Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги
Download 1.38 Mb.
|
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев
- Bu sahifa navigatsiya:
- Delphi ди сазлаў
- Delphi де атлар
БОС ФОРМА ҲӘМ ОНЫҢ МОДИФИКАЦИЯСЫDelphi де жаңа программа менен ислеп баслағанда дәслеп оның Windows та нормал уазыйпа орынлаўын тәмийнлейтуғын минимал код жаратылады. Солай етип, әпиўайы программа File | New | Application опциясын таңлағаннан соң дәрриў таяр болады ҳәм биз программаны иске қосыўымыз мүмкин. Буған шекем еки әҳмийетли нәрсе: жеке каталог ашыў ҳәм Delphi ди керегинше сазлаў керек. Delphi ди сазлаў Бул лекцияда келтирилген программаластырыў пакетлери менен ислеў процессинде формалар ҳәм модуллер көплигин жаратыў керек болады. Бул мағлыўматларды бөлек папкада дискли файллар түринде сақлаған қолайлы. Бул папкада ҳәр бир программа ушын өзиниң ишки папкасын жаратыў керек. Сонда, әҳмийетли программа ушын дискте орын ажыратыў ушын сизге тийкарғы папканы жоқ етиў, ал қандайда бир оқыў программасын биреўге бериў ушын – дискетке cол ишки папканы көшириў жекиликти болады. Мысалы, my_delph атқа ийе папка, ал онда сизиң биринши программаңыз ушын ишки папка жаратың. Папка ушын pgm_1 деп ямаса соған уқсас ат қойған мақул. Екинши биз Delphi орталығының стандарт сазланыўына өзгерис киритиў ушын не ислеўимиз керек. Бул, Delphi орталығы дискте сиз жаратқан программаның соңғы версиясын автомат түрде сақлаў ушын керек. Tools | Environment options меню опциясы таңланады. Диалог айнада preferences бети болады. Шеп жоқары мүйеште Autosave | Options топарында Editor Files ҳәм Desktop өткериўши болады. Бул өткериўши иске қосылса программаның код айнасы текстине ҳәм Delphi айналарының улыўма жайласыўына автосохранение бериледи. Компиляция изинен бақлаў ушын Compiling and Running топарында Show Compiler progress өткергишин иске қосыў керек. Жәнеде программа кодында комментарийларды-программа жумысына тәсир етпейтуғын, бирақ текстти түсиниклирек ететуғын фрагментлерди сақлаў пайдалы. Комментарий рус тилинде пайдаланатуғын болса, программа кодын сүўретлеў ушын сәйкес шрифт таңланады. Delphi редакторында Courier New шрифти стандарт турады. Онда кирилл символлары болмайды. Бул жағдайда Tools | Editor options опциясының Display бетиниң Editor Font қатарында Courier New Cyr таңланады (алдынғы версияларда Display бети Tools | Environment Options айнасында болады). Енди программаны иске түсириў ушын барлығы таяр. Мыщь пенен бас айнада кнопкасы шертилип, F9 басылады: усылай етип Delphi-программа избе-из өз циклында этапты – компиляция, компановка, орынланыў бас этапларын өтеди. Компиляция этабында код айнада Object Pascal тилинде таярланған программа текстин машиналы инструкциялар избе-излигине аңлатыў иске асырылады, компановка этабында оған керек жәрдемши программалар жалғанады, ал орынланыў этабында таяр программа оператив ядқа жүкленеди ҳәм оған орынланыў бериледи. F9 басылса Delphi Unit1 модули ушын файл атын ҳәм ол жайласқан папканы көрсетиўди сорайтуғын Save Unit1 As диалог айна пайда болады. Delphi стандарт түрде модуль файлын ҳәм проектти BIN системалы папкасына жайластырыўды усынады. Delphi де атлар Delphi рус, француз, китай ҳәм қандай болсада латын алфавитинен басқа символларды пайдаланатуғын алфавитти танымайды. Атлар цифр ҳәм белгилер менен басланыўы, сондайақ пробел мүмкин емес. Атлар бирнеше сөзден ибарат болыўыда мүмкин емес. 8 символдан артық болмаған қысқартылыў – бул Delphi диң 1-версиясының шеклеўи. Бул версия узын атларды қабылламай туғын Windows З.х тиң басқарыўы астында ислеўге есапланған. Егер сиз Delphi 32 пенен ислесеңиз (яғный 2 ден 6 ға шекемги қәлеген версия), атларды қысқартпаўыңызға болады ҳәм my_first_unit деп ямаса ҳәтте moy_pervij_modul деп жазыўыңызға болады, себеби бул версиялар файлларға узын атларды пайдаланыўға мүмкиншилик беретуғын заманагөй 32-разрядлы операцион системаларға арналған. Download 1.38 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling