Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги


Download 1.38 Mb.
bet20/24
Sana01.03.2023
Hajmi1.38 Mb.
#1239711
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   24
Bog'liq
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев

Форма қәсийетлериниң өзгериўи
Модуль не екенлигин анықлайық. Модуль жаңа форма жаратқанда барлық ўақытта жаратылады. Delphi программасын компиляциялаўда ҳәр бир модуль ушын pas, dfm, ocu кеңейтпелерине ийе файллар жаратылады: pas-программа коды айнасынан текст нусқасын сақлаўшы файл, dfm-кеңейтпели файлда формалар айнасы дүзилисиниң сүўретлениўи сақланады, ocu-файлда еки файлданда тексттиң машиналы инструкцияға айландырылыў нәтийжеси сақланады. оcu файллары компилятор менен жаратылады. Оларды exe кеңетпели орынлаўшы файлда аңлататуғын компоновщик жумысы ушын керек базаны береди.
Программа айнасының заголовкасын өзгертейик. Айна форма менен сәйкес түседи: Form1. Заголовканы өзгертиў ушын объектлер инспекторы айнасын пайдаланамыз. Form1 программа айнасын жабамыз. Объектлер инспекторы айнасынан Caption (Заголовок) да мыщты шертемиз. Енди бул қатардың Form1 текстли биринши колонкасы рең менен белгиленген ҳәм белгиленгеннен оң жағында текстли өшип-жанып турыўшы курсор көринеди. Клавиатураны кириллицаны киритиў режимине өткеремиз ҳәм «Моя первая программа» деп киритемиз, соң F9 ды басамыз. Программа «Моя первая программа» заголовкасына ийе айнаны жаратады.
Солай етип, Объектлер инспекторы айнасы қатарында әпиўайы өзгерис пенен биз әҳмийетли, программа айнасының қәсийетлеринен бирин-яғный заголовкасын өзгерттик. Форманың қәлеген басқа қәсийетин усылай етип өзгертиўге болады.

ЖАҢА КОМПОНЕНТТИ ЖАЙЛАСТЫРЫЎ


Формаға жаңа компонент жайластырыў қыйыншылық туўдырмайды. Буның ушын дәслеп компонентлер политрасынан компонент таңлап, оның шеп жоқары мүйеши жайласыўы керек болған жерде форма кеңислигиниң жумыс точкасынан мыщты шертиў керек.
Программа айнасына жазыўлардың ҳәр қыйлы түрлерин жайластырыўға арналған Label (Метка) компонентин қосыўды көрейик. Компонентлер политрасында Standard бетин таңлап, кнопканы мыщь пенен шертиў керек (бул кнопка компонентлер политрасында Label компонентин сүўретлейди). Енди формаға мыщты сондай етип шертиў керек, компонентлер форманың орайынан жоқарырақ ҳәм шеп жақта жайласыўы керек. Формада компоненттиң дәслепки өлшем ҳәм жағдайларын мыщь пенен өзгертиў аңсат, сонлықтан сүўреттегидей уқсаслыққа ийе болыў шәрт емес.
Жаңа компонент Label1 стандарт атқа ийе болады ҳәм ондағы жазыўда усы ат пенен болады. Бул жазыўды өзгертиў ушын: объектлер инспекторы айнасында Caption қатары жәрдеминде жазыў киритемиз: мен Delphi де программаластыраман. Жаңа жазыў киритилгеннен формадағы компонент түри өзгерип баслайды.
Жазыўды рең менен белгилеп, оның шрифтын ирилеў қыламыз. Бул ушын объектлер инспекторы айнасында Font қәсийети бойынша мыщты шертип ҳәм қатардың оң жағындағы кнопка жәрдеминде шрифтты сазлайтуғын диалог айнаны ашамыз. Бул айнаның Size (Размер) дизиминде 24 пункттеги шрифт бийиклигин таңлаймыз (24 пункт-9 мм ден үлкенлеў шрифт), ал Color (Цвет) дизиминен керек реңди таңлап, ОК кнопкасы менен айнаны жабамыз.
Delphi форманы проектлеў этабындада компонентлер қәсийетлериниң қәлеге өзгерисин визуал иске асыра алады. Қара туўрымүйешлик пенен жийекленген жазыўдың ишинен мыщты басып ҳәм оның шеп кнопкасын жабермей турып, көрсеткишти айна орайының шеп жағына жайласқанша сүйреп, соң мыщты жибериў керек. Усылай етип компонентти форма бойынша керек жағдайға ерискенше сүйреўге болады.
Жийекленген қара квадратлар жәрдеминде компонент өлшемин өзгертиўге болады. Бирақ көринип туратуғын компонентлер [ Delphi де көринетуғын ҳәм көринбейтуғын компонентлер пайдаланады. Көринбейтуғын компонентлер программаны ислетиў ўақтында визуаль сүўретлениўге ийе болмайды.] Left (Слева), тор (Сверху), width (Ширина) ҳәм Height (Высота) қәсийетлерине ийе болады.
Delphi де Left ҳәм Тор мәнислери компонентти форма бойынша сүйрегенде мыщь көрсеткиши жанында кишигирим айнада автомат түрде пайда болады.

Download 1.38 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   24




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling