийма салыўға се-
беп болады.
Ал Өзбекистан Республикасы Жынаят кодексиниң 144-ста-
тьясы 1-бөлимине муўапық, физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатларын қабыл етиў ҳəм көрип шығыўдан 
нызамға қылап рəўиште бас тартыў, оларды көрип шығыў 
мүддетлерин тийкарлы себеплерсиз бузыў, жазба ямаса элек-
трон формада жуўап жибермеў, физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың мүрəжатлары ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине 
қайшы келетуғын қарар қабыл етиў, физикалық ҳəм юридикалық 
шахслардың бузылған ҳуқықларының тиклениўин, мүрəжат 
мүнəсибети менен қабыл етилген қарардың орынланыўын 
тəминлемеў яки физикалық шахслардың өмири туўралы 
ямаса юридикалық шахслардың искерлиги туўралы олардың 
1
Өзбекистан Республикасының Ҳəкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодек-
си.– Т.: Адолат, 2014. – V бап, 40-51-1-статьялар.
2
Өзбекистан Республикасының Жынаят кодекси. – Т.: Адолат, 2014. –295-б.


80
ыразылығысыз əшкара етиў, сондай-ақ, физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың мүрəжатлары ҳаққындағы ны-
зам ҳүжжетлерин басқаша тəризде бузыў физикалық ҳəм 
юридикалық шахслардың ҳуқықларына, еркинликлерине яки 
нызам менен қорғалатуғын мəплерине ямаса жəмийет ҳəм 
мəмлекет мəплерине сезилерли зыян келтирилиўине себеп бол-
са, – ең кем ис ҳақының жигирма бес есесине шекемги муғдарда 
жəрийма яки еки жылға шекем мийнет дүзетиў ислери ямаса 
алты айға шекем қамақ пенен жазаланады.
ЖКниң 144-статьясы екинши бөлимине муўапық, 
физикалық ҳəм юридикалық шахсты, оның ўəкилин, олардың 
шаңарақ ағзаларын, юридикалық шахсты, оның ўəкилин 
ҳəм юридикалық шахс ўəкилиниң шаңарақ ағзаларын олар 
мəмлекетлик органға, мəмлекетлик мəкемеге яки пуқаралардың 
өзин өзи басқарыў органларына мүрəжат еткени мүнəсибети ме-
нен ямаса билдирилген пикири ҳəм мүрəжатындағы сын ушын, 
сондай-ақ, басқаша формада сынға алғаны ушын лаўазымлы 
шахс тəрепинен қуўдалаў, – ең кем ис ҳақының жигирма бес 
есесинен елиў есесине шекемги муғдарда жəрийма яки еки 
жылдан үш жылға шекем мийнет дүзетиў ислери яки бир жыл-
дан үш жылға шекем еркинлигин шеклеў ямаса үш жылға ше-
кем еркинен айырыў менен жазаланады.

Download 2.82 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   35   36   37   38   39   40   41   42   ...   92




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling