Өзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги
Download 1.38 Mb.
|
Д И С С Е Р Т А Ц И Я Шхиев
- Bu sahifa navigatsiya:
- OnClick ўақыясын ислеўши
Ўақыяларға реакция
Ҳәр бир компонент қәсийетлерден тысқары ол жуўап қайтаратуғын ўақыялар топламы мененде характерленеди. Форманың модификациясы Программаға модернизация өткерейик: оған бир компонент-кнопка-қоямыз ҳәм ўақыяға жуўап бериўин талап етемиз. Кнопка компоненти компонентлер политрасының Standard бетинде пиктограмма болып сүўретленеди. Бул компонентти форманың ортасына ҳәм белгиден төменге жайластырамыз. OnClick ўақыясын ислеўши Ислеп турған программада мыщь шертилсе OnClick ўақыясы пайда болады. Программаның кнопканы басыўға жуўап қайтарыўын талап етиў Object Pascal тилинде ўақыяны ислеўши деп аталатуғын программа фрагментин жазыўымыз керек. Бул фрагмент, кнопка басылғанда программа не ислеўи кереклигин программист көрсетиўи керек болған текстли қатарлар избе-излигине ийе болыўы керек. Фрагмент Object-Pascal тилиниң арнаўлы подпрограммасы-процедура түринде таярланады. Delphi ге OnClick ўақыясын ислеўшиниң процедурасына таярлаўды ислетиў ушын еки мәрте избе-из мыщты жаңа компонентке шертиў керек. Бунда Delphi код айнасын активлендиреди ҳәм онда төмендегише текстли фрагмент болады: procedure TFormI.ButtonlClick(Sender: TObject); begin end; Ол неден ибарат екенлигин анықлап көрейик. Procedure сөзи процедура-подпрограммасының басланыўы ҳаққында компиляторды мәлимлейди (Delphi де сондайақ функция-подпрограммасы пайдаланады; бул жағдайда рrocedure сөзиниң орнына function сөзи пайдаланады). Соң TForm1.ButtonlClick аты келеди. Бул ат қурамалы: ол TForm1 класы атынан ҳәм Button1Click процедурасы жеке атынан турады. Delphi де класслар деп программалардың функционал жуўмақланған фрагментлерине айтылады. Программист класс жаратып атырып оның экземплярын сол программаның ҳәр қыйлы орынларына ямаса ҳәр қыйлы программаларға қосыўы мүмкин. Бундай усыл программаластырыўдың максимал жоқары өнимдарлығын береди. Delphi қурамына Borland корпорациясының программистлери жаратқан бирнеше жүзлеген класслар киреди. Стандарт класслар жыйындысы бул программаластырыў системасының жақсы мүмкиншиликлерин анықлайды. Ҳәр бир компонент қатаң анықланған классқа киреди, ал формаға қойылған анық компонентлер экземплярлары санлы индекс пенен толтырылған класслар атын алады. Delphi де пайдаланыўы бойынша класслар Т ҳәриби менен басланады. Солай етип TForm1, TForm стандарт класы үлгиси бойынша жаратылған класс атын билдиреди. Код айнасында текст басында төмендеги қатарлар болады: Download 1.38 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling