Рис. 8.1. Пример структуры программы
Procedure A; Procedure Al;
begin
end {A1};
Procedure A2;
begin
end {A2};
begin {A}
end {A};
Procedure B;
Procedure Bl;
begin
end {Bl};
, Procedure B2;
Procedure B21;
Ҳ.т.б.
Бир бириниң ишине жайласқан подпрограммаларда өзгериўшилер ҳәм турақлылар локалласқан болады. Мәселен жоқарыдағы мысалда тийкарғы программадан А ҳәм В подпрограммаларын шақырыў мүмкин, бирақ А1, А2, В1 подпрограммаларын шақырыўға болмайды. Подпрограмманың өзинде дағазаланған ҳәрбир идентификатор уникал болып подпрограмманың аты менен бир болмаўы керек. Подпрограмманың ишинде жайласқан төменги дәрежедеги подпрограммаға киргенимизде оның ишинде дағазаланған атлар менен биргеликте жоқары дәрежедеги подпрограммадағы атларды пайдаланып шақырыў мүмкин. Ҳәрбир подпрограмма өзин де шақырыўына болады ҳәм оны рекурсия деп атайды.
Мына мысалды қарайық:
var V1 : ... ;
Procedure A;
var V2 : ...;
end {A};
Procedure В;
var V3 : . . . ;
Procedure B1;
var V4 : . . . ;
Procedure В 11;
var V5;
B11 процедурасынан v1,...,v5 өзгериўшилерин, в1 процедурасынан v1,...,v4 өзгериўшилерин, бас программадан тек ғана v1 өзгериўшисин пайдаланыўға болады. .
ВИЗУАЛ ПРОГРАММАЛАСТЫРЫЎ ТИЙКАРЛАРЫ
Delphi де программаластырыў еки процесстиң тығыз өзара ҳәрекети менен дүзиледи: программаның визуал көринисин конструкциялаў процеси (яғный оның Windows-айнасы) ҳәм бул айнаның элементлерине программада керек уазыйпаны бериўши кодты жазыў процеси. Код жазыў ушын код айнасы, программаны конструкциялаў ушын Delphi диң басқа айналары, әсиресе-формалар айнасы пайдаланады.
Код ҳәм форма айналарының тәркиби арасында тығыз байланыс болады. Бул, формаға компоненттиң жайластырылыўы программа кодының автомат түрде өзгериўине алып келеди ҳәм керисинше автомат түрде қойылған код фрагментлериниң өширилиўи сәйкес компонентлердиң өширилиўине алып келетуғынын аңлатады. Программистлер дәслеп гезектеги компонентти жайластырып форманы конструкциялайды, соң керек деп тапса ислеп турған программада компоненттиң талап еткен жағдайын тәмийнлейтуғын код фрагментин жазады. Сонлықтан биз Delphi ди үйрениўде программаластырыўды формадан баслаймыз.
Do'stlaringiz bilan baham: |