Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Download 1.38 Mb.
bet16/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

Var
a : array [1..10] of Real;
b : array [1..50] of Char;
c : array [-3..4] of String;
массивлерди тәрийплеўдеги array сөзинен кейин квадрат қаўыста массивтиң улыўма элементлери санын анықлаўшы диапазон типке жатыўшы турақлы көрсетиледи. Оның биринши саны массив индексиниң биринши мәнисин билдирсе , екинши саны индекстиң кейинги мәнисин билдиреди. Of сөзинен кейин элементлердиң типин анықлаўшы сөз келеди. Массивтиң элементлериниң мәнисин анықлаў ушын оның индексинен пайдаланамыз, оның мәниси массив элементиниң тәртиби менен сәйкес келеди. Дурыс дүзилген программада индекс мәниси диапазоннан шығып кетпеўи тийис. Мәселен жоқарыдағы мысал ушын мына жазыўлар дурыс болса
a[1], b[38], c[0]
мына жазыўлар қәте болады
a[0], b[-1], c[38]
Object Pascal да бир типтеги массивлердиң ҳәмме эелементлерин биринен бирине мәнис бериў операторы арқалы бирден өткериўге болады. Мәселен:
var
a,b : array [1..5] of Single;
begin
а := b;
end.
Мәни бериў операторы орынланғаннан кейин а массивиниң бес элементи в массивиниң бес элементи мәнислерин алады. Бирақ, мына тәрийплеў
var
a: array [1..5] of Single;
b: array [1..5] of Single;
ҳәрқыйлы типтеги массивлерди көрсетеди, сонлықтан
а := b;
оператор қәте келтирип шығарады. Массивлер үстинде қатнас әмеллерин орынлаўға болмайды. Мынадай жазыўға болмайды
if а = b then ...
Еки массивти тек элементпе элемент салыстырыў мүмкин.Мәселен:
var
a,b : array [1..5] of Single;
eq : Boolean;
i : Byte;
begin
eq := True; for i := 1 to 5 do
if a[i] <> b[i] then
eq := False/if eq then
end.
Динамикалық массивлер
Delphi 4 версияда биринши мәрте динамикалық массивлер түсиниги киритилди. Бундай массивлерди тәрийплеўде индекслер шегарасын көрсетиў керек емес:

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling